Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қ а р а р ы
Соңғы жыллары халықтың кең қатламын исбилерменликке тартыў ҳәм олардың дәрамат дәреклерин кеңейтиўге қаратылған «Ҳәр бир шаңарақ-исбилермен», «Жаслар келешегимиз» ҳәм басқа да социаллық бағдарламалар шеңберинде жәми 13 триллион сумнан зыят жеңиллетилген кредитлер ажыратылып, 600 мыңнан аслам шаңарақларды қамтып алыўға ерисилди.
Бул бағдарламалар аймақларда исбилерменлик жумысы менен шуғылланыўы, оның турмыс тәризин жақсылаў ҳәм жумыс пенен бәнтлигин тәмийинлеў ушын түртки болып хызмет етпекте.
Соның менен бирге, арттырылған тәжирийбе және халықаралық әмелият комплексли ҳәм өз-ара бир-бирин толықтырыўшы кредит алыў имканиятынан ибарат болған бир пүтин системаны қәлиплестириўди талап етпекте.
Халықты исбилерменликке тартыў системасын жетилистириў, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған реформаларды избе-из даўам еттириў мақсетинде:
1.Халықты, әсиресе, жаслар ҳәм ҳаял-қызларды исбилерменликке кеңнен тартыў, микроқаржыландырыў системасын жетилистириў және исбилерменликти мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың төмендеги тийкарғы бағдарлары әмелиятқа енгизилсин:
халықтың исбилерменлик пенен шуғылланыўға қызығыўшылығы ҳәм мәрдарлығын арттырыў;
өз алдына исбилерменлик тараўында зәрүр көнликпелерди қәлиплестириўге қаратылған оқытыў системасын енгизиў, бул процесске халықаралық шөлкемлер, мәмлекетлик емес коммерциялық шөлкемлер ҳәм мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлерин кеңнен тартыў;
исбилерменликти қоллап-қуўатлаўға қаратылған микрокредитлеў системасын институционаллық жақтан жетилистириў ҳәм раўажландырыў;
халықтың исбилерменлигин қоллап-қуўатлаўға байланыслы социаллық бағдарламаларды экономикада әмелге асырылып атырған реформалар менен үйлескен ҳәм муўапықластырылған ҳалда ислеп шығыў;
исбилерменлик көнликпеси ҳәм тәжирийбесине ийе болған халықтың ҳәм басқа да киши бизнес ўәкиллериниң потенциалын жүзеге шығарыў арқалы олардың жумысын кеңейтиў ҳәм раўажландырыўға қаратылған толық системаны жаратыў;
исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бойынша бир пүтин системаны шөлкемлестириў ҳәм бирден-бир мәмлекетлик шөлкемлер тәрепинен әмелге асырылыўын ҳәм муўапықластырып барылыўын жолға қойыў.
- 2. Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қолап-қуўатлаў министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Жаслар ислери агентлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Саўда-санаат палатасы, Исбилерменликти раўажландырыў агентлиги ҳәм барлық буўындағы ҳәкимликлер аймақларда халықтың исбилерменликке қызығыўшылығын ҳәм мәпдарлығын арттырыўға қаратылған илажларды әмелге асырыўды өзлериниң тийкарғы жумыс бағдарларынан бири сыпатында белгилесин.
Министрлер Кабинети еки ай мүддетте тийисли минисрликлер, уйымлар ҳәм жергиликли мәмлекет ҳәкимият уйымлары тәрепинен халықаралық ҳәм жергиликли экспертлерди тартқан ҳалда халықтың исбилерменликке қызығыўшылығын, турмыс дәрежесин жақсылаўға умтылыўын ҳәм мәпдарлық сезимин күшейтиўге қаратылған мотивациялық илажлар бағдарламаларының тастыйықланыўын тәмийинлесин. Бунда табыслы жас исбилерменлер ҳәм тәжирийбели бизнес ўәкиллерин тартыўға итибар қаратылсын.
Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды усы бәнтте келтирилген илажларды әмелге асырыў процесинде мәмлекетлик емес коммерциялық шөлкемлердиң белсене қатнасыўын тәмийинлесин.
