Быйыл өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине 31 жыл толыў мүнәсибети менен республикамызда карантин қағыйдаларына қатаң әмел еткен ҳалда ҳәр түрли илажлар, мәдений-ағартыўшылық бағдарламалар өткерилмекте. 

Байрам мүнәсибети менен Төрткүл районлық мәденият бөлимине қараслы Атажан Худайшукуров атындағы мәденият орайында «Ана тилим ҳаўазы дүнья бойлап таралғай» атамасында әдебий кеше өткерилди.

Илажда өзбек тилиниң жәмийетимизде тутқан орны ҳаққында кең түрде атап өтилди.

Дөретиўши шайыр ҳәм жазыўшылар миллетимиз ҳәм руўхыйлығымыздың тийкары есапланған ана тилимиз ҳаққында қосық оқып берди. Сондай-ақ, жас әўладқа өзбек тилиниң раўажланыўына өз үлесин қосқан тарийхый шахслар сәўлеленген сахналық көринислер  қойып берилди.

Илаж қатнасыўшыларына мәденият сарайының көркем өнер шеберлери тәрепинен  таярланған  концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги