Өзбекстан Республикасы Президентиниң

пәрманы

Мәмлекетте пул-кредит, валюта, салық ҳәм сыртқы саўда сиясаты тараўларында исбилерменлик жумысын жүргизиў ушын қолайлы шараятлар жаратыў ҳәм инвестиция орталығын жақсылаўға қаратылған кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, экспертлердиң баҳалаўлары ҳәм исбилерменлик субъектлери арасында өткерилип атырған сораўлар экономикадағы жасырын айланыстың, әсиресе, саўда ҳәм улыўма аўқатланыў, автотранспортта тасыў, турақ жай қурылысы ҳәм оңлаў, турақ жай хызметлерин көрсетиў сыяқлы тараўларда жоқары дәрежеде сақланып атырғанлығынан дәрек береди, бул болса ҳүжданлы исбилерменлердиң экономикалық мәплерине зыян жеткермекте, олар ушын тең болмаған бизнес жүргизиў шәртлерин жүзеге келтирмекте.

Мәмлекетимизде жасырын экономика дәрежесин азайтыў, исбилерменлик жумысын жүргизиў ушын, соның ишинде тәртипке салыў ҳәм ҳәкимшилик жүкти азайтыў есабынан тең бәсеки шараятларын жаратыў, салық нызамшылығы талапларына әмел етиў тәртип-қағыйдаларын автоматластырыў ҳәм оның тәртибин әпиўайыластырыў мақсетинде:

  1. 1. 2021-жыл 1-январьдан:

а) 2022-жыл 1-январьға шекемги мүддетте  улыўма аўқатланыў тараўындағы киши исбилерменлик субъектлериниң  банк карталары ҳәм контактсыз төлемлерден пайдаланған ҳалда физикалық тәреплерден алынған дәраматлары улыўма белгиленген салықларды төлеўге мәжбүрий тәртипте өтиў мақсетинде улыўма дәраматқа киргизилмейтуғын тәртиби енгизилетуғынлығы;

б) риэлторлық жумысы менен шуғылланыўшы шахслар ушын айланыстан алынатуғын салық ставкасы  25 проценттен 13 процентке шекем  азайтылатуғынлығы;

в) қурылыс кәрханаларына есабат дәўири ушын мийнетке хақы төлеў фонды улыўма муғдарының 10 процентинен артпаған көлемде (социаллық салық суммасын есапқа алмағанда) мийнет ҳақысын нақ пулда төлеў ҳуқықы менен шәртнама дүзбестен мүддетли түрде жумысшылар жаллаўға руқсат берилетуғынлығы белгиленсин. Бунда:

қурылыс шөлкемлери белгиленген тәртипте физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы ҳәм социаллық салықтың төлениўин тәмийинлейди, сондай-ақ, ҳәр айда шәртнама дүзбестен жалланған жумысшыларға төленген нақ пул муғдарын көрсеткен ҳалда олардың реестрин мәмлекетлик салық хызмети уйымларына усыныс етип барады;

мәмлекетлик салық хызмети уйымлары қурылыс шөлкемлери тәрепинен усыныс етилген реестрлер тийкарында салық төлеўшилерди автоматик түрде идентификациялайды ҳәм төленген физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы ҳәм социаллық салық есапқа алыныўын тәмийинлейди.

Шәртнама дүзбестен жумысқа жалланған шахсларға өндиристеги бахытсыз ҳәдийселер болған жағдайда хызметкерлерди социаллық қорғаўды нәзерде тутатуғын нызам ҳүжжетлериниң нормалары енгизилетуғынлығы белгиленсин.

  1. 2. Төмендегилер мағлыўмат ушын қабыл етилсин:

хожалық жүргизиўши субъектлерге корпоратив банк карталарынан пайдаланған ҳалда товарларды (хызметлерди) шәртнама дүзбестен сатып алыўға руқсат бериледи, бирақ бунда электрон счёт-фактуралар ямаса онлайн-касса машиналарының чеклери мәжбүрий түрде алыныўы шәрт;

2022-жыл 1-январьға шекем сондай тәртип орнатылған, оған муўапық, мәмлекетлик салық хызмети уйымлары нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте салық аудити тайынланғанлығы ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкилин хабардар етеди;

көшпели салық тексериўлери мәмлекетлик салық хызмети уйымлары тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкилин хабардар еткен ҳалда әмелге асырылады.

