Президент Шавкат Мирзиёев 26-октябрь күни электр энергетикасы кәрханаларын  трансфомациялаў  бойынша тийкарғы ўазыйпаларды додалаўға арналған  мәжилис өткерди.

Бул тараўдағы системалы өзгерислер мәмлекетимиз басшысының 2019-жыл 1-февральда қабыл етилген «Өзбекстан Республикасы жанылғы-энергетика тармағын басқарыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы менен басланған еди. Ҳүжжетке муўапық, Энергетика министрлиги шөлкемлестирилип, тараўда басқарыў ҳәм коммерциялық функциялары ажыратылды.

Сондай-ақ, 2019-жыл 27-марттағы «Өзбекстан Республикасында электр энергетика тармағын буннан былай да раўажландырыў ҳәм реформалаў стратегиясы ҳаққында»ғы  Прездент қарары менен бурынғы «Өзбекэнерго» акционерлик жәмийети негизинде 3 бағдар бойынша айрықша компаниялар – «Ыссылық электр тармақлары» «Өзбекстан миллий электр тармақлары» және «Аймақлық электр тармақлары» акционерлик жәмийетлери шөлкемлестириледи.

Энергетика тараўына жеке меншик инвестициялар кирип келиўи ушын орын жаратылды. Нәтийжеде бир жылдың өзинде мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында 2 миллиард долларлық тиккелей  инвестицияларды тартыў, 2 мың 700 мегаватт қуўатлылықтағы 6 жаңа электр станциясын қурыў бойынша жойбарлар басланды.

Енди алдында трансформацияның жаңа басқышы, яғный, станцияларды модернизациялаў, энергияның үнемлилигин арттырыў, өзине түсер баҳаны азайтыў ҳәм перспективада электр энергиясының бәсекили базарын жаратыў ўазыйпалары турыпты.

Мәжилисте бул бағдарлардағы әҳмийетли илажлар  додаланды. Бәринен бурын, кәрханаларды модернизациялаў мәселесине итибар қаратылды.

Бүгинги күнде электр станцияларының ескиргенлик дәрежеси 50 проценттен жоқары. Буннан тысқары, ески қуўатлықларда жанылғының жумсалыўы жаңа пуў-газ қурылмаларына салыстырғанда 2 есеге көп.

Сонлықтан модернизация жумысларын даўам еттириў, бирақ буны алдынғыдай мәмлекетлик кепиллик есабына емес, ал жеке меншик арнаўлы капиталды тартыў арқалы әмелге асырыў зәрүрлиги атап өтилди.

«Өзбекстан миллий электр трамақлары», «Аймақлық электр тармақлары», «Ыссылық электр станциялары» және «Өзбекгидроэнерго» акционерлик жәмийетлеринде финанслық  есабатларды жәҳән стандартлары тийкарында таярлаў системасына өтиў керек екенлиги атап өтилди.

Бул халықаралық кредит рейтингин алыў, келешекте еврооблигациялар шығарыўда әҳмийетли фактор болады. Жуўапкерлерге усы мақсетлерден келип шығып, усы 4 компанияның үш жыллық финанслық  моделин ҳәм бизнес режелерин ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Трансформация процесслерине жәрдем бериў ушын кәрханалардың басқарыўына ҳәм бақлаў кеңеслерине сырт ел қәнигелери тартылыўы бойынша көрсетпелер берилди.

Ҳәзирде электр энергиясы көтере саўда базарының қағыйдалары белгиленбегенлиги себепли инвесторлар менен энергияны белгиленген баҳаларда сатып алыў бойынша узақ мүддетли шәртнамаларға қол қойылмақта. Бундай қатнас жасаў келешекте бәсекиниң шеклениўине алып келиўи мүмкин. Сонлықтан электр энергиясының бәсекили базарына өтиў басқышлары ҳәм қағыйдаларын белгилейтуғын ҳүжжет ислеп шығыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Тараўға алдынғы технологияларды кеңнен енгизиў, «санлы трансормация»ны әмелге асырыў бойынша тапсырмалар берилди.

Мәжилисте жаңа жойбарлардың орынланыўына да итибар қаратылды. Бизге белгили, Жыззах, Самарқанд ҳәм Сурхандәрьяда қуяш, Бухара ҳәм Қарақалпақстанда самал, Сырдәрья ҳәм Сурхандәрьяда ыссылық электр станциялары қурылыўы режелестирилген. Бул жойбарларды жеделлестириў, оларға мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында инвестицияларды бағдарлаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Додаланған мәселелер бойынша жуўапкерлер есабат берди.

 

ӨзА