Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 27-октябрь күни Түркия Республикасы миллий қорғаныў министри, армия генералы Ҳулуси Акарды қабыллады.

Мәмлекетимиз басшысы мийманды шын жүректен қутлықлап, көп әсирлик дослық ҳәм туўысқанлық байланысларына тийкарланған және кейинги үш жылда биргеликтеги ҳәрекетлер менен сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилген Өзбекстан-Түркия стратегиялық шериклик қатнасықлары ҳәр тәреплеме жедел раўажланып атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Ҳулуси Акар Өзбекстан Республикасы Президентине қызғын қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоғанның жақсы тилеклерин жеткерди.

Ушырасыўда мәмлекетлеримиз арасындағы әскерий ҳәм әскерий-техникалық бирге ислесиў жағдайы ҳәм перспективалары көрип шығылды, сондай-ақ, кейинги жылларда қорғаныў тараўында әмелге асырылған қоспа илажлардың жуўмақлары додаланды.

Өзбекстан ҳәм Түркия қорғаныў уйымлары арасында орнатылып атырған әмелий бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарлары сыпатында әскерий кадрларды оқытыў бойынша бағдарламаларды әмелге асырыў, қәнигелестирилген жоқары билимлендириў мәкемелери арасындағы байланысларды жолға қойыў, әскерий бөлимлерди таярлаў бойынша тәжирийбе алмасыў белгиленди.

Региондағы заманагөй қәўип-қәтерлер ҳәм қәўипсизликке  қәўиплерге қарсы биргеликте гүресиўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.

Түркия миллий қорғаныў министри әскерий ҳәм әскерий-техникалық тараўларда кең көлемли бирге ислесиўге таяр екенин атап өтти.

 

ӨзА