Ҳүрметли ишки ислер системасының хызметкерлери!

Қәдирли офицер ҳәм генераллар, сержантлар ҳәм қатардағылар!

Ҳүрметли ветеранлар!

Бәринен бурын, сиз, әзизлерди 25-октябрь – Өзбекстан Республикасы ишки ислер уйымлары хызметкерлери күни менен шын жүрегимнен қызғын қутлықлайман.

Ғәрезсизлик жылларында пүткил мәмлекетимиз қатары ишки ислер уйымлары да оғада мақтанышлы ҳәм жуўапкершиликли жолды басып өтти.

Тараў хызметкерлериниң жәмийетлик тәртипти ҳәм тынышлықты сақлаў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў бағдарындағы пидайы хызметин, әсиресе олардың бүгинги пандемия шараятында көрсетип атырған пидәкерлигин халқымыз жақсы аңлайды ҳәм мүнәсип қәдирлейди.

Әзиз дослар!

Кейинги төрт жылда барлық тараўлар сыяқлы ишки ислер системасында да кең көлемли ҳәм пуқта ойланған реформалар әмелге аырылмақта. Әсиресе, жәмийетте нызам үстинлигин тәмийинлеў, ишки ислер уйымларын ел-журт мәпине хызмет ететуғын шын мәнисинде халықшыл системаға айландырыў жолында үлкен жумыслар алып барылмақта.

Усы мақсетте бул системаның жумысы түп-тийкарынан жетилистирилип, орайлық аппараттағы жеке қурамның 85 проценти тиккелей халықтың елатлы пунктлерине, төменги системаларға түсирилди.

Ишки ислер уйымларын халыққа және де жақынлатыў, мүрәжатларды күни-түни қабыллаў, бар машқалаларды орнында ҳәм өз ўақтында шешиў мақсетинде 200ге шамалас ишки ислер бөлими ҳәм бөлимшелердиң жумысы толық жаңадан шөлкемлестирилди.

Системадағы барлық структуралық ҳәм аймақлық бөлимлер, соның ишинде, профилактика, жынаят излеў, тергеў, жол-патруль ҳәм патруль пост хызметлери, эксперт-криминалистика ҳәм паспорт бөлимлери улыўма жаңа нормалар тийкарында қайта қәлиплестирилгенлиги, хызметкерлердиң жумысына тән болмаған көплеген жумыслардан азат етилгени тараўда жумыс нәтийжелилигин арттырыўда әҳмийетли фактор болмақта.

Бул ҳаққында сөз еткенде, жәмийетлик орынлар ҳәм көшелерде қәўипсизиликти тәмийинлеў бағдарында ишки ислер уйымларының Миллий  гвардия менен биргеликтеги хызмети жолға қойылғанын атап өтиў зәрүр.

Тараўда жеке қурамды социаллық қорғаў, олардың жасаў ҳәм хызмет шараятларын жақсылаў мәселелерине айрықша итибар берилмекте. Соңғы төрт жылдың өзинде 241 хызмет турақ жайлары қурылып, турақ жайға мүтәжлиги болған ҳәм хызметте айрықша өрнек көрсеткен хызметкерлердиң шаңарақларына тапсырылғаны да бул бағдардағы жумысларымыздың әмелий  дәлили болып есапланады. Буннан тысқары, 2018-2020-жылларда тараў  хызметлери ушын жеңилликли ипотека кредити тийкарында Ташкент қаласында қурылған заманагөй көп қабатлы  турақ жайлардан 392, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда болса 2 мыңға шамалас квартира ажыратылды.

Ишки ислер уйымлары инновациялық санлы технологиялар ҳәм мәлимлеме-коммуникация системалары менен турақлы тәмийинленбекте. Бир ғана 2017-2020-жылларда жеке қурам ушын 45 жаңа хызмет объекти қурылып, пайдаланыўға тапсырылғаны бул пикирди тастыйықлайды.

