Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 20-октябрь күни мәмлекетимизге әмелий сапар менен келген Америка Қурама Штатлары Қураллы күшлери Орайлық сәркардалығының сәркардасы генерал Кеннет Маккензиди қабыл етти.
Сәўбетлесиў ўақтында Өзбекстан-АҚШ қатнасықлары ҳәм регионаллық күн тәртибиниң әҳмийетли мәселелери додаланды. Қәўипсизлик ҳәм турақлылыққа қарама-қарсылықлар және глобал қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў темаларына айрықша итибар қаратылды.
Аўғанстанда тынышлық процесин қоллап-қуўатлаў және бул мәмлекеттиң экономикалық тиклениўине әмелий жәрдем көрсетиў бойынша пикир алысылды.
Еки тәреплеме әскерий ҳәм әскерий-техникалық бирге ислесиў мәселелери де көрип шығылды.
Генерал Маккензи Өзбекстан Республикасы Президентине ушырасыў ушын қызғын миннетдаршылық билдирип, АҚШ мәмлекетлеримиз арасындағы стратегиялық шерикликти беккемлеў, кең көлемли бирге ислесиўди кеңейтиў бағдарында исенимли екенлигин атап өтти.
ӨзА