Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында санаат тармақларындағы 9 айлық нәтийжелер ҳәм жыл жуўмағына шекем орынланыўы керек болған ўазыйпаларды додалаў бойынша видеселектор мәжилис өткерилди.

Пандемия ақыбетлери санааттың өндирис пәтлерине де тәсир көрсетпей қалмады. Сонлықтан мәмлекетимиз тәрепинен ҳәр бир тармақты қоллап-қуўатлаў бойынша қыстаўлы илажлар көрилди. Карантин дәўиринде де ислеп шығарыў даўам етти. Олардың нәтийжесинде санаатта жүзеге келиўи мүмкин болған аўыр жоғалтыўлардың алды алынды.

Итибарлы тәрепи, экономикада жоқары қосымша қунды тәмийинлеўши қайта ислеў санаатында 9 айда дерлик 3 процентке өсиў жүз берди. Атап айтқанда, электр техникасын ислеп шығарыў 25 процент, тоқымашылық өнимлери 12 процент, металл рудаларын қазып алыў 7 процент ҳәм қурылыс материаллары 6 процентке өсти.

Сондай-ақ, автомобильлер 1,5 есе, электр техникасы өнимлери 1,3 есе, тоқымашылық товарлары 16 процент, мыс сым 15 процент көп экспорт етилди.

Нәтийжеде жалпы ишки өнимниң өсиў пәти 0,4 процент унамлы дәрежеде сақлап қалынды ҳәм бюджет дәраматының 1,9 триллион сум артығы менен орынланыўына ерисилди.

Соның менен бир қатарда, айырым тармақлар ҳәм аймақларда өндиристе артта қалыўшылыққа жол қойылғаны ақыбетинде санаат өнимлери бойынша улыўмалық көрсеткиш 2,7 процентке азайған.

Мәжилисте буған себеп болған факторлар сын көз қарастан талланып, жыл ақырына шекем өндирис көлемлерин тәмийинлеў илажлары көрип шығылды. Соның менен бирге, санаат тармақлары ҳәм аймақларда және қандай резервлердиң бар екенлиги, оларды иске қосыў ушын не ислеў керек екенлиги толық додаланды. Анық мақсет- экспорт, дәрамат, пайда.

– Санаат кәрханаларын басқарыў системасында машқалалар бар. Өнимлердиң өзине түсер баҳасын түсириў керек. Бул бәсеки орталығын жаратыўдың әҳмийетли тийкары болып есапланады,-деп атап өтти Президент.

Алдын нефть-газ тармағындағы жумыслар талланды. Артта қалыўшылыққа жол қойған кәрханалардың жумысы сын көз қарастан баҳаланып, басшылардың лаўазымларына ылайықлығы мәселеси көрип шығылды.

Жыл жуўмағы менен тәбийғый газ қазып алыўды көбейтиў, ишки базарға қосымша газ жеткерип бериў бойынша тапсырмалар берилди. Сондай-ақ, 740 мың тонна  нефть ҳәм конденсат қазып алыў, 203 мың тонна суйылтылған газ ҳәм 125 мың тонна полиэтилен ислеп шығарыў ўазыйпасы қойылды.

«Өзхимиясанаат» кәрханаларында еле резервлер бар екенлиги, өндирис көлемин арттырып, экспортқа бағдарлаў зәрүрлиги атап өтилди. Қоқанд суперфосфат заводының биринши басқышын модернизациялаў, «Наўайыазот» акционерлик жәмийетинде аммиак ҳәм карбамид комплексин иске қосыў илажлары белгиленди.

«Өзавтосанаат» басқарыўына өткен аўыл хожалығы машина қурылысы тармағында трактор ҳәм сеялкалар ислеп шығарыўдың 2 есеге азайғаны көрсетип өтилди. Төртинши шеректе автомобильлер ислеп шығарыўды 62 мыңға жеткерип, 165 миллион долларлық экспорт етиў, комплектлеўши ҳәм аўысық бөлеклерди сырт ел базарларына сатыўды жолға қойыў зәрүрлиги айтылды. Халықаралық экспертлер менен бирге автомобиль санаатын раўажландырыў стратегиясын ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Қурылыс материаллары, электр техникасы ҳәм жеңил санаатта еле шешилмеген резервлер бар.

Мәселен, қурылыс материаллары бойынша жыл ақырына шекем 11 жойбар әмелге асырылады. Бул арқалы жаңа өнимлер өзлестирилип ҳәм бар кәрханалардың қуўатлылығы арттырылып, импорт орнын қаплаўға ерисиледи.

Электр техникасы санаатында 12 түрли өнимди локализациялаў жойбары режелестирилген. Мәмлекетимиз басшысы бул қуўатлықларды тезирек иске қосып бәсекини тәмийинлеў, товарлардың өзине түсер баҳасын арзанлатып, экспортты кеңейтиў зәрүрлигин айтты.

«Өзтоқымшалықсанаат» ассоцациасына бар қуўатлықларды толық иске қосыў, 100 ден аслам жаңа кәрханаға АҚШ ҳәм Европада тән алынған халықаралық сертификатлар алыўда жәрдемлесип, оларды экспортқа тартыў ўазыйпасы қойылды.

Базар механизмлери толық кирип бармаған тармақларды трансформациялаў әҳмийетли болып бармақта. Соның ушын Президентимиз санаат кәрханаларының жумысын жетилистириў, халықаралық басқарыў системасын енгизиў бойынша көрсетпелер берди.

Мәжилисте аймақлық санаат кәрханаларында бар резервлерден пайдаланып, қосымша ислеп шығарыўды жолға қойыў мәселелери додаланды.

Өткен 9 айда локализациялаў бойынша 55 аймақлық жойбардың орынланыўы кешиккен, 144 жойбар бойынша өндирис көлеми тәмийинленбеген. Ақыбетте 720 миллиард сумлық өним таярлаў имканияты жоғалтылған.

Тийисли министрликлер ҳәм ҳәкимликлерге артта қалыўшылыққа жол қойылған жойбарлардағы машқалаларды сапластырыў, импорттың орнын басатуғын жаңа перспективалы бағдарларды үйренип, локализациялаў бағдарламасына киргизиў бойынша көрсетпелер берилди.

Улыўма, қалған үш айда баҳасы 7 миллиард долларлық 80 тармақ ҳәм 44 аймақлық ири жойбарды иске қосыў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәжилисте өндиристи кеңейтиў арқалы экспорт көлемин арттырыў мәселесине айрықша итибар қаратылды.

-Бүгин экспортшы кәрханаларды қаржылай қоллап-қуўатлаўды кеңейтиў бойынша пәрманға қол қойдым. Енди бундай кәрханалар ушын жаңадан шөлкемлестирилип атырған Экспортты қоллап-қуўатлаў қоры арқалы қосымша қаржылар ажыратылады. Сол мақсетте қорға 100 миллион доллар берилмекте. Бул, өз гезегинде, өнимлерди сыртқы базарларға үзликсиз жеткерип бериў ушын кәрханалардың айланыс қаржыларына жумсалады,-деди Шавкат Мирзиёев.

Бас министрдиң орынбасарларына бул бағдардағы ўазыйпаларды жедел, нәтийжели ҳәм мәнзилли шешип, жыл ақырына шекем белгиленген көрсеткишлерди тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берилди.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша тармақлар ҳәм аймақлардың басшылары есап берди.

 

ӨзА