Жәмийетлик  турмыс ушын үлкен қәўип болған шөлкемлескен жынаятшылық, терроризм, экстремизм, коррупция, адам саўдасы ҳәм наркотрафикке  қарсы гүрес күшейтилмекте. Бул бағдарда илим жетискенликлери ҳәм алдынғы технологиялардан нәтийжели пайдаланыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Әне усындай реформаларымыздың нәтийжесинде ишки ислер уйымлары заманагөй техника менен тәмийинленген, халықшыл ҳәм ашық-айдын, криминоген жағдайды беккем ҳәм исенимли қадағалай алатуғын, мобиль ҳәм ықшам структураларға айланып бармақта. Ең әҳмийетлиси, тараў хызметкерлериниң мәнаўий келбети, жәмийетимиздеги абырайы жоқарылап бармақта.

Сизлерге белгили, жынаятшылыққа қарсы гүрестиң ең нәтийжели усылы – профилактика, яғный нызамбузыўшылықлардың алдын алыўдан ибарат. Усы мақсетте мәмлекетимизде биринши мәрте ҳәр бир мәҳәллеге биреўден профилактика  инспекторы бириктирилди, оларға мәҳәлле баслығы орынбасарының статусы берилди.

Биз профилактика инспекторы тексериўши ямаса қадағалаўшы емес, ал барлық турмыслық мәселелерде мәҳәллениң халқына жәрдем беретуғын, шын мәнисиндеги ийинлес болып туратуғын күш  болыўын ўазыйпа етип қойдық. Бул хызметкерлердиң жумысын үзликсиз шөлкемлестириў және халыққа және де жақынластырыў мақсетинде оларға 6 787 хызмет жайлары қурылып берилди, 7 388 жеке автомашина ушын жеңилликли кредитлер ажыратылды.

Мәмлекетимиздиң тарийхында биринши мәрте тек ҳаял хызметкерлер ислейтуғын ҳаял-қызлар мәселелери бойынша инспектор лаўазымлары енгизилди. Бүгинги күнде ҳәр бир мәҳәлледе пуқаралар жыйнлары баслықларының ҳаял-қызлар мәселелери бойынша орынбасарлары менен биргеликте апа-қарындасларымыздың кеңесгөйи, қорғаўшысы ҳәм жәрдемшисине айланбақта.

Билип-билместен жынаят жолына кирип қалған ҳәм жазаны өтеп атырған пуқаралардың социаллық бейимлесиўин, саламат турмысқа қайтыўын тәмийинлеўде де ишки ислер уйымларының орны ҳәм роли артып бармақта. Бул бағдарда бурынғы жазаны орынлаў инспекциясы орнына  пробация хызметин  шөлкемлестирдик. Бул хызмет қамақтағыларды  зәрүр кәсип-өнерлерге оқытыў ҳәм таярлаў, иске жайластырыў, оларды жеке меншик исбилерменликке тартыў, ең әҳмийетлиси, жумыс бериўшилер тәрепинен олардың ҳуқықлары менен мәплери тәмийинлениўинде жақыннан жәрдем көрсетпекте.

Мәмлекетимизде туризмди раўажландырыў, қала ҳәм аўыллардың туристлик тартымлығын арттырыў мақсетинде Ишки ислер минитсрлиги қурамында қәўипсиз туризмди шөлкемлестириў бөлимшелериниң жумысларын жолға қойғанымыз да әҳмийетли қәдем болды. Ҳәзирги ўақытта бул бөлимшелерде кеминде 3 шет тилин билетуғын, тарийх, этнография ҳәм көркем өнер тараўында терең мағлыўматқа ийе болған жас ул-қызларымыз өз хызмет ўазыйпаларын мүнәсип атқармақта.

Бүгинги күнде ишки ислер уйымлары ушын профессионал кадрлар таярлаў бойынша нәтийжели система жаратылып атырғанлығы, тараўда өз миннети ҳәм антына садық, ўатансүийўши ҳәм халықшыл хызметкерлердиң саны көбейип баратырғанлығын реформаларымыздың ең әҳмийетли нәтийжеси сыпатында қабыл етемиз.

Ишки ислер уйымларының жумысы үстинен парламентлик ҳәм жәмийетлик қадағалаўдың жаңа системасы орнатылғаны, ишки ислер уйымы баслығынан баслап профилактика инспекторына шекем халық алдында есабат беретуғын әмелият енгизилгенлиги халықтың оларға болған исенимин және де арттырмақта.

