Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 3-ноябрь күни елимизде гидрометеорология хызмети жумысын жетилистириў бойынша тийкарғы ўазыйпаларды додалаў бойынша мәжилис өткерди.

Гидрометеорология хызмети аўыл хожалығы, энергетика, транспорт, экология сыяқлы бир қанша тараўлар ушын оғада әҳмийетли. Бирақ жыллар даўамында итибар берилмегени ақыбетинде Өзбекстанда бул бағдар заманнан артта қалып кеткен. Аэрологиялық бақлаў 1995-жылдан берли өткерилмейди. Бул болса ҳаўа-райы ҳаққындағы мағлыўматлардың исенимлилигин төменлетеди. Халықаралық стандарт бойынша қаралса, елимиз аймағында 4 мың станция болыўы зәрүр, әмелде болса тек ғана 335 и бар.

Гидрометеорология хызмети орайының материаллық-техникалық базасы ескирген, экономикалық рентабеллиги де төмен. Атап айтқанда, орай өткен 9 айдағы қәрежетлердиң тек ғана 6 процентин өз дәраматынан қаплаған.

– Гидрометеорология қәўипсизлигимизди тәмийинлейтуғын әҳмийетли тараўлардан бири. Бүгин ең тийкарғы ўазыйпа-системада хызмет сапасын өзгертиў керек,-деди Шавкат Мирзиёев.

Мәжилисте тараўда хызмет көрсетиўди басқышпа-басқыш коммерцияластырыў бойынша презентация өткерилди.

Бүгинги күнде метеорологиялық мағлыўматлар 35 уйымға, атап айтқанда, 20 ға шамалас коммерциялық шөлкемге бийпул берилмекте. Хызмет баҳалары қәрежетке салыстырғанда аз болып, 15 жылдан берли көрип шығылмаған.

Мәмлекетимиз басшысы усы баҳаларды қайта көрип шығыў ҳәм төлемли хызметлердиң қамтылыўын кеңейтиў зәрүрлигин атап өтти.

Бул бағдарда пайдаланылмай атырған имканиятлар көп. Мәселен, келеси жылы мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында Кармана ҳәм Нурабад районларында биреўден қуяш электр станциясы, 2022-жылы үш қуяш ҳәм бир самал электр станциясы қурылады. Оларда өндирис көлемин режелестириў ушын метеорология хызметлерине зәрүрлик бар.

Сондай-ақ, ҳаўа райын болжайтуғын интернет платформалар, кластерлер ҳәм сырт ел мәкемелерине төлемли хызметлер көрсетиў мүмкин.

Гидрометеорология орайында 100 жыллық мағлыўматлар сақланбақта. Олар қағаз түринде болып, 18 миллион беттен ибарат. Бул мағлыўматларды толық санластырыў ўазыйпасы қойылды.

Мәжилисте метеорология хызметиниң материаллық-техникалық тәмийнатындағы кемшиликлер ҳәр тәреплеме көрип шығылды. Атап өтилиўинше, 70 станцияның тек ғана 14 и автоматласқан. Ҳаўа райы прогнозы он жыл алдынғы программалық өнимлер тийкарында таярланбақта. Ақыбетте ҳаўа-райы ҳәм тәбийғый апатшылылқлар ҳаққындағы мағлыўматлар кешикпекте. Ташкент, Самарқанд ҳәм Нөкистеги 3 метеорологиялық локатордың мағлыўматлары жетерли болмай атыр.

Соның ушын келеси жыллары Бухара, Наўайы, Сурхандәрья ҳәм Наманган ўәлаятларында локаторлар орнатыў, барлық станцияларды автоматластырыў, жаңа станция ҳәм постлар қурыў бойынша тапсырмалар берилди. Булардың нәтийжесинде метеорология хызметиниң сапасы ҳәм тезлиги әдеўир артады.

Өзгидромет Жәҳән метеорология шөлкеминиң регионаллық орайы болып есапланады. Мәмлекетимиз басшысы бул статусты сақлап қалыў зәрүрлигин атап өтип, 2022-жылы Самарқандта резерв мағлыўматларды жыйнаў, қайта ислеў ҳәм сақлаў бойынша регионаллық хаб шөлкемлестириўге көрсетпе берди.

Метеорология мағлыўматлары аўыл хожалығында өнимдарлықты тәмийинлейтуғын әҳмийетли факторлардан бири. Сырт елде аграр тараўдағы кәрханалар ушын өсимлик ызғарлығы, жаўын муғдары, тереңликтеги топырақ температурасын анықлаў сыяқлы 20 дан аслам хызмет көрсетиледи. Елимизде бундай хызметлер тек ғана 9 түрден ибарат. Агрометеорологиялық хызметлер 96 станция ҳәм постда алып барылып атырғаны, олардың саны кейинги 10 жылда тек ғана 5 еўге көбейгени себепли прогноздың исенимлилиги 80-85 проценттен артпайды.

Гидрометеорология хызмети орайына келеси жылда ҳәр бир ўәлаятта қосымша агрометеорологиялық постларды шөлкемлестириў бойынша тапсырма берилди. Жәҳән азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеминиң гранты шеңберинде Жиззақ ҳәм Қашқадәрьяда агрометеорологиялық станция және өлшеў қуралларын орнатып, хызметлер санын 14 ке жеткериў, кейин ала буны барлық аймақларда енгизиў зәрүрлиги атап өтилди. Фермер хожалығы ҳәм кластерлерге онлайн хызмет көрсететуғын программалық тәмийнат ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Тараўда илимди раўажландырыў ҳәм кадрлардың потенциалын арттырыў мәселелерине де итибар қаратылды. Келеси оқыў жылынан Өзбекстан Миллий университетинде гидрометеорология факультетин шөлкемлестириў, Ташкент гидрометеорология техникумында заманагөй орта буўын қәнигелерди таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў зәрүрлиги атап өтилди.

Тараў хызметкерлериниң айлық мийнет ҳақысын арттырыў ҳәм узақ мүддетли хызмет ушын үстеме төлеў системасын енгизиў бойынша көрсетпелер берилди.

 

ӨзА