Қәдирли дослар!

Бәринен бурын, өз өмирин халықтың саламатлығын сақлаўдай оғада жуўапкершиликли ҳәм мақтанышлы жумысқа бағышлаған сиз, әзизлерди кәсиплик байрамыңыз бенен – Медицина хызметкерлери күни менен шын жүрегимнен қызғын қутлықлап, ҳәммеңизге өзимниң терең ҳүрметим ҳәм жақсы тилеклеримди билдириўден қанаатланаман.

Халқымыз сизлерди дүньядағы ең уллы кәсип ийелери, муқаддес антына садық, өз жумысына пидайы  инсанлар деп биледи ҳәм машақатлы мийнетиңизди жоқары қәдирлейди.

Әсиресе, ҳәзирги қыйын пандемия шараятында шын мәнисинде денсаўлық сақшылары болып көзге тасланып атырғаныңыз ҳәр қандай  мақтаў ҳәм хошаметлерге ылайық болып есапланады.

Усы қәўипли кеселликке шалынған мыңлаған ўатанласларымыздың тәўир болып, шаңарағының қушағына қайтып атырғанында, әлбетте, сизлердиң бийтәкирар хызметлериңиз бар.

Пурсаттан пайдаланып, бул қыйын гүрестиң алдынғы қатарларында турып, өз өмириңизди қәўип-қәтерге қойып, мәртликтиң үлгисин көрсетип киятырған барлық медицина хызметкерлерине өз атымнан, пүткил халқымыздың атынан және бир мәрте терең миннетдаршылық билдиремен.

Ҳүрметли медицина хызметкерлери!

Биз өз алдымызға халқымызды ҳәр тәреплеме разы етиўдей уллы ўазыйпаны қойған екенбиз, бул мақсетке ерисиў жолында денсаўлықты сақлаў системасын жедел раўажландырыўға биринши дәрежели әҳмийет қаратпақтамыз.

Кейинги төрт жылда бул бағдарда сизлер менен бирге үлкен жумысларды әмелге асырдық. Бул дәўирде тараўға байланыслы 200ге шамалас нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет, соның ишинде, Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў системасын раўажландырыў концепциясы қабыл етилгенлигин атап өтиў зәрүр.

Елимизде басланғыш медициналық-санитариялық, тез медициналық жәрдем, қәнигелестирилген хызметлер жетилисип бармақта. Аналар ҳәм балалар өлиминиң алдын алыў, кеселликлерди ўақтында анықлаў, шаңарақларда саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, медициналық мәдениятты арттырыў, халықтың орташа өмир көриў дәрежесин созыў бойынша нәтийжелер қолға киргизилмекте.

Бизге белгили, 2020-жыл Өзбекстан денсаўлықты сақлаў системасы ушын бурын көрилмеген сынақ, соның менен бирге избе-из раўажланыў, жаңа тәжирийбе арттырыў жылы болды.

Тараўды раўажландырыў ушын мәмлекетлик бюджетттен 14,8 триллион сум ямаса 2019-жылға салыстырғанда 1,2 есеге көп қаржы ажыратылғаны, сондай-ақ, Инвестициялық бағдарламаға муўапық бул системаға 1,15 триллион сум қаржы қаратылғаны бар қыйыншылықларға қарамастан, үлкен жумысларды әмелге асырыў имканиятын берди. Соның ишинде, орайда ҳәм орынларда қысқа мүддетте емлеў-профилактика мәкемелери, карантин зоналары және таңлап-бөлистириў орайлары қурылды, Ташкент ўәлаятының Зангиата районында 4 мың орынлық көп тармақлы арнаўлы емлеўхана иске қосылды.

Өз ўақтында көрилген бундай илажларымыз бүгин унамлы нәтийже берип атырғанлығын айрықша атап өтиў зәрүр.

Соның менен бирге репродуктив жастағы ҳәм ҳәмиледар ҳаяллар және балаларға медициналық жәрдем көрсетиў сапасын арттырыў ҳәм көлемин кеңейтиў мақсетинде заманагөй медицина орайлары, атап айтқанда, Ташкент қаласында Екинши перинатал орай, алдынғы медициналық технологиялар менен  үскенеленген, жылына 1500 ден аслам қурамалы медициналық әмелиятты орынлаў имканиятын беретуғын Балалар миллий медициналық орайы пайдаланыўға тапсырылды.

Тараў хызметкерлериниң мийнетин мүнәсип хошаметлеў, айлық мийнет ҳақыларын көбейтиў, пандемия шараятында исленип атырған шыпакерлерге қосымша ҳақы төлеў бойынша жаңа система енгизилди.

Быйылғы жылы аўылларда 798 шаңарақлық поликлиника шөлкемлестирилип, оларда социаллық дәрихана, күни-түни ислейтуғын тез медициналық жәрдем шақапшасы ҳаяллар мәсләҳәтханалары, қызлар саламатлығы ханаларының жумысы жолға қойылғаны да әҳмийетли жумысларымыздың қатарына киреди. Сондай-ақ, акушер-гинеколог, хирург, стоматолог, терапевт, педиатр сыяқлы 5 бағдардағы тар тараў қәнигелериниң жумысын жолға  қойыў есабынан аўыл халқына тәжирийбели амбулаториялық жәрдем көрсететуғын система жумыс баслады.

