Ҳүрметли мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары!
Ҳүрметли делегациялардың басшылары ҳәм көргизбе қатнасыўшылары!
Бәринен бурын, Қытай Халық Республикасы Баслығы Уллы Мәртебели Мырза Си Цзиньпинге Импорт өнимлери үшинши Қытай халықаралық көргизбесиниң ашылыў мәресиминде қатнасыўға мирәт еткени ушын миннетдаршылық билдириўге руқсат еткейсиз.
Бул илажға өз мәмлекетлериниң экономикалық жетискенликлери, ең жаңа қолланба ҳәм өнимлерин көрсетиў мақсетинде жыйналған барлық қатнасыўшыларды қутлықлайман.
Бүгин ЭКСПО-2020 көргизбесинде 180 мәмлекет ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери қатнаспақта.
Бул ҚХРдың сырт ел шериклери менен қатнасықларының пәти артып атырғанының айқын дәлили болып есапланады.
Тилекке қарсы, коронавирус пандемиясы халықаралық экономикаға унамсыз тәсир көрсетти. Дүнья жүзилик саўданың көлеми азайды, глобал өндирис шынжырлары ҳәм саўда байланысларының бир бөлеги үзилди.
Пандемия келтирип шығарған глобал социаллық-экономикалық кризис еки тәреплеме ҳәм регионаллық дәрежеде және де муўапықласыў ҳәм бирге ислесиўге айрықша зәрүрлик бар екенлигин көрсетти.
ЭКСПОдай ири илаждың өткерилип атырғанлығы Қытайдың миллий экономиканы тиклеўде ерисип атырған жетискенликлеринен ҳәм кең көлемли халықаралық саўда-экономикалық бирге ислесиў оғада зәрүр екенлигинен дәрек береди.
Бундай халықаралық майданлар экономикалық қатнасықты раўажландырыў ҳәм пандемия келтирип шығарған глобал социаллық-экономикалық машқалаларды тез пурсатта шешиўдиң әҳмийетли факторы болып хызмет етиўи мүмкин.
Пурсаттан пайдаланып, коронавирус инфекциясына қарсы гүресиўде Өзбекстанға көрсетилген салмақлы жәрдем ушын Қытай Халық Республикасы басшыларына қызғын миннетдаршылық билдирмекшимен.
Ҳүрметли көргизбе қатнасыўшылары!
Өзбекстан Қытай менен экономикаларымыз өз-ара бир-бирин толықтырып турыўы тийкарында кең экономикалық шерикликте үлкен перспективаларды көрмекте.
Мәмлекетимиз Шанхайда өткерилген бурынғы ЭКСПО көргизбелеринде белсене қатнасты, бул еки тәреплеме саўда ҳәм инвестициялық бирге ислесиўге үлкен пәт бағышлады.
Бул рет де Өзбекстан компаниялары, пандемияға қарамастан, бул илажда кеңнен қатнаспақта.
Қәдирли дослар!
Қытай Халық Республикасы Баслығының саўда тараўында турақлылықты тәмийинлеў, саўда тосқынлықларын сапластырыў, сондай-ақ, түрли мәмлекетлер экономикаларының өз-ара байланыслылығын беккемлеў арқалы глобал экономикалық өсиўди хошаметлеўге қаратылған жаңа стратегиялық курсы Өзбекстанда жоқары баҳаланбақта.
Саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиўдиң ең әҳмийетли тәреплерине тоқтаўды қәлер едим.
Бириншиден. Өзбекстанда миллий экономиканы, соның ишинде, сыртқы саўда режимин либералластырыў избе-из әмелге асырылмақта.
Жәҳән саўда шөлкемине кириў ҳәм буннан былай да қолайлы инвестиция орталығын жаратыў бойынша мәселелер шешилмекте.
Нормативлик-ҳуқықый базамызды халықаралық стандартлар менен үйлестириў бағдарында жедел жумыс алып бармақтамыз. Бажыхана-тариф, фискал тәртипке салыў ҳәм экспорт-импорт процедуралары механизмлерин жетилистирип атырмыз, оларды сезилерли дәрежеде әпиўайыластырып атырмыз, «жасыл коридорлар»ды қәлиплестириў даўам етпекте.
Еки мәмлекет базарларында талап жоқары болған өнимлер номенклатурасын келисиў ҳәм оларды өндирис жойбарларына инвестициялар бағдарланыўын хошаметлеў усыныс етиледи.
Екиншиден. Транспорт тараўындағы бирге ислесиўди күшейтиў әҳмийетли бағдар есапланады.
Өзбекстанда транспорт-транзит потенциалын жедел раўажландырыў, регионда қурғақлықтағы коммуникациялардың нәтийжели системасын қәлиплестириўге үлкен итибар қаратылмақта.
