Ҳүрметли Владимир Владимирович!

Ҳүрметли мәмлекет басшылары!

Шанхай бирге ислесиў шөлкеми саммитиниң барлық қатнасыўшыларын  шын жүрегимнен қутлықлайман.

Россия Федерациясы Президенти Владимир Владимирович Путинге бул ушырасыўымызды шөлкемлестиргени ушын қызғын миннетдаршылық билдиремен.

Россияның ШБШдағы басшылығы пандемия себепли жүзеге келген барлық қыйыншылықларға қарамастан оғада нәтийжели болғанын айрықша атап өтпекшимен.

Бүгин көрип шығыў ушын таярланған ҳүжжетлер, сөзсиз, Шөлкемимиздиң роли ҳәм халықаралық абырайын буннан былай да беккемлеўге хызмет етеди.

Ҳүрметли Садир Нурхожаевич Жапаровты саммитимизде көрип турғанымнан қуўанышлыман.

Өзбекстан туўысқан Қырғызстанның ең жақын қоңсысы ҳәм стратегиялық шериги сыпатында мәмлекет халқының тыныш раўажланыў ҳәм абаданлыққа умтылыўын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлайды.

Биз, сондай-ақ, Таўлы Қарабақ конфликти  аймағындағы  оқ атыўды ҳәм барлық әскерий ҳәрекетлерди пүткиллей тоқтатыў ҳаққында Россия Федерациясының оператив жәрдеминде ерисилген келисимлерди жақлаймыз. Бул аймақта тыныш турмыс ҳәм турақлылық тез пурсатта тикленетуғынына үмит билдиремиз.

Ҳүрметли кәсиплеслер!

Бүгинги күнде ШБШ өз раўажланыўының принципиаллық жақтан жаңа басқышында турыпты.

Саўда-экономикалық қатнасықлардың кескин қысқарыўы, өндирис көлемлериниң азайыўы, жумыссызлықтың артыўына алып келген пандемия раўажланыўымыз пәтлерине оғада унамсыз тәсир көрсетпекте.

Соның менен бир қатарда, дүньяның айырым регионларында әскерий-сиясий жағдай кескинлесип атыр, миллетлераралық ҳәм  динлераралық  қарама-қарсылықлар күшеймекте.

Бул глобаллық қәўип-қәтерлерди жақсы қоңсышылық, тең ҳуқықлылық, өз-ара  исеним ҳәм мәплерди есапқа алыў бағдарында қәлиплескен дәстүрлеримизди сақлаў ҳәм байытыў жолы менен ғана жеңип өтиў мүмкин.

Бүгинги күнде улыўма байлығымыз болған қәдириятлар – биргеликте раўажланыўға умтылыў, мәдениятлардың ҳәр түрлилигине ҳүрмет, көп тәреплеме бирге ислесиўдиң айрықша тәжирийбесин өзинде жәмлеген «Шанхай руўхын» беккемлеў ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли болып есапланады.

Ҳәр биримиз күшли болған жағдайда ғана ШБШ да күшли болады.

Оның ушын бир-биримизди қоллап-қуўатлаўымыз, күн тәртибимиздеги тийкарғы мәселелерге биргеликте шешим излеўимиз, айрықша, үлкен әҳмийетке ийе.

Бүгин тап усындай қатнас жасаў Евроазия мәканында қәўипсизлик ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеўдиң баслы шәртине айланбақта.

Бул мәмлекетлеримиз халықларының мәплери ҳәм әрман-нийетлерине  сәйкес болып есапланады.

Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!

ШБШның әҳмийетли ўазыйпалары бойынша көзқарасымызға қысқаша тоқтап өтиўге руқсат еткейсиз.

Бириншиден. Экономика тараўындағы бирге ислесиўди күшейтиў мәселелери айрықша итибарды талап етпекте.

Бизиң тийкарғы мақсетимиз – саўда-экономикалық қатнасықлар ҳәм санаат кооперациясын жанландырыўдан ибарат.

Буған ерисиўдиң ең нәтийжели усылы өз-ара саўдадағы тосқынлықларды сапластырыў, бажыхана тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў, оларды үйлестириў ҳәм санластырыў, мәмлекетлеримиз арасындағы электрон коммерцияны раўажландырыў, өз-ара инвестицияларды әмелге асырыўдан ибарат болып есапланатуғынлығына исенемен.

Пандемия шараятында саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық қатнасықларымызды раўажландырыўға жаңа, соның ишинде, «стандарт емес» қатнасықларды биргеликте ислеп шығыўды усыныс етемен.

