Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Корея Республикасы Президенти Мун Чже Инниң мирәт етиўи бойынша 30-октябрь күни Сеул қаласында  видеоәнжуман түринде болып өтетуғын Арқа экономикалық бирге ислесиў екинши халықаралық форумында қатнасады.

Илаж күн тәртибинен коронавирус пандемиясы ақыбетлерин биргеликте жеңип өтиў ҳәм халықаралық шерикликти  кеңейтиў мәселелери  орын алған.

Мәмлекетимиздың басшысы өз сөзинде регионаллық сиясаттың ең әҳмийетли мәселелери ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў перспективаларына тоқтап өтеди.

Форум жумысына Өзбекстан ҳәм Қубла Корея жетекшилери менен бир қатарда Россия, Қазақстан, Түркменстан, Монголия президентлери ҳәм басқалар қатнасады.

 

ӨзА