Мәмлекетлик салық комитети мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте салық тексериўлериниң ашық-айдынлығын тәмийинлеў және оның тәртип-қағыйдаларын түп-тийкарынан әпиўайыластырыў, сондай-ақ, тексериўди әмелге асыратуғын мәпдар шахслардың жуўапкершилигин арттырыўды нәзерде тутқан ҳалда салық тексериўлерин өткериў тәртибин белгилеў бойынша усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. 3. Жасырын экономиканы қысқартыў бойынша арнаўлы комиссия (кейинги орынларда – Арнаўлы комиссия) 1-қосымшаға муўапық қурамда, жасырын экономиканы қысқартыў бойынша аймақлық комиссиялар (кейинги орынларда – аймақлық комиссиялар) 2-қосымшаға муўапық үлги қурамда шөлкемлестирилсин.

Жасырын экономикаға қарсы гүресиў бойынша комплексли илажларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў, соның ишинде, төмендегилер Арнаўлы комиссияның тийкарғы ўазыйпасы  етип белгиленсин:

бизнестиң «саядан» шығыўын хошаметлеў ушын шараятлар жаратыў, салық режимин әпиўайыластырыў және нақ пулсыз төлемлерди кеңейтиў илажларын көриў;

қабыл етилип атырған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди қәлиплескен бизнес жүргизиў әмелиятына бейимлестириў;

салық ҳәм бажыхана ҳәкимшилигиниң қураллары есап ҳәм түсимлердиң толықлығына, соның ишинде, салықлардан бас тартқан физикалық ҳәм юридикалық тәреплерди анықлаў ҳәм жуўапкершиликке тартыўға қаратылыўын тәмийинлеў;

жасырын экономикаға қарсы гүресиў жумысын «пулды жуўыў»ға қарсы гүресиў тараўындағы шөлкемлердиң жумысы менен муўапықластырыў;

ашық-айдынлықты тәмийинлеў, жасырын экономикаға қарсы гүресиўге кең жәмийетшиликти, ғалаба хабар қуралларын тартыў, жәмийетте жасырын экономикаға маўасасызлық сезимин қәлиплестириў, легал бизнес жүргизиўдиң абырайын арттырыў.

  1. 4. Орынларда төмендеги илажларды муўапықластырыў аймақлық комиссиялардың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

исбилерменлерге жумысын нызамластырыўда ҳәм зәрүр руқсатнамаларды алыўда жәрдем бериў, сондай-ақ, олар менен профилактика жумысларын алып барыў;

жасырын экономиканың қәлиплесиўине алып келетуғын себеплер ҳәм факторларды анықлаў, оларды сапластырыў илажларын көриў;

нызамсыз алып кирилген ямаса контрафакт товарларды, сондай-ақ, жүк тасыў ҳүжжетлерисиз мәмлекет ишинде ҳәрекетленип атырған товарларды сатыўға қарсы гүресиў;

биринши гезекте акцизасты өнимлерди нызамсыз ислеп шығарыў, сатыў ҳәм сақлаў жағдайларын анықлаў арқалы мәмлекетлик дизимнен өтпестен исбилерменлик жумысын жүргизиў ҳәм дәраматларды жасырыўдың алдын алыў;

бәринен бурын қурылыс объектлеринде ҳәм хызмет көрсетиў тараўындағы рәсмий емес  жумыс ислеўди жүргизиў, сондай-ақ, мийнет ҳақыны «конвертте» төлеў жағдайларын анықлаў ҳәм сапластырыў.