Бул бағдарламалар Саўда-экономикалық бирге ислесиў бағдарламасын әмелге асырыў бойынша ШБШ режесиниң тийкары болыўы зәрүр.

Азық-аўқат қәўипсизлиги тараўындағы бирге ислесиў бағдарламасын әмелге асырыў бойынша анық илажларды ислеп шығыў айрықша турмыслық әҳмийетке ийе.

Сондай-ақ, мәмлекетлеримиз исбилермен топарлары арасында Санаат кооперациясын хошаметлеў бағдарламасын қабыл етиў тәрепдарымыз.

Екиншиден. Пандемия санластырыў процесин тезлестирди. Мәлимлеме технологиялары экономикалық өсиў «драйвери»не айланып бармақта.

Өз-ара келисилген оқыў бағдарламалары тийкарында халықты оқытыў, тараў қәнигелерин таярлаўға қаратылған ШБШның санлы саўатлылықты раўажландырыў бағдарламасын ислеп шығыўды усыныс етемен.

Усы саммиттиң Санлы экономика тараўындағы бирге ислесиўге байланыслы  билдириўи бүгин өз ўақтында қабыл етилмекте, деп есаплаймыз.

Үшиншиден. Бүгинги шараятта биргеликтеги ҳәрекетлерди халықтың мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлаў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыўға бағдарлаў  әҳмийетли болып есапланады.

Бул бағдардағы бирге ислесиўимизди муўапықластырыў масқетинде кәмбағаллыққа қарсы гүресиў ушын жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар басшыларының мәжилислерин өткериў механизмин жаратыў зәрүр, деп есаплайман.

ШБШға ағза мәмлекетлердиң усы бағдардағы бирге ислесиў бағдарламасын ислеп шығыў, сондай-ақ, оны әмелге асырыў бойынша келисилген илажларды ислеп шығыў ушын Өзбекстанда халықаралық форум өткериўди усыныс етемен.

Бул басламаны әмелге асырыўда Қытай Халық Республикасының табыслы тәжирийбеси пайдалы болытуғынына исенемен.

Төртиншиден. Мәмлекетлеримизде  халықтың денсаўлығына қәўип туўдырып атырған  жаңа қәўип-қәтерлерге биргеликте қарсы гүресиў көлемин кеңейтиў оғада үлкен әҳмийетке ийе.

Бүгин адамзат бурын мәлим болмаған инфекцияларға дус келмекте. Оларға  қарсы гүресиў күнделикли турмысымыздың  бир бөлегине айланбақта.

Усы мүнәсибет пенен бүгинги саммитте Эпидемияның қәўиплерине қарсы гүресиў бойынша қоспа илажлардың комплексли режеси қабыл етилиўин хошаметлеймиз.

Оның әмелге асырылыўын тәмийинлеў, қәўипли жуқпалы кеселликлердиң тарқалыўы ҳаққындағы мәлимлеме менен нәтийжели алмасыўды жолға қойыў әҳмийетли болып есапланады.

Мәмлекетлеримиздиң тараўға қәнигелескен емлеўханалары арасында нәтийжели бирге ислесиўди жолға қойыў масқетинде Эпидемияға алып келетуғын кеселликлерге қарсы гүресиў бойынша медицина мәкемелери тармағын жаратыўды усыныс етемиз.

Бул тармақ шеңберинде жуқпалы кеселликлерди диагностикалаў, профилактикалаў ҳәм емлеў бойынша тәжирийбе алмасыў, врачлардың биргеликтеги  топарларының жумысын шөлкемлестириў ҳәм оларды таярлаўға қаратылған өз-ара пайдалы жойбарларды әмелге асырыў мүмкин.

Пурсаттан пайдаланып, барлық шериклеримизге, бәринен бурын Россия ҳәм Қытайға коронавирус инфекциясына қарсы гүресиўде көрсетилген үлкен жәрдеми  ушын миннетдаршылық билдиремен.

Пандемия шараятында денсаўлықты сақлаўға жаңа аралықтағы технологияларды енгизиў зәрүрлиги де артып бармақта.

Усы мүнәсибет пенен Телемедицина тараўындағы бирге ислесиў концепциясын ислеп шығыўды мақсетке муўапық, деп есаплаймыз.

Концепцияда врачларды кең түрдеги кеселликлерди емлеўде телемедицина усылларын ийелеў ушын оқытыў және усы тараўдағы алдынғы тәжирийбе алмасыўды  нәзерде тутыў әҳмийетли.

