Мәмлекетимиз илими аўыр жоғалтыўға ушырады. Археология тараўындағы белгили илимпаз, Өзбекстан Қаҳарманы Ғайратдин Хожаниязов усы жылы 19-октябрьде 72 жасында қайтыс болды.

Ғ. Хожаниязов 1948-жылы Қарақалпақстан Республикасының Қараөзек районында туўылды. Орта мектепти тамамлағаннан соң жәмәәт хожалығында жумысшы болып хызмет етти. 1972-жылы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтын тамамлап, өзиниң илимий жумысын Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан филиалының Тарийх, археология ҳәм этнография институтында изертлеўши сыпатында баслады. Соң усы филиалдың аспирантурасында оқып, тарийх пәни бойынша кандитатлық диссертациясын қорғады.

Белгили илимпаз өзиниң дерлик 50 жыллық илимий жумысы даўамында Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан филиалының Тарийх, археология ҳәм этнография институтының киши ҳәм үлкен илимий хызметкери, Қарақалпақстан тарийх ҳәм мәденият естеликлерин қорғаў жәмийетиниң баслығы, Тарийх, археология ҳәм этнография институтының археология бөлиминиң баслығы, Қарақалпақ гуманитар илимлер илимий-изертлеў институтының археология бөлиминиң баслығы сыяқлы лаўазымларда нәтийжели мийнет етип, елимиздиң әййемги тарийхы, археологиялық естеликлерин терең үйрениў ҳәм дүньяға танытыў, жоқары қәнигели илимий кадрлар таярлаўға мүнәсип үлес қосты.

Археология тараўында өзиниң илимий мектебин жаратқан мийнеткеш илимпаздың онлаған илимий изертлеўлери, монография ҳәм қолланбалары, соның ишинде, «Әййемги Хорезм қорғаныў имаратлары», «Қарақалпақстанның әжайып жети естелиги» сыяқлы шығармалары тек ғана елимиз емес, ал сырт ел илимий-мәдений жәмийетшилиги арасында да жақсы белгили. Оның басшылығында алып барылған археологиялық изленислер нәтийжесинде әййемги Хорезм мәдениятына байланыслы, Орайлық Азиядағы ең әййемги болып есапланған дийўал сүўретлери табылды ҳәм изертленди. Пидайы илимпаз Қарақалпақстан – Австралия халықаралық археологиялық экспедициясы жеткешилериниң бир еди.

Ғ.Хожаниязов жанкүйер педагог сыпатында онлап талантлы илимпазларға устазлық етти.

Ғ.Хожаниязовтың елимиз илимин раўажландырыў бағдарындағы көп жыллық нәтийжели хызметлери мәмлекетмииз тәрепинен мүнәсип сыйлықланды. Ол «Меҳнат шуҳрати» ордени ҳәм Өзбекстан Қаҳарманы атағы менен сыйлықланған еди.

Белгили илимпаз, меҳрийбан устаз, кишипейил ҳәм ҳүрметли инсан Ғ.Хожаниязовтың естелиги жүрегимизде мәңги сақланып қалады.

Ш.Мирзиёев, Т.Норбоева, Н.Исмаилов,

А.Арипов, М.Камалов, Б.Йўлдошев

 

ӨзА