  1. 5. Аймақлық комиссиялар:

еки ҳәпте мүддетте ҳәр бир район ҳәм қаланың өзине тән өзгешеликлерин есапқа алған ҳәм жуўапкер уйымлар және шөлкемлерди белгилеген ҳалда  «жол карталарын» ислеп шықсын  ҳәм күтилип атырған нәтийжелерди көрсеткен ҳалда оларды Арнаўлы комиссияға тастыйықлаў ушын усыныс етсин;

ҳәр шеректе жасырын экономикаға қарсы гүресиўди жетилистириў бойынша усынысларды Арнаўлы комиссияға көрип шығыў ушын киргизсин.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлерине «жол карталарын»да нәзерде тутылған ўазыйпалар өз ўақтында ҳәм толық орынланыўы және аймақлар дәрежесинде жасырын экономиканы қысқартыў бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.

  1. 6. Арнаўлы комиссия (Ж.Қўчқоров) 2021-жыл 1-февральға шекем жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың жумысы сапалы шөлкемлестирилиўин тәмийинлеп және бизнес жәмийетшилиги, сырт елли ҳәм жергиликли экспертлерди тартқан ҳалда 2021-2025-жылларда жасырын экономиканы қысқартыў стратегиясын ислеп шықсын ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизсин.
  2. 7. Жасырын экономика ҳәм коррупцияға қарсы гүресиўде министрликлер ҳәм уйымлардың жумыс нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған илажларды әмелге асырыў және салық ҳәм бажыхана ҳәкимшилигин жетилистириў бойынша «жол карта»сы 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Арнаўлы комиссия жасырын экономика ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бойынша, соның ишинде, «жол каратсын»да нәзерде тутылған илажларға байланыслы усыныслардың додаланыўын тәмийинлесин, сондай-ақ, ҳәр айда ерисилген нәтийжелер бойынша есабатларды тыңлап барсын.

Министрликлер ҳәм уйымлардың басшыларына «жол картасы»ның өз ўақтында ҳәм толық орынланыўы бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.

  1. 8. Орайлық банк коммерциялық банклер менен биргеликте 2021-жыл 1-январға шекем:

өзин-өзи бәнт еткен шахслар ҳәм өнерментлер тәрепинен және улыўма аўқатланыў пунктлеринде сатылауғын товарлар ҳәм хызметлер ушын халық тәрепинен төлемлерди әмелге асырыўда контактсыз технологиялардың енгизилиўин тәмийинлесин;

банкоматлар ҳәм көп функциялы өз-өзине хызмет көрсетиў терминалларының тармағын кеңейтсин ҳәм олардың санын 10 мыңға жеткерсин;

халықаралық финанс институтларының техникалық жәрдемин тартқан ҳалда,  нақ пулсыз есап-санақ системасын раўажландырыўдың узақ мүддетли стратегиясын  ислеп шықсын.

  1. 9. Мәмлекетлик салық комитети ҳәм Қаржы министрлигиниң онлайн касса машиналарының чеклеринде көрсетилген 14-код ямаса фискал белги тийкарында сыйлықлы ойынларды өткериў бойынша Ташкент қаласында әмелге асырылған экспертиментти, нәзерде тутылған бюджет ажыратпалары шеңберинде 2020-жылы республиканың барлық аймақларында әмелге асырыў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
  2. 10. Мәмлекетлик салық комитети:

а) бир ай мүддетте сондай тәртип орнатсын, оған муўапық, қадағалаў-касса машиналары ҳәм төлем терминалларынан пайдаланыў бойынша жедел тексериўлер салық төлеўшилер кесиминдеги шереклик реже-кесте тийкарында әмелге асырылыўы мүмкин және тексериў нәтийжелери ҳәм олар бойынша салық нормаларын көрип шығыў нәтийжелери жәрияланып барылады;

б) еки ай мүддетте:

Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкемине киретуғын мәмлекетлердиң салық уйымлары арасында мағлыўматлардың автоматластырылған алмасыўына Өзбекстан Республикасының қосылыўы бойынша «жол картасын» ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;

Мәмлекетлик салық комитети баслығының жасырын экономиканы қысқартыў мәселелери бойынша турақлы кеңесгөйи – сырт ел қәнигесин таңлаў тийкарында тартыў бойынша усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин;

Өзбекстан Республикасы аймағында сатылып атырған товарлар ҳәм хызметлерди бөлистириў тәртибин ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин;

в)  исбилерменлик субъектлери арасында төлем терминаллары ҳәм онлайн қадағалаў-касса машиналарынан пайдаланбастан жумысты әмелге асырғаны ушын жуўапершилик илажлары ҳаққында  турақлы түрде, соның ишинде, ғалаба хабар қураллары арқалы түсиндириў жумысларын алып барсын.

