Пайтахтымыздағы 20-санлы «Гөне қала» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақларға ҳәм майыплығы болған шахсларға 42 квартиралы жаңа турақ жай пайдаланыўға тапсырылды.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов шығып сөйлеп, жыйналғанларды жақынласып киятырған Жаңа жыл байрамы ҳәм жаңа турақ жайдың пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей,  жуўмақланып атырған жыл халқымыз ушын берекетли ҳәм табыслы келди. Буны халқымыз турмысында ҳәм экономикамызда жүз берип атырған өзгерислер менен жаңаланыўлардан көриўимизге болады.

Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёев республикамызда болып, бул жерде алып барылып атырған дөретиўшилик жумысларға жоқары баҳа берди. Барлық тараўлар сыяқлы, халықты социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў мәселесине айрықша итибар қаратылмақта. Атап айтқанда,  социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлардың, майыплығы болған шахслардың турмыс шараятларын жақсылаў, оларды турақ жайлар менен тәмийинлеў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Бүгин социаллық жәрдемге мүтәж болған шаңарақларға 42 квартиралы жаңа турақ жай пайдаланыўға тапсырылыўы буның айқын дәлийли болып табылады. Бул бойынша Нөкис қаласы ҳәкимлиги тәрепинен арнаўлы комиссия дүзилип, бундай шаңарақлардың жағдайы үйренип шығылды. Жаңадан тапсырылған турақ жай имаратында 922  миллион сумлық қурылыс ҳәм оңлаў жумыслары алып барылды. Сонлықтан да бундай ғамқорлығы ушын Президентимизге, объектти қысқа мүддетте сапалы етип питкерген қолы гүл қурылысшыларымызға шексиз миннетдаршылық билдиремиз.

Илажда социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақларға ҳәм майыплығы болған шахсларға жаңа турақ жайдың гилтлери, сондай-ақ. қәўендерлер тәрепинен саўғалар тапсырылды.

-Узақ жыл даўамында денсаўлықты сақлаў тараўында мийнет етип, 2014-жылы наўқасланып қалдым,-дейди 8 топар майыбы Гүлистан Абдикәримова.-Усы күнге шекем бир балам менен инимниң үйинде жасап келдим. Турақ жайдан қыйналып келдим. Президентимизге рахмет, мине бүгин жаңа турақ жайлы болдым. Бизлердей социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақларға, майыплығы болған шахсларға көрсетип атырған ғамхорлығы ушын рахмет айтамыз. Илайым, бахтымызға Елбасшымыз аман болсын.

Илажға Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Т.Худайбергенов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

Фото: М.Хабибуллаев

Телеграмдағы каналымызға ағза болыӊ