Биз регионаллық ҳәм аймақлараралық өз-ара қатнасықты беккемлеў ушын кең перспективалар ашып берип атырған «Бир мәкан, бир жол» басламасын белсене қоллап-қуўатладық.
Бүгин Орайлық Азия, Уллы жипек жолы дәўирлеринде болғанындай, Европа ҳәм Азия арасындағы саўда-экономикалық ҳәм транспорт-транзит жолларының хабына айланыўы мүмкин.
Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан жаңа мультимодал траспорт жолы ашылғанын хошаметлеймиз, бул маршрут бойлап темир жол қурыў жойбарын тезлестириў тәрепдарымыз.
Сондай-ақ, «Бир мәкан, бир жол» басламасы шеңберинде «қурғақлықтағы портлар», логистика ҳәм көтере-дистрибьюторлық орайларының интеграцияласқан тармағын қәлиплестириў бағдарындағы ҳәрекетлерди бирлестириўди усыныс етемиз.
Орайлық ҳәм Қубла Азия темир жоллары системаларын байланыстыратуғын жаңа транспорт жолларын жаратыў бағдарындағы басламалар үлкен әҳмийетке ийе. Бул Евроазия континентиндеги қурғақлықтағы транспорт системасын байланыстырыў имканиятын береди.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 75-сессиясында БМШ басшылығында Транспорт-коммуникация қатнасықларын раўажландырыў регионаллық орайын ашыў усынысын алға қойған едим.
Бул баслама шериклер ҳәм халықаралық шөлкемлер тәрепинен белсене қоллап-қуўатланатуғынына үмит етемиз.
Үшиншиден. Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан өзиниң индустриаллық раўажланыўын жеделлестирмекте. Биз шийки зат экспортын қысқартыў, жоқары қосымша қунға ийе өнимлер ислеп шығарыўды диверсификациялаў ҳәм көбейтиў сиясатын әмелге асырып атырмыз.
Усы мәнисте, санаат кооперациясын жедел раўажландырыў, биринши гезекте, минерал-шийки зат ресурсларын терең қайта ислеў ҳәм экспорт базарларына шығыў ушын жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыў бойынша жаңа қоспа кәрханалар шөлкемлестириў тәрепдарымыз.
Усы мақсетте санаат кооперациясы бойынша қоспа бағдарлама қабыл етиўди және қоспа инвестиция фондларын, инвестицияларды кеппилеў ҳәм лицензиялаў сыяқлы қураллардың жәрдеминде еки мәмлекет бизнес ўәкиллерин анық жойбарларды әмелге асырыўға хошаметлеўди усыныс етемиз.
Төртиншиден. Пандемия мүнәсибети менен экономиканы санластырыў процесслерин тезлестириў айрықша үлкен әҳмийетке ийе.
Халықаралық саўда, бажыхана рәсмийлестириўи, транспорт, билимлендириў тараўларына мәлимлеме технологияларын кеңнен енгизиў бойынша қоспа илажларды ислеп шығыўды усыныс етемиз.
Электрон саўда майданшаларынан пайдаланыў есабынан саўда көлемлерин буннан былай да арттырыў үлкен әҳмийетке ийе.
Өзбекстан электрон коммерция тараўында перспективалы усынысларды әмелге асырыўда бирге ислесиўге таяр.
Бесиншиден. COVID-19 пандемиясы менен байланыслы жағдай глобал күн тәртибиниң тийкарғы мәселеси болып қалмақта. Бул кризис узақ даўам етиўи ҳақыйқаттан жырақ емес.
Өз-өзинен белгили, өндирис пәтлериниң төменлеўи, тәбийғый товарларға мүтәжликлердиң артыўы, финанслық турақлылық ҳәм глобал жеткерип бериў шынжырларының бузылыўы шараятында ҳеш бир мәмлекет жеке ҳалда пандемияның унамсыз ақыбетлерин жеңип өте алмайды.
Жағдай бул турмыслық әҳмийетли мәселеде бирлесиўди, муўапықласқан ҳәм ең әҳмийетлиси, нәтийжели ҳәрекетлерди талап етпекте.
Усы мүнәсибет пенен медицина тараўындағы бирге ислесиўди, пандемия ҳәм трансшегаралық түриндеги эпидемиологиялық тосқынлықларға қарсы гүресиўде тәжирийбе алмасыўды күшейтиўди усыныс етемиз.
Ҳүрметли ханымлар ҳәм мырзалар!
ЭКСПО-2020 жуўмақлары жәҳән саўдасын тиклеў ҳәм халықаралық экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў процесине қосымша пәт бағышлайтуғынына исенемиз.
Көргизбениң барлық қатнасыўшыларының жумысына табыслар тилеймен.
Итибарыңыз ушын рахмет.