  1. 11. Төмендегилер Есап палатасының қосымша ўазыйпалары сыпатында белгиленсин:

жасырын экономиканы қысқартыўға қаратылған илажлардың орынланыўын қадағалаў;

аймақлық комиссиялар тәрепинен 2021-2025-жылларда жасырын экономиканы қысқартыў стратегиясы және қабыл етилген «жол карталары» әмелге асырылыўын қадағалаў;

мәмлекетлик басқарыў уйымларында, сондай-ақ, устав фондында (устав капиталында) мәмлекетлик үлеси 50 процент ҳәм оннан аслам болған мәкеме ҳәм шөлкемлерде коррупцияға қарсы гүресиў бойынша нәтийжели ишки қадағалаў системалары енгизилиўин тәмийинлеў илажлары әмелге асырылыўын қадағалаў;

жасырын экономиканы қысқартыўға қаратылған нызамшылықты жетилистириў бойынша усынысларды ислеп шығыў ҳәм киргизип барыў.

  1. 12. Есап палатасы структурасында басқарыў хызметкерлери штат бирликлери шеңберинде Экономикаға жасырын айланысты азайтыў ҳәм бюджет дәраматларының қосымша дәреклерин анықлаў секциясы шөлкемлестирилсин.
  2. 13. Мәмлекетлик салық комитети 2021-жыл 1-апрельге шекем 4-қосымшаға муўапық реал ўақыт режиминде қосымша мағлыўматлардың алмасыўын тәмийинлейтуғын уйымлараралық аппарат комплексин пайдаланыўға тапсырсын.
  3. 14. Мәмлекетлик салық комитетиниң Мағлыўматларды қайта ислеў орайын (кейинги орынларда – Орай) заманагөй сервер үскенелери ҳәм тийисли программалық тәмийнат пенен тәмийинлеўди жеделлестириў ҳәм бирлемши қосымша үскенелеў мақсетинде Қаржы министрлиги 2020-жылы Мәмлекетлик салық комитетине республика бюджетиниң артықша орынланған дәраматлары есабынан 100 миллиард сумға шекем болған муғдарда қаржы ажыратсын.

Мәмлекетлик салық комитети ҳәм Қаржы министрлиги Орайды модернизациялаў, жасырын экономиканы қысқартыў ҳәм салық уйымлары хызметкерлериниң маманлығын арттырыў ушын Жәҳән банкиниң жеңилликли кредитин тартыўды жеделлестирсин.

Орайды үскенелеў ушын белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизимге муўапық алып кирилетуғын, Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын үскенелер, программалық ҳәм материаллық – техникалық қураллар 2022-жыл 1-январьға шекем бажыхана бажысынан азат етилсин.

Мәмлекетлик салық комитетине, бурынғысынан басқаша тәризде, Орайды үскенелеў ушын үскенелерди, программалық ҳәм материаллық-техникалық қуралларды жойбарластырыў, жеткерип бериў ҳәм орнатыў, сондай-ақ, программалық тәмийнатты ислеп шығыў бойынша ең жақсы усынысларды таңлап алыў ямаса тиккелей сораў-жуўаплар өткериў жолы менен шәртнамалар (контрактлар) дүзиўге келисим берилсин.

Мәмлекетлик салық комитетиниң баслығы Ш.Кудбиевқа Орайды үскенелеў ушын зәрүр үскенелер, программалық ҳәм материаллық-техникалық қураллардың сатып алыныў процесиниң ашық-айдынлығын тәмийинлеў, сатып алыў процесслери нәтийжелерин жәриялаў бойынша жуўапкершилик жүкленсин.