Жаслар ислери агенлиги халықты өзиниң турмысын жақсылаў, кәсип-өнер ҳәм бизнес пенен шуғылланыў арқалы дәрамат табыў және оларға усындай жумысты жолға қойыўдың әмелий жақларын үйретиўге қаратылған «коучинг» видео материаллар ҳәм сабақлықлар, мотивациялық роликлер таярлаў ушын таңлаў тийкарында социаллық буйыртпалар жайластырсын.
- 3. 2020-жыл 15-ноябрьден баслап жаслар ҳәм ҳаял-қызларды кәсип-өнер ҳәм исбилерменлик көнликпелерине оқытыўды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың төмендеги тәртиби орнатылсын:
Исбилерменликти раўажландырыў агентлиги ҳәм Бизнес ҳәм исбилерменлик жоқары мектеби тәрепинен мақулланған бағдарламалар ҳәм белгиленген талаплар тийкарында шөлкемлестирилген оқыў курсларын тамамлаған ҳәр бир питкериўши (жаслар, ҳаял-қызлар) ушын кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытыў бойынша мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлерине жумсалған қаржылардың 70 проценти, бирақ ҳәр бир питкериўши 1 миллион сумнан артық болмаған муғдарда мәмлекет тәрепинен компенсацияланады;
кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытыў бойынша мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлери курсларын табыслы тамамлап, олардың сертификатын (кейинги орынларда – арнаўлы сертификат) алған шахсларға өзиниң бизнесин шөлкемлестириў ушын усы қарардың 5-бәнтине муўапық микрокредит ажыратылады.
- 4. Исбилерменликти раўажландырыў агентлиги Бизнес ҳәм исбилерменлик жоқары мектеби менен биргеликте:
2020-жыл 15-ноябрьнен баслап халықты кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытыў бағдарламаларында қатнасыўшы мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлериниң электрон реестрин қәлиплестирип барсын ҳәм олардың жәриялылығын тәмийинлесин;
2022-жылдың 1-январынан сырт ел эксперертлерин тартқан ҳалда халықаралық стандартлар, соның ишинде, Халықаралық мийнет шөлкемлери ҳәм басқа да халықаралық шөлкемлердиң исбилерменликке оқытыў бағдарламалары ҳәм системасы тийкарында Исбилерменликке оқытыўдың бирден-бир системасын жолға қойсын.
- 5. Сондай тәртип орнатылсын, оған бола «Микрокредитбанк» АКБ тәрепинен мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлериниң арнаўлы сертификатын алған:
исбилерменлик басламасына ийе физикалық тәреплерге, соның ишинде, жаслар ҳәм ҳаял-қызларға өз бизнесин шөлкемлестириў ушын 33 миллион сумға шекем болған муғдардағы микрокредитлер тәмийнатсыз ажыратылады;
микрофирма ҳәм киши кәрхана шөлкемлестирген шахсларға үшинши шахстың кепиллиги, қамсызландырыў полислери, кредит есабынан сатып алынып атырған мүлклер гиреўи, Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қорының кепиллиги ҳәм нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған басқа да тәмийнат түрлери тийкарында 225 миллион сумға шекемги муғдарда микрокредитлер ажыратылады.
Онда микрокредитлер 3 жыл мүддетке шекем 6 айға шекем жеңиллетилген дәўир менен Орайлық банктиң тийкарғы ставкасында ажыратылады.
- 6. Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры жаслар ҳәм ҳаял-қызларды кәсип-өнер және исбилерменлик көнликпелерине оқытыў арқалы исбилерменлик жумысын жолға қойыўды қаржы дәреклери менен тәмийинлеў мақсетинде 100 миллион АҚШ доллары эквивалентинде қаржы ажыратсын. Усы қаржылардың:
9 миллион АҚШ доллары эквиваленти Исбилерменликти раўажландырыў агентлигине усы қарардың 3-бәнти екинши абзацында нәзерде тутылған илажларды қаржыландырыў ушын бийғәрез тийкарда;
1 миллион АҚШ доллары эквиваленти Жаслар ислери агентлигине усы қарардың 2-бәнтинде нәзерде тутылған илажларды қаржыландырыў ушын бийғәрез тийкарда;
90 миллион АҚШ доллары эквиваленти арнаўлы сертификатты алған жасларға (жәми 45 миллион доллар) ҳәм ҳаял-қызларға (жәми 45 миллион доллар) кредитлер ажыратыў ушын «Микрокредитбанк» АКБ ға 7 жыл мүддетке 3 жыл жеңиллетилген дәўир менен Орайлық банктиң тийкарғы ставкасында 4 процент бәнтке төмен процент ставкасында бағдарлансын.
