Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң басламасы менен Нөкис районындағы «Саманбай» АПЖда семинар өткерилди.

Семинарда Өзбекстан Республикасы ИИМ ҲПББ баслығының биринши орынбасары Д.Азизов, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги басқарма баслығының орынбасары Р.Исомиддинов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, тараўда енгизилген жаңалықларға кеңнен тоқтап өтти.

Райондағы пуқаралар жыйынларында ис жүргизиў тәртиби, ҳәкимшилик-ҳуқықый ҳүжжетлер менен ислесиў ҳәм номенклатура бойынша топламларды ҳәм арнаўлы дәптерлерди қәлиплестириў бойынша толық мағлыўматлар берилди. Пикир-усыныслар билдирилди.

Усындай семинарлар бир неше күн даўамында республикамыздың басқа районларында да өткерилиўи күтилмекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги