Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиеёв 10-ноябрь күни Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлер басшылары кеңесиниң видеоәнжуман түринде өткен гезектеги мәжилисинде қатнасты.

Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң басшылығында өткен мәжилисте, сондай-ақ, Пакистан Ислам Республикасы Бас министри Имран Хан, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон, Қытай Халық Республикасының Баслығы Си Цзиньпин, Қырғыз Республикасы Президентиниң ўазыйпасын атқарыўшы, Бас министри Садир Жапаров, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Ҳиндстан Республикасының Бас министри Нарендра Моди қатнасты.

Буннан тысқары, саммит жумысында ШБШ жанындағы бақлаўшы мәмлекетлердиң ўәкиллери – Аўғанстан Ислам Республикасы Президенти Ашраф Ғани, Монголия Президенти Халтмаагийн Баттулға, Иран Ислам Республикасы Президенти Ҳасан Руҳаний, Беларусь  Республикасының Бас министри Роман Головченко және ШБШ Бас хаткери Владимир Норов ҳәм ШБШ Регионаллық антитеррор структурасы Атқарыўшы комитетиниң директоры Жумахон Ғиёсов қатнасты.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери Антониу Гутерриш саммит қатнасыўшыларына видеомүрәжат жоллады.

Ушырасыў күн тәртибине муўапық жаңа глобаллық қәўип-қәтерлердиң күшейиўи шараятында ШБШ шеңбериндеги көп қырлы бирге ислесиўди және де беккемлеў мәселелери додаланды.

Шөлкемге ағза ҳәм бақлаўшы статусындағы мәмлекетлер делегацияларының басшылары тийкарғы бағдарларда көп тәреплеме қатнасықлардың бүгинги жағдайын таллап, оларды раўажландырыў перспективаларын додалады, сондай-ақ, халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе әҳмийетли мәселелер бойынша пикир алысты.

Өзбекстан Республикасы Президенти шығып сойлер екен, Шанхай бирге ислесиў  шөлкеми өз раўажланыўының принципиаллық жақтан жаңа басқышта турғанлығын айрықша атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысы жақсы қоңсышылық, тең ҳуқықлылық, өз-ара исеним ҳәм мәплерди есапқа алыў дәстурлерин сақлаў ҳәм көбейтиўге шақырды. «Улыўма қәдириятымыз, биргеликте раўажланыўға умтылыўымыз, мәдениятлардың ҳәр түрлилигине ҳүрметимиздиң көриниси болған көп тәреплеме бирге ислесиўдиң айрықша тәжирийбеси – «Шанхай руўхын» беккемлеў бүгин ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли» екенин атап өтти.

Өз-ара қоллап-қуўатлаў, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми күн тәртибиндеги тийкарғы мәселелерге биргеликте шешим излеў кең Евроазия мәканында қәўипсизлик, турақлы раўажланыўды тәмийинлеўдиң бас шәрти сыпатында атап өтилди. «Ҳәр биримиз күшли болсақ ғана ШБШ да күшли болады».

Усы мүнәсибет пенен, Президентимиз тәрепинен Шанхай бирге ислесиў шөлкеми шеңбериндеги әмелий бирге ислесиўди және де раўажландырыўға қаратылған бир қатар әҳмийетли басламалар алға қойылды.

Атап айтқанда, пандемияның унамсыз ақыбетлерин жумсартыў мақсетинде ШБШның саўда-экономикалық бирге ислесиў, азық-аўқат қәўипсизлигин ҳәм санаат кооперациясын хошаметлеў  бойынша узақ мүддетли ҳүжжетлерин қабыл етиў арқалы саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық қатнасықларды күшейтиў усыныс етилди.

Мәмлекетимиз басшысы экономикалық өсиўди тәмийинлеўде мәлимлеме технологияларының роли артып баратырғанлығын атап өтип, жоқары маманлықтағы қәнигелерди таярлаў ҳәм халықты оқытыўға қаратылған ШБШның санлы саўатлылығын раўажландырыў бойынша бағдарламасын  ислеп шығыў усынысын алға қойды.

Өзбекстан басшысы кәмбағаллықты қысқартыў мәселелеринде жақыннан бирге ислесиўди жолға қойыўдың үлкен әҳмийетин айрықша  атап өтти. Шөлкем шеңберинде жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар басшылары мәжилислериниң механизмин жаратыў бойынша келисилген илажларды ислеп шығыў мақсетинде мәмлекетимиз халықаралық форум өткериўге таяр екенлиги билдирилди.

Президент Шавкат Мирзиёев ШБШның Эпидемия қәўиплерине қарсы гүресиў бойынша қоспа илажларының комплексли режеси тастыйықланғанын мақуллап, қәўипли инфекциялық  кеселликлердиң тарқалыўына қарсы бирге ислесиўди буннан былай да жеделлестириў, жуқпалы кеселликлер бойынша медицина  мәкемелери тармағын жаратыў, Телемедицина тараўындағы бирге ислесиў концепциясын ислеп шығыўды усыныс етти.

Мәмлекетимиз басшысы жаңа формаларда көринис берип атырған терроризм, экстремизм ҳәм наркобизнес  қәўиплерине қарсы гүресиў мәселелери Шанхай бирге ислесиў  шөлкеми итибарының орайында болыўы зәрүр екенлигин атап өтти.

ШБШның Регионаллық антитеррор структурасын шөлкем мәканында қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша принципиаллық жақтан жаңа ўазыйпаларды шешиўге бейимлестириў және ўәкилликли уйымлар арасындағы қарым-қатнасықларды және де көбейтиў буған хызмет етеди.

Өзбекстан Президенти саммит қатнасыўшыларын Аўғанстандағы тынышлық процесслерин ҳәм бул мәмлекетти регионаллық саўда-экономикалық қатнасықларға тартыўды қоллап-қуўатлаўға шақырды.

Усы мүнәсибет пенен «ШБШ – Аўғанстан» қарым-қатнас топары шеңберинде Аўғанстанның социаллық-экономикалық тиклениўине жәрдем бериў бойынша әмелий илажлар режесин тез пурсатта қабыл етиў усыныс етилди. Аўғанстанға оның Орайлық ҳәм Қубла Азияны байланыстырып туратуғын көпир сыпатындағы тарийхый ролин қайтарыўға хызмет ететуғын транспорт жолларын қурыў басламаларына айрықша итибар қаратылды.

Усы ҳәм басқа да мәселелер Өзбекстан басламасы менен 2021-жылдың апрель айында Ташкент қаласында өткерилиўи режелестирилген «Орайлық ҳәм Қубла Азия: регионаллық өз-ара байланыслылық. Қәўип-қәтерлер ҳәм имканиятлар» халықаралық конференциясының күн тәртибине киргизилиўи мүмкин.

Келеси жылы Шанхай бирге ислесиў шөлкеми 20 жасқа толады. Президентимиз бул әҳмийетли сәне алдында «ШБШның заманагөй халықаралық қатнасықлар системасындағы роли» халықаралық форумын өткериўди  усыныс етти.

Саммит жуўмағында ШБШға ағза мәмлекетлер басшылары кеңесиниң Москва декларациясы қабыл етилди және шөлкем шеңбериндеги өз-ара пайдалы көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиўге қаратылған ҳүжжетлер топламына қол қойылды.

Өзбекстанның басламасы менен саммитте ШБШға ағза мәмлекетлер басшыларының Санлы экономика тараўындағы бирге ислесиў ҳаққындағы билдириўи қабыл етилди.

ӨзА