Ҳүрметли тараў ўәкиллери!

Жеделлик пенен өзгерип атырған бүгинги қыйын заманда дүньяның түрли регионларында ҳүким сүрип атырған тынышсыз жағдайлар, қураллы қарама-қарсылықлар ҳәр биримизди бәрқулла сергек болыўға шақырады. Бундай шараятта шөлкемлескен трансмиллий жынаятшылық, терроризм ҳәм экстремизм, наркобизнес, коррупция сыяқлы қарама-қарсылықларға нәтийжели гүресиў, оларға кескин соққы бериў барған сайын үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Турмыстың өзи алдымызға қойып атырған әне усындай айрықша, кешиктирип болмайтуғын  талаплардан келип шыққан ҳалда, ишки ислер уйымлары жумысының нәтийжелилигин арттырыў ушын төмендеги ўазыйпаларға айрықша итибар қаратыўымыз зәрүр:

бириншиден, ишки ислер уйымлары ушын интеллектуаллық ҳәм профессионал билим дәрежеси, мәнаўий дәрежеси жоқары болған кадрлар таярлаў бойынша сапа жағынан жаңа системаны енгизиў;

екиншиден, ишки ислер уйымларын , әсиресе, профилактика, жынаят излеў, тергеў, жол-патруль хызмети және эксперт-криминалистика бөлимшелерин заманагөй техника, мәлимлеме-коммуникация системалары ҳәм арнаўлы қураллар менен тәмийинлеўди және де күшейтиў;

үшиншиден, раўажланған сырт мәмлекетлердиң алдынғы тәжирийбесин терең үйренген ҳалда, әмелий жумысқа жаңаша жумыс усылларын ҳәм механизмлерин, атап айтқанда, санлы технологияларды кеңнен енгизиў;

төртиншиден, хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақларын социаллық қорғаў системасын, соның ишинде,  жоқары медициналық хызмет көрсетиў, хызмет ҳәм дем алыў шараятларын және де жақсылаў, турақ жай ҳәм материаллық тәмийнатын басқышпа-басқыш беккемлеп барыў;

бесиншиден,  мәмлекетимиз ишки ислер уйымларының даңқлы тарийхын қәстерлеп сақлаў, тараў хызметкерлери ҳәм ветеранларының келешек әўладларға үлги болатуғын мәртлигин, көрсеткен ибрат үлгилерин ғалаба ен жайдырыў, Ўатанымыздың ғәрезизилиги ҳәм халқымыздың тынышлығы жолында әзиз жанларын пидә еткен хызметкерлердиң естелигин ҳүрметлеў ҳәм мәңгилестириў.

Егер мәмлекет сүйенетуғын тийкарғы үстин нызам болса, оның күшин әмелде көрсететуғын ең нәтийжели система бул – ишки ислер тараўы, десек, әйне ҳақыйқат болады.

Биз буннан кейин де бул тараўды ҳәр тәреплеме раўажландырыў, оның материаллық-техникалық базасын, кадрлар потенциалын беккемлеў, ҳақыйқый халықшыл системаға айландырыў ушын буннан былай да барлық күш ҳәм имканиятларымызды сарплаймыз. Пурсаттан пайдаланып, сиз, әзизлерге пидайы  мийнетиңиз, өз хызмет миннетиңиз, Ўатанымыз ҳәм хылқымызға садықлағыңыз ушын терең миннетдаршылық билдиремен.

Усы күнде халқымыздың тынышлығы жолында қайтыс болған мәрт тараў хазметкерлериниң естелигин ҳүрмет пенен еске алып, олардың шаңарақлары ҳәм перзентлерине байрам қутлықлаўымыз ҳәм жақсы тилеклеримизди билдиремиз.

Ҳүрметли ишки ислер хызметкерлери!

Ҳүрметли ветеранлар!

Сизлерди және бир мәрте кәсиплик байрамыңыз бенен шын жүректен қутлықлап, ҳәммеңизге беккем денсаўлық, үйлериңизге пайыз-берекет, оғада жуўапкершиликли ҳәм машақатлы жумысыңызда жаңа жеңислер тилеймен.

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти

 

ӨзА