Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 10-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Мәмлекетимиз басшысы 2-октябрь күни Қарақалпақстан Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз сессиясында аймақтың ҳәр бир қала ҳәм районын раўажландырыў, халықтың турмысын жақсылаўға қаратылған ўазыйпаларды белгилеп берген еди. Сол мақсетте жаңа раўажланыў бағдарламасын ислеп шығыў ушын 37 мың хожалық ҳәм исбилерменлик субъектлери үйренилип, әҳмийетли мәселелер анықланды.

Усы таллаўлар тийкарында Қарақлапақстан Республикасын  2020-2023-жыллары комплексли раўажландырыў бағдарламасы ислеп шығылды. Бағдарламаға муўапық, аймақтың инвестициялық тартымлылығын арттырыў мақсетинде жаңа исбилерменлик субъектлерине бир қатар салық жеңилликлери берилмекте. Буннан тысқары, раўажланыўдан артта қалып атырған Тахтакөпир, Бозатаў, Шоманай районлары және шараяты аўыр 45 мәҳәлле ҳәм аўылларда санаат ҳәм хызмет көрсетиў бағдарында жаңадан шөлкемлестирилген қәрханалар да жеңилликлерге ийе болмақта.

Видеоселектор мәжилисинде усы бағдарламада белгиленген илажлардың орынланыўын системалы шөлкемлестириў мәселелери көрип шығылды.

Атап айтқанда, 17 район ҳәм қаланың өзине тән «өсиў ноқат»ларынан келип шығып,  2020-2022-жыллары улыўма баҳасы 12 триллион 300 миллиард сум болған 1 мың 359 инвестициялық жойбар қәлиплестирилген. 523 миллион долларлық тиккелей сырт ел инвестицияларын өзлестириў, дерлик 20 мың жаңа жумыс орынларын жаратыў мөлшерленген.

Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигине «шийки заттан таяр өнимге шекем» системасында ислеўши 27 санаат кластерин шөлкемлестириў бойынша көрсетпелер берилди.

Бағдарламада аўыл ҳәм суў хожалығы бойынша да бир қатар ўазыйпалар белгиленген. Пахта жетистириў бийкар етилип атырған 12 мың гектар майданда экспортқа қолайлы овощ егинлерин жайластырыў, пайдаланыўдан шыққан 36 мың гектар жерди қайта өзлестириў, «Қарақалпақ-агро» еркин экономикалық зонасын шөлкемлестириў солардың қатарына киреди. Гүнжи жетистириў ҳәм нәсилли қарамаллардың санын көбейтиў, Хожели районын шарўашылық ҳәм мийўе-овощқа қәнигелестириў нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, жылына 2,5 миллиард куб метр суўды үнемлеў илажлары көриледи. Оның ушын 14 мың 200 километр каналларды оңлаў, 45 мың гектар егислик майданда суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў, суў ажыратыў орынларында есаплағышлар орнатыў, 38 мың гектар майданды лазер жәрдеминде тегислеў жүдә әҳмийетли.

Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Суў хожалығы министрлигиниң бул бағдардағы ўазыйпалары атап өтилди.

Бағдарламада социаллық-экономикалық раўажланыў дәрежеси салыстырмалы төмен болған Тахтакөпир, Бозатаў, Шоманай районлары бойынша айрықша илажлар нәзерде тутылған. Атап айтқанда, бул районларда өндирислик ҳәм социаллық инфраструктураны жақсылаў ушын 2021-2023-жыллары 409 миллиард сумлық 172 жойбардың әмелге асырылыўы белгиленген.

Сондай-ақ, шараяты аўыр 45 мәҳәлле ҳәм аўылда улыўма баҳасы 2 триллион 340 миллиард сум болған 150 жойбар әмелге асырылады. Бул жойбарларға берилетуғын кредитлердиң процент қәрежетлери Орайлық банк тийкарғы процент ставкасының 50 проценти муғдарында Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў қорынан компенсация етиледи.

Мәмлекетимиз басшысы жаңа кәрханалар шөлкемлестирип, халықты жумыс пенен тәмийинлеў, шаңарақларды кәмбағаллықтан алып шығыўға жәрдемлесиў зәрүр екенлигин атап өтти.

Мәжилисте Қарақалпақстанның район ҳәм қалаларының көринисин жаңалаў, жоллар ҳәм турақ жайлар қурыў мәселесине айрықша итибар қаратылды.

Кейинги 3 жылда 856 километр автомобиль жолларын қурыў ҳәм оңлаў, 2 мың 500 километр ишимлик суўы тармақларын қурыў есабынан тәмийнат дәрежесин 70 процентке жеткериў мақсети атап өтилип, жуўапкерлер бириктирилди. 7 мың квартиралы 235, жас шаңарақлар ҳәм кем тәмийинленген халық ушын 2 мың 84 квартиралы 36 көп қабатлы турақ жайлардың қурылатуғыны айтылды.

Нөкис қаласын реновациялаў, заманагөй инфраструктура объектлерин қурыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар көрип шығылды.

Денсаўлықты сақлаў тараўы ҳаққында сөз болып, аўыллық врачлық пунктлерин ҳәм шаңарақлық поликлиникаларды толық санластырыў, медицина бригадаларын шөлкемлестирип, халықты скрининг тексериўлерден өткериў бойынша көрсетпелер берилди. Мектеплерде сабақларды жаңа методика тийкарында шөлкемлестириў, педагоглардың сол бойынша қәнигелигин арттырыў ўазыйпасы қойылды.

– Улыўма алғанда, Қарақалпақстанда жумысларды жаңа түрде шөлкемлестириў ҳәм қадағалаў системасы орнатылады. Оның ушын Олий Мажлис Сенатында Аралбойы регионын раўажландырыў, халықтың турмысын жақсылаў ҳәм дәраматларын арттырыў бойынша жаңа комитет шөлкемлестирилди, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәжилисте жуўапкерлер бағдарламаның орынланыўын тәмийинлеў илажлары бойынша мәлимлеме берди.

 

ӨзА