Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм ишки базарда баҳаның турақлылығын сақлаў илажлары бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.
Азық-аўқат өнимлериниң арзан ҳәм жетерлилиги халық разылығының тийкарғы факторларынан бири. Оны тәмийинлеў мақсетинде кейинги 3 жылда азық-аўқат, шарўашылық, мийўе-овощ ҳәм аўыл хожалығының басқа да тармақларын раўажландырыў ушын 28 триллион сум кредит қаржылары ажыратылды. Тек ғана шарўашылық бағдарында 11 триллион сумлық жойбарлар әмелге асырылды.
Буннан тысқары, коронавирус пандемиясының нырққа тәсири есапқа алынып, усы жылы апрель айынан баслап тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлериниң импорты бажыхана төлемлеринен азат етилген.
Бирақ усыған қарамастан, кейинги ўақытларда гөш, мәйек, өсимлик майы ҳәм қумшекер өнимлериниң баҳасы кескин артты. Дүнья базарында өткен 9 айда өсимлик майы 15 процентке, Өзбекстанда болса 26 процентке артқан. Қумшекер баҳасының 5 процентке кемиўине қарамастан, елимизде 23 процентке қымбатлаған.
Мәжилисте ишки базарды азық-аўқат өнимлери менен толтырыў, баҳаның турақлылығын сақлаў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.
-Бүгиннен барлық илажларды көрип, әмелдеги системаны өзгертпесек, ертең қыс ҳәм бәҳәр айларында қыйын болады. Азық-аўқат өнимлерин көбейтип, базардағы баҳаны арзан етсек, адамларды, әсиресе, кем тәмийинленгенлерди разы ете аламыз,-деди Шавкат Мирзиёев.
Ҳәр бир ўәлаят, район ҳәм қала ҳәкиминде аймақ халқының кейинги жылдың май айына шекем гөш, мәйек, ун, май, қумшекер, гүриш, картошка, гешир ҳәм пиязға болған талабы, бул өнимлерди қашан, қайжерден алыў бойынша анық есап-санақ болыўы керек екенлиги атап өтилди.
Ҳәр бир аймақта азық-аўқат қәўипсизлиги бойынша өз алдына қорлардың шөлкемлестирилетуғыны белгиленди. Аймақ басшылары исбилерменлерди тартып, жетиспейтуғын тийкарғы азық-аўқат өнимлерин қор есабынан басқа жерден алып келиўди ямаса импорт етиўди жолға қояды. Бундай исбилерменлер ушын кредит процентиниң бир бөлеги Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў қорынан қаплап бериледи.
Импорт етилетуғын азық-аўқат өнимлериниң баҳасын арзанлатыў мақсетинде ири сырт ел ислеп шығарыўшыларының жергиликли биржадағы қатнасын кеңейтиў зәрүрлиги атап өтилди.
Ташкент қаласының ҳәр бир районына республиканың белгили бир ўәлаятын бириктирип, аўыл хожалығы өнимлерин сатыў орынларын ҳәм дала дүканларын шөлкемлестириў зәрүрлиги айтылды.
Видеоселектор мәжилисинде ўәлаятлар ҳәкимлери халықты азық-аўқат өнимлери менен айма-ай үзликсиз тәмийинлеў режелери бойынша есап берди.
ӨзА