Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпинниң мирәт етиўине бола 4-ноябрь күни Шанхай қаласында «СIIЕ- 2020» Импорт өнимлери үшинши Қытай халықаралық көргизбесиниң ашылыў мәресими қатнасыўшыларына видеобайланыс арқалы мүрәжат жоллады.
Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеўинде ЭКСПО дай ири илаждың өткерилип атырғаны Қытайдың миллий экономиканы тиклеўде ерисип атырған жетискенликлеринен және кең көлемли халықаралық саўда-экономикалық бирге ислесиў жүдә әҳмийетли екенлигинен дәрек беретуғынын атап өтти.
Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Президенти глобал кризис шараятында саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм аймақлараралық байланысларды раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелерине тоқтап өтти.
Өзбекстанда миллий экономиканы либералластырыў, сыртқы саўда режимин ҳәм экспорт-импорт тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў, нормативлик-ҳуқықый базаны халықаралық стандартлар менен үйлесимли түрге келтириў, «жасыл каридорлар»ды қәлиплестириў, Жәҳән саўда шөлкемине қосылыў, және де қолайлы инвестициялық орталықты жаратыў бойынша избе-из көрилип атырған илажлар атап өтилди.
Шавкат Мирзиёев транспорт тараўындағы бирге ислесиўди күшейтиў ҳәм Орайлық Азия транспорт – транзит тараўын кеңейтиў әҳмийетли бағдар болып қалып атырғанын атап өтти.
Өзбекстан регионаллық ҳәм аймақлараралық байланысларды беккемлеў ушын кең имканиятлар ашып берип атырған «Бир мәкан, бир жол» басламасын белсене қоллап-қуўатлап атырғаны, Орайлық Азия, Уллы жипек жолы дәўиринде болғанындай, Европа ҳәм Азия арасындағы саўда-экономикалық ҳәм транспорт-транзит жолларының хабына айланыўы мүмкин екенлигине исеним билдирилди.
Орайлық ҳәм Қубла Азия темир жоллары системасын байланыстыратуғын жаңа транспорт жолларын жаратыў бойынша баслама үлкен әҳмийетке ийе екени, бул Евроазия материгиндеги қурғақшылық транспорты системасын байланыстырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.
Усы мүнәсибет пенен мәмлекетимиз басшысы елимиз Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан жаңа мультимодал транспорт жолы бойлап темир жол қурыў жойбарын тезлетиў тәрепдары екенлигин атап өтти.
Буннан тысқары, «Бир мәкан, бир жол» басламасы шеңберинде «қурғақлықтағы портлар», логистика ҳәм көтере саўда-дистрибьюторлық орайларының интеграцияласқан тармағын қәлиплестириў бойынша ҳәрекетлерди бирлестириў усыныс етилди.
Усы басламалардың әҳмийетин есапқа алып, БМШ Бас Ассамблеясының 75-сессиясында алға қойылған БМШ басшылығында Транспорт – коммуникация байланысларын раўажландырыў регионаллық орайын ашыў усынысы шериклер ҳәм халықаралық шөлкемлер тәрепинен белсене қоллап-қуўатланатуғынына үмит билдирилди.
Өзбекстан санаат кооперациясын жедел раўажландырыў, биринши гезекте, минерал-шийки зат ресурсларын терең қайта ислеў ҳәм экспорт базарларына шығыў ушын жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыў бойынша жаңа қоспа кәрханалар шөлкемлестириўге таяр екени атап өтилди.
Усы мақсетте санаат кооперациясы бойынша қоспа бағдарлама қабыл етиў және қоспа инвестиция фондларын, инвестицияларды кепиллеў ҳәм қамсызландырыў сыяқлы қураллар жәрдеминде еки мәмлекет бизнес ўәкиллерин анық жойбарларды әмелге асырыўға хошаметлеў усыныс етилди.
Мәмлекетимиз басшысы мәресим қатнасыўшыларының итибарын пандемия шараятында экономиканы санластырыў процесслерин тезлетиў үлкен әҳмийетке ийе екенлигине қаратты.
Усы мүнәсибет пенен, Халықаралық саўда, бажыхана рәсмийлестириўи, транспорт, билимлендириў тараўларына мәлимлеме технологияларын кеңнен тартыў бойынша қоспа илажлар ислеп шығыў идеясы алға қойылды.
Өзбекстан Президенти пандемия ақыбетинде келип шыққан глобал социаллық-экономикалық кризисти жеңип өтиў ушын еки тәреплеме ҳәм регионаллық дәрежеде және де тығыз муўапықласыў ҳәм бирге ислесиўге үлкен зәрүрлик бар екенин атап өтти.
Өндирис пәтлериниң төменлеўи, медициналық товарларға талаплардың артыўы, финанслық турақсызлық ҳәм глобал жеткерип бериў шыншырларының бузылыўы шараятында ҳеш бир мәмлекет жеке ҳалда пандемияның унамсыз ақыбетлерин жеңип өте алмайтуғынын айрықша атап өтти.
Сөзиниң жуўмағында Президент Шавкат Мирзиёев көргизбе қатнасыўшыларының жумысына табыслар тиледи және ЭКСПО жуўмақлары жәҳән саўдасын тиклеў ҳәм халықаралық экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў процесине қосымша пәт бағышлайтуғынына исеним билдирди.
Мәресимде Сербия, Чили, ҚАР президентлери, Испания ҳәм Пәкистан ҳүкиметлери, бир қатар халықаралық шөлкемлердиң басшылары да мүрәжат жоллады.
Импорт өнимлери үшинши Қытай халықаралық көргизбеси шеңберинде 5-ноябрь күни Шанхай қаласында Өзбекстан – Қытай бизнес форумын өткериў режелестирилген. Онда қытайдың ири саўда ҳәм инвестиция компанияларынан 150 ге шамалас ўәкил қатнасады.
Форумда Өзбекстанның инвестициялық, экспорт ҳәм туризм потенциалы көрсетиледи. Атап айтқанда, Қытай исбилермен топарлары нефть-газ, тоқымашылық, химия, электротехника, металлургия, азық-аўқат, аўыл-хожалығы ҳәм қурылыс тармақларында өзбекстанлы шериклер менен бирге ислесиўдиң жаңа имканиятлары менен танысты.
Илаж қатнасыўшыларына Өзбекстандағы қолайлы исбилерменлик орталық, еркин экономикалық зоналар аймағында бизнес жүргизиў, экономиканың түрли тараўларын раўажландырыўда ерисилген жетискенликлер ҳаққында да мағлыўмат берилиўи нәзерде тутылған.
ӨзА