Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 6-ноябрь күни денсаўлықты сақлаў системасының басланғыш буўынын жетилистириў ҳәм халық арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў илажлары бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Мәжилис алдында аўыллық врачлық пунктлер ҳәм шаңарақлық поликлиникалар жумысындағы машқалалар талланды. 2019-жылғы өлимшилик жағдайларының 60 проценти усы буўында алдын алыў мүмкин жүрек-қан тамыр кеселликлериниң есабына туўра келген. Онкология бағдарындағы наўқаслардың ярымында кеселлик екинши ҳәм үшинши басқышқа өтип болғаннан соң анықланбақта. Басланғыш буўында сапа төмен болғаны ушын халық тиккелей орайлық емлеўханаларға барыўға мәжбүр болмақта.

Себеби шараят пенен талап, жумыс көлеми бир-бирине сай емес. Мәселен, аўыллық враялық пунктиниң улыўма әмелият шыпакерине 146 түрдеги кеселликке диагноз қойыў ҳәм емлеў, 213 түрдегисине дәслепки диагноз қойыў ҳәм жоллама бериў, сондай-ақ, реабилитация, диспансеризация ҳәм профиликтика бойынша жүдә көп ўазыйпалар жүкленген.

Сонлықтан мәмлекетимиз басшысы аўыллық врачлық пунктлери ҳәм шаңарақлық поликлиникалардағы медициналық хызмет системасы, шыпакерлер ҳәм орта медицина хызметкерлериниң ўазыйпалары менен функцияларын толық қайта көрип шығыў зәрүр екенин айтты.

Алдынғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында улыўма әмелият шыпакерин ҳақыйқый шаңарақлық шыпакерге айландырыў илажлары белгиленди. Оларға жәрдем бериў ушын терапия, педиатрия, акушерлик ҳәм потронаж бойынша медицина бригадалары шөлкемлестириледи. Бул бригадалар өзлерине бириктирилген шаңарақлар кесиминде «медициналық карта»лар қәлиплестирип, мәнзилли жумыс алып барады. Халықтың саламатлық жағдайы баҳаланып, электрон базасы жаратылады. Оның ушын медицина хызметкерлери планшет, мобиль диагностика қураллары менен тәмийинленеди.

5 жасқа шекемги балалар, ҳәмиледар, туўыў жасындағы ҳәм 35 жастан өткен ҳаяллар, 40 жастан асқан пуқаралар турақлы қадағалаўға алынып, скрининг тексериўлери өткериледи. Кеселликке бейим болғанлар индивидуал патронажға  алынады.

Буннан былай, бийпул медициналық жәрдем ушын жолламаны және бийпул тарқатылатуғын дәрилерге рецептти де шаңарақлық шыпакер береди. Мәҳәлледеги халықтың саламатлық көрсеткишлери, кеселликлердиң ерте анықланыўына қарап, шаңарақлық шыпакерлердиң мийнети хошаметленеди.

Жуўапкерлерге бул системаны қала ҳәм районларда басқышпа-басқыш енгизиў, медицина бригадаларын алдынғы тәжирийбе тийкарында қосымша оқытыў, шаңарақлық шыпакерлердиң жумысын баҳалаў нормаларын ҳәм хошаметлеў тәртибин ислеп шығыў бойынша тапсырмалар берилди.

Мәжилисте кадрлар мәселеси ҳәр тәреплеме көрип шығылды. Аўыллық врачлық пунктлер ҳәм шаңарақлық поликлиникаларда  20 мыңнан аслам шыпакер штаты бар, бирақ тек ғана 12 мың қәниге ислемекте. Себеби бүгинги күнде улыўмалық әмелият шыпакери кәсиби жоқары оқыў орынларының питкериўшилери ушын тартымлы емес. Хызметкерлерди хошаметлеў, маманлығын ҳәм лаўазымын арттырыўға итибар жоқ.

Сонлықтан Президент шыпакерлерге мүнәсип шараятлар жаратыў арқалы оларды ең төменги буўын – аўыллық врачлық пункт ҳәм шаңарақлық поликлиникаларға тартыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Оның ушын шетки аймақлардағы басланғыш буўын медицина системасы ушын «Аўыл шыпакери» бағдарламасы енгизиледи. Бул бағдарламаға муўапық алыс аймақлардағы басланғыш буўынға жумысқа кирген медицина хызметкерлерине 30 миллион сум муғдарында бир мәртелик ақшалай қаржы бериледи, олар хызмет үйи менен тәмийинленеди ямаса ижара төлеми компенсация етиледи.

Шыпакерлерге болған талапларды мәҳәллелер кесиминде анықлап, медицина жоқары оқыў орынларында квотаны арттырыў, ипотека тийкарында қурылып атырған турақ жайларды ең дәслеп басланғыш буўын шыпакерлери ушын ажыратыў бойынша көрсетпелер берилди.

Халықтың талабынан келип шығып, келеси жылы  100 аўыллық врачлық пункти ҳәм 24 шаңарақлық поликлиниканың шөлкемлестирилетуғыны белгиленди.

Сырдәрья ўәлаяты мысалында ҳәр бир буўын ўазыйпалары анық белгиленген, мәмлекет тәрепинен кепилликленген медициналық хызметлер ҳәм дәри қуралларының пакетлерин ислеп шығыў тапсырмасы берилди. Оны қаржыландырыў ушын мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлери енгизилип, өз алдына қор шөлкемлестириледи.

Шыпакерлер жумыс күниниң  60 процентин есабат толтырыўға жумсап атырғаны атап өтилип, бул процесслерди санластырыў ўазыйпасы қойылды.

Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң таллаўына бола, емлеў инсан саламатлығын тәмийинлеўдиң 10 процент факторы. Нәсиллик факторлар 15 процент, қоршаған орталық 20 процент, ең тийкарғысы, турмыс тәризи 55 процентти қурайды. Коронавирус кеселлиги де надурыс турмыс тәризи аўыр ақыбетлерге алып келетуғынын көрсетти.

-Дурыс аўқатланыў ҳәм физикалық белсендилик арқалы қаншадан-қанша кеселликлердиң алдын алыў, инсанлардың өмирин сақлап қалыў мүмкинлигин ҳәмме түсиниўи керек,-деди Президент.

Басланғыш буўын хызметкерлери халықты дурыс аўқатланыў ҳәм физикалық тәрбияға үйретиўи зәрүрлиги атап өтилди.

Анықланыўынша, 40 процент ҳаялларда фолий кислотасы ҳәм темир элементи жетиспеўи бақланбақта, 5 жасқа шекемги балалардың 55 процентинде темир элементиниң жетиспеўи себепли анемия келип шығып атыр. Бақша ҳәм мектеп жасындағы 70 процент балаларда ишек паразитар кеселликлери бар.

Соның ушын келеси жылы 1-июньнан баслап, 5 жасқа шекемги балаларды витаминлер ҳәм микронутриентлер менен, 10 жасқа шекемги ул-қызларды паразитлерге қарсы дәрилер менен, ҳәмиледар, емизиўли ҳаяллар ҳәм 15 жасқа шекемги балаларды йод препаратлары менен, 35 жасқа шекемги ҳаялларды поли кислотасы ҳәм феррум менен бийпул тәмийинлеў илажлары белгиленди. Бул дәри қураллары ҳәм витаминлер шаңарақлық шыпакерлер тәрепинен тарқатылады.

Мәжилисте ҳәр бир аймақтағы кеселликлер қурамына қарап, қәнигелескен емлеў мәкемелерин шөлкемлестириў зәрүрлиги атап өтилди.

Мысал ушын, Ферғана ҳәм Сырдәрьяда дем алыў жоллары, Қашқадәрьяда эндокринологиялық, Ташкент қаласында асқазан-ишек, Әндижанда жүрек қан-тамыр, Қарақалпақстан ҳәм Хорезмде баўыр кеселликлери ең көп дизимге алынған.

Усындай әҳмийетли бағдарлар бойынша аймақларда алдынғы сырт ел клиникаларының филиалларын шөлкемлестириў, оған жеке меншик секторды тартыў бойынша көрсетпелер берилди.

17 қәнигелескен медицина орайын аймақлық емлеўханалар менен байланыстырыў, телемедицина арқалы тәжирийбе алмасыўды раўажландырыў, кеселликлердиң түри ҳәм динамикасынан келип шығып, орынларда қәнигелескен орайдың регионаллық филиалларын шөлкемлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы бул мәжилис Медицина хызметкерлери күни алдында өткерилип атырғанына итибар берип, барлық шыпакерлерди байрам менен қутлықлады.

– Бүгинги дәўир талабы сондай, байрам күнлери, салтанатлы әййямларда да өмирдиң өзи алдымызға қойып атырған ҳәр қыйлы машқалалар ҳаққында ойлаўымыз, олардың нәтийжели шешимлерин табыўымыз зәрүр. Барлық тараўлар қатарында медицина системасы алдында да оғада қыйын ўазыйпалар жүзеге келмекте. Инсан саламатлығы ушын өзин жуўапкер деп есаплайтуғын ҳәр бир медицина хызметкери билим ҳәм маманлығын турақлы арттырып барыўы, жаңа технологиялар ҳәм емлеў усылларын ҳәр тәреплеме пуқта ийелеўи ең әҳмийетли мәселеге, турмыслық зәрүрликке айланбақта. Әбу Әли ибн Синодай уллы ата-бабаларымыздың мүнәсип мийрасхорлары, Өзбекстан медицина мектеби дәстүрлериниң даўамшылары болған сиз, әзизлер, өз жумысыңызды мине сондай жоқары нормалар тийкарында шөлкемлестирип, уллы ўазыйпаңызды буннан былай да мақтаныш пенен орынлайтуғыныңызға исенемен, – деди Президент.

Денсаўлықты сақлаў системасын раўажландырыў, тараў хызметкерлериниң мийнетин мүнәсип қәдирлеў, маман кадрлар таярлаў, сырт ел медицина орайлары ҳәм жоқары оқыў орынлары менен илимий-әмелий бирге ислесиўди күшейтиў мәселелери мәмлекетимиздиң турақлы итибарында болатуғыны атап өтилди.

Пандемияның биринши күнлеринен баслап бул гүреске 100 мыңнан аслам медицина хызметкерлериниң тартылғаны, олар өзлерин аямастан, жанын гиреўге қойып, ҳақыйқый қаҳарманлық көрсетип атырғаны тән алынды.

– Жанкүйер шыпакерлеримиз бүгинги белгиленген ўазыйпаларды да пидайылық ҳәм мәртлик пенен, бар билим ҳәм тәжирийбелерин иске қосып, әлбетте орынлайтуғынына исенемен. Ең үлкен байлық болған халқымыздың саламатлығын сақлаўда ҳақыйқатында жанкүйерлик көрсетеди, – деди Шавкат Мирзиёев.

Видеоселектор мәжилисинде тараў жуўапкерлери, ўәлаят ҳәкимлери, медициналық орайлар ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелериниң басшылары өз пикир-усынысларын билдирди.

 

ӨзА