Бесиншиден. Бүгинги шараятта терроризм, экстремизм ҳәм наркобизнес қәўиплери тек азайып емес, ал күшейип, жаңа түрлерге ийе болмақта.

Жасларды жаллаў ҳәм радикалластырыў, терроршыларды қаржыландырыўда мәлимлеме технологиялары, социаллық тармақлардың роли артып бармақта.

Сол көзқарастан, ШБШның Регионаллық антитеррор структурасын Шөлкемимиз мәканында қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша принципиал жақтан жаңа ўазыйпаларды шешиўге бейимлестириў зәрүрлиги артып бармақта.

Усы мүнәсибет пенен, ўәкилликли уйымлардың әмелий қарым-қатнасықларын бир неше мәрте көбейтиў, бирге ислесиўдиң жаңа механизмлерин ислеп шығыў зәрүр, деп есаплаймыз.

Бул жағдайды турақлы додалаў, соның ишинде, мәлимлеме мәканындағы қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў бағдарындағы қоспа илажларды келискен ҳалда әмелге асырыў әҳмийетли.

ШБШ регионында тынышлық ҳәм турақлылықты беккемлеўге қосатуғын улыўма үлесимиз ақырғы нәтийжеде усыған байланыслы.

Жоқарыда атап өтилген, барлық бағдарларда бақлаўшы мәмлекетлер, қарым-қатнас бойынша шериклер ҳәм халықаралық шөлкемлер менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди жеделлестириўди усыныс етемиз.

Ҳүрметли мәмлекет басшылары!

Бүгин Аўғанстанда узақ күтилген тынышлыққа ерисиў бойынша тарийхый  имканиятты қолдан жибермеў ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли болып есапланады.

Бул мәмлекеттеги қәўипсизлик ҳәм тынышлық мәселесине пүткил ШБШ регионының турақлылығы ҳәм экономикалық раўажланыўын тәмийинлеўдиң әҳмийетли қурам бөлеги сыпатында қаралыўы зәрүр.

Халықаралық жәмийетшилик, соның ишинде, ШБШ мәмлекетлериниң ҳәрекетлери себепли Аўғанстанда келиспеўшиликти тыныш жол менен сапластырыўда үмит бағышлаўшы перспективалар көзге тасланбақта.

Тынышлыққа ерисиў, Аўғанстан халқына экономикалық жәрдем көрсетиў жолындағы унамлы умтылысларды қоллап-қуўатлаў ушын ҳәрекетлерди  бирлестириў үлкен әҳмийетке ийе.

Аўғанстанның регионаллық саўда-экономикалық процесслерге тартылыўы да бул мәмлекеттиң тыныш ҳәм турақлы раўажланыўына хызмет ететуғынына исенимим кәмил.

Усы мүнәсибет пенен, «ШБШ – Аўғанстан» қарым-қатнас топары шеңберинде Аўғанстанның социаллық-экономикалық тиклениўине жәрдем бериў бойынша әмелий илажлардың режесин тез пурсатта ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў тәрепдарымыз.

Аўғанстанға оның Орайлық ҳәм Қубла Азияны байланыстырып туратуғын көпир сыпатындағы тарийхый ролин қайтарыўға хызмет ететуғын транспорт жолларын қурыў басламалары ШБШның барлық мәмлекетлери ушын жаңа перспективалар ашады.

Усы ҳәм басқа да мәселелерди 2021-жыл апрель айында Ташкентте өткерилетуғын «Орайлық ҳәм Қубла Азия: регионаллық өз-ара байланыслылық. Қәўип-қәтерлер ҳәм имканиятлар» халықаралық конференциясында додалаўды усыныс етемиз.

Соның менен бир қатарда, келеси жылы, Шөлкемимиздиң 20 жыллығы алдында «ШБШның заманагөй халықаралық қатнасықлар системасындағы роли» халықаралық конференциясын өткериў усынысын алға қоймақшыман.

Ҳүрметли делегациялардың басшылары!

Тәжикстан Президенти Эмомали Шарипович Раҳмонды ШБШдағы басшылықты қабыл еткени менен қутлықлаўға және бул мақтанышлы ҳәм жуўапкершиликли ўазыйпаны орынлаўда үлкен табыслар тилеўге руқсат еткейсиз.

Итибарыңыз ушын рахмет.

 

ӨзА