  1. 15. Тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың улаўма штат бирлиги шеңберинде:

а)  Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги қурамында – Жасырын экономиканы таллаў басқармасы шөлкемлестирилсин, таллаўлар өткериў ҳәм жасырын жумыс дәрежеси жоқары болған экономика тараўларын анықлаў оның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин;

б) Мәмлекетлик салық комитети қурамында;

Салық қадағалаў департаменти  шөлкемлестирилсин, юридикалық ҳәм физикалық тәреплер жағынан салық нызамшылығына әмел етилиўин қадағалаў, қосымша қун салығы менен байланыслы алдаўшылық схемаларын анықлаў ҳәм агрессив салық режелестириўге қарсы гүресиў оның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин;

2021-жыл 1-июльден баслап арнаўлы структуралық бөлимше шөлкемлестирилсин, салық ҳуқықбузарлықларының алдын алыў ҳәм анықлаў, сондай-ақ, қосымша қун салығы шынжырын қәлиплестириўде контрагентлер арасында есап-санақларды таллаў оның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин;

в) Қаржы министрлигинде – жасырын экономиканы қысқартыў жумысларын шөлкемлестириў бөлими дүзилсин, оған Арнаўлы комиссияның жумысшы уйымының ўазыйпалары да жүкленсин.

  1. 16. 2021-жыл 1-ноябрьден Мәмлекетлик салық хызмети уйымлары басқарыў хызметкерлери саны 1154 штат бирлигине ямаса 10 процентке қысқартылсын.

Мәмлекетлик салық хызмети уйымлары басқарыў хызметкерлериниң улыўма шекленген саны 10512 штат бирлиги, соның ишинде, Мәмлекетлик салық комитетиниң орайлық аппаратында – 498 штат бирлиги етип белгиленсин.

  1. 17. Төмендегилер:

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети орайлық аппаратының структурасы  5-қосымшаға муўапық;

Ири салық төлеўшилер бойынша аймақлараралық мәмлекетлик салық инспекциясының структурасы 6-қосымшаға муўапық;

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы мәмлекетлик салық басармаларының структурасы  7-қосымшаға муўапық;

районлық (қалалық) мәмлекетлик салық инспекцияларының структурасы 8-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. 18. Мәмлекетлик салық комитети басшысына төмендеги ҳуқықлар берилсин:

зәрүр жағдайларда орайлық аппарат ҳәм аймақлық бөлимшелердиң, сондай-ақ, ири салық төлеўшилер бойынша аймақлараралық мәмлекетлик салық инспекциясының тастыйықланған структураларына басқарыў хызметкерлериниң улыўма шекленген саны ҳәм мийнет ҳақы фонды шеңберинде өзгерислер киргизиў;

бойсыныўындағы хожалық есабындағы шөлкемлердиң хызметкерлери санын белгилеў, олардың структурасын, штат бирликлерин, соның ишинде, басқарыў хызметкерлериниң штат бирликлерин, мийнет ҳақы фондын, қәрежетлер сметасын, транспорт қуралларының лимитин тастыйықлаў, сондай-ақ, олардың мүлкин басқарыў.

  1. 19. Мәмлекетлик салық хызмети ҳәм бажыхана хызмети уйымларының мәпдар шахслары қадағалаўшы ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен тек салық, бажыхана ҳәм валюта нызамшылығына әмел етиўге байланыслы тексериўлерди өткериў ушын ҳәптесине 16 мийнет саатынан көп болмаған мүддетке тартылыўы мүмкин екенлиги белгиленсин.
  2. 20. Арнаўлы комиссия (Ж.Қўчқоров) Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы менен биргеликте исбилерменлер ҳәм халықты нызамлы бизнес жүргизиўдиң абырайын арттырыў ҳәм нызамсыз исбилерменлик жумысы менен шуғылланыўшы шахсларға маўасасызлық сезимин үгит-нәсиятлаўға тартыў бойынша «медиа-реже»ни ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.
  3. 21. Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым ҳүжжетлерине 9-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  4. 22. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                               Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 30-октябрь