Кейинги жылларда республикамызда қәнигелескен илимий-әмелий медициналық орайларының улыўма саны 18ге жеткерилди, аймақларымызда олардың 18 филиалы шөлкемлестирилди. Бул орайларда бүйрек ҳәм баўыр трансплантациясы менен байланыслы қурамалы операциялар өткерилмекте. Ҳәттеки ўәлаятларымыздың орайларында да ашық жүректе кардиохирургиялық операциялар әмелге асырылмақта.

Ҳәзирги ўақытта елимизде 5805 жекем меншик  медицина мәкемелери жумыс ислемекте. Олар медициналық хызметтиң сапасын арттырыў ҳәм хошаметлеў орталығын күшейтиўге хызмет етпекте. Ҳәзирги ўақытта 70 тен аслам жекем меншик медицина мәкемеси коронавирус инфекциясы бойынша лабораториялық хызметлерди көрсетиў, 25 усындай клиника болса  диагностика ҳәм емлеў менен шуғылланбақта. Жеке меншик секторды күшетиў бағдарындағы жумысларымыз бүгинги қыйын жағдайда өзин толық ақлап атырғанлығын атап өтиў зәрүр.

Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик системасы тийкарындағы медициналық объектлердиң саны да көбейип бармақта. Усы жылы улыўма баҳасы 51,4 миллиард сумды қурайтуғын 9 мәмлекетлик-жеке меншик шериклик және 187 аутсорсинг түриндеги жойбарлар әмелге асырылғаны да соннан дәрек береди.

Республикамызда Тез медициналық жәрдем раўажландырыў қорын шөлкемлестиргенимизден хабарыңыз бар. Қордың қаржылары есабынан Ташкент қаласы тез медициналық жәрдем станциясы 150 заманагөй «Форд» медициналық жәрдем автомашинасы менен тәмийинленди. Нәтийжеде мәмлекетимиз бойынша тез медициналық жәрдем автомашиналарының саны 2514 ке жетти. Ең әҳмийетлиси, бул системада хызмет сапасы жақсыланып бармақта.

Мәмлекетимизде биринши мәрте Гемодиализ хызметлери бойынша концепция ислеп шығылып, ҳәзирги күнде оны әмелге асырыўға кирисилди.

Және бир әҳмийетли мәселе – тараў ушын жоқары маманлықтағы кадрлар таярлаў бойынша  да әҳмийетли жойбарлар әмелге асырылмақта. Бул бағдарда 2020-жылы  медицина бағдарындағы жоқары оқыў орынларына қабыллаў квоталары бакалавриат басқышы ушын 27 процент, магистратура бағдарында 28 процент ҳәм клиникалық ординатура системасында 22 процентке  арттырылғаны ҳәм жаңа  қәнигеликлер бойынша кадрлар таярлаў жолға қойылғаны оғада үлкен әҳмийетке ийе болып есапланады.

Ҳәзирги ўақытта Германия, Италия, Россия, Корея Республикасы, Түркия, Беларусь, Украина сыяқлы мәмлекетлердиң жоқары билимлендириў мәкемелери менен биргеликте студентлер зәрүр қәнигеликлер бойынша биргеликтеги билимлендириў бағдарламалары тийкарында оқытылмақта.

Ҳүрметли тараў хызметкерлери!

Әлбетте, денсаўлықты сақлаў системасындағы барлық реформаларымыздың нәтийжеси бәринен бурын ҳүрметли шыпакер ҳәм мийирбийкелер, жасларға медицина сырларын үйретип атырған профессор-оқытыўшылар, илимий хызметкерлердиң пидайы мийнети, шеберлик ҳәм тәжирийбесине байланыслы екенин ҳәммемиз жақсы түсинемиз.

Медицина хызметкерлери күни алдында өткерилген үлкен әнжуманда сизлер менен бирге мәмлекетимиздиң денсаўлықты сақлаў системасын бүгинги күн талаплары тийкарында раўажландырыў, тараўдың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, кеселликлердиң алдын алыў, профилактикалық жумысларды күшейтиў, әсиресе, саламат турмыс тәризи принциплерин кеңнен енгизиў, диагностикалық ҳәм емлеў процесслерине санлы  технологиялар, инновациялық қатнасықларды енгизиў менен байланыслы ең әҳмийетли ўазыйпаларды белгилеп алдық.

Пүткил халқымыз қатары бүгинги аўыр сынақлардан мәртлик пенен өтип атырған, заманымыздың шын мәнисиндеги қаҳраманлары болған сиз, медицина хызметкерлери әне усындай жуўапкершиликли ўазыйпаларды  атқарыўда белсене қатнасып, ҳәммеге өрнек ҳәм үлги боласыз, деп исенемен.

Сизлердиң қыйын ҳәм уллы мийнетиңизди мүнәсип қәдирлеў, система ушын тәжирийбели кадрлар таярлаў, мәмлекетимиздиң денсаўлығын сақлаў тараўының бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми ҳәм сырт ел медицина орайлары менен әмелий бирге ислесиўди күшейтиў, телемедицинаны раўажландырыў мәселелери буннан былай да турақлы итибарымыз орайында болады.

Сизлерди қутлы кәсиплик байрамыңыз бенен және бир мәрте қызғын қутлықлап, ҳәммеңизге бахыт, шаңарақларыңызға қут-берекет тилеймен.

Қолыңыз дәрт көрмесин. Ҳәмийше саў-саламат болың, әзиз шыпакерлер!

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти

 

ӨзА