«Микрокредитбанк» АКБ бул қаржыларды усы қарардың 5-бәнтиде көрсетилген жаңаша тәртипте микрокредитлеў мақсетлерине бағдарласын.
- 7. 2022-жыл 1-июльден баслап «Ҳәр бир шаңарақ-исбилермен», «Жаслар келешегимиз» ҳәм басқа да шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде мәмлекетлик мақсетли ресурслар есабынан кредитлер «Микрокредитбанк» АКБ тәрепинен исбилерменлик бағдары бойынша тийисли оқыў курсларын тамамлаған шахсларға бирден-бир микрокредитлеў бағдарламасы тийкарында ажыратылады.
- 8. «Микрокредитбанк» АКБ:
2021-жыл даўамында республиканың барлық район ҳәм қалаларында, соның ишинде, санлы технологияларды кеңнен енгизиў арқалы микрофинанслық хызметлерди көрсетиў имканиятын жарататуғын банк инфраструктуралары тармақларын шөлкемлестирсин;
өзи операторлық ўазыйпасын атқаратуғын Микроқаржыландырыў миллий системасын жаратыў ҳәм онда басқа қарыйдарға шөлкемлериниң мәпдарлық тийкарында қатнасыўын тәмийинлеўши система енгизиў бойынша илажлар режесин ислеп шықсын;
банктиң төменги буўыны хызметкерлерин толық қайта таярлаў ҳәм клиентке бағдарланған хызмет көрсетиў системасын енгизсин. Бунда тараўда жетискенликке ерискен ҳәм халықаралық тән алынған сырт ел финанс институтларында хызметкерлердиң тәжирийбе арттырыўын ҳәм алмасыўын шөлкемлестирсин;
арнаўлы сертификат алған шахслар ҳаққында мағлыўмат алмасыў мақсетинде микрокредитлеў бағдарламаларында қатнасып атырған кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытыў бойынша мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлери менен өз-ара электрон мәлимлеме алмасыў системасын жолға қойсын;
Қаржы министрлиги «Микрокредитбанк» АКБ басқарыўы қурамына социаллық бағдарланған микрокредитлеў тараўында жетерли тәжирийбеге ийе болған сырт елдиң тәжирийбели қәнигелериниң тартылыўын тәмийинлесин.
- 9. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги 2021-жылдың 1-январына шекем «Микрокредитбанк» АКБ ның жағдайын, әсиресе, жасларды ҳәм ҳаял-қызларды исбилерменликке тартыў бойынша жаңа бизнес моделин ислеп шықсын ҳәм онда төмендегилерге итибар қаратсын:
микрокредит алып соңынан турақлы исбилерменлик жумысын жолға қойған ҳәм өндирис көлемлерин кеңейткен ямаса кәмбағаллық дизиминен шыққан қарыйдарлардың саны ҳәм үлеси артып барыўын банк жумысы нәтийжелилигиниң тийкарғы көрсеткишлеринен (KPI) бири сыпатында белгилеў;
микрокредитлеў бағдарламалары шеңберинде кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытыў бойынша мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлери менен бирге ислесиўди әмелге асырыў ҳәм микрокредитлеў мақсетлеринде халықты финанслық саўатлылыққа оқытыўды шөлкемлестириў;
микрокредит алған исбилерменлердиң жумысын турақлы бақлап барыў ҳәм оларға мәсләҳәт және жәрдем бериў институтын шөлкемлестириў;
банк қарыйдарлары тәрепинен ислеп шығарылған өнимлер ушын қарыйдарларды табыў ҳәм базарларды кеңейтиўде жәрдемлесиў.
- 10. Исбилерменликти раўажландырыў агентлиги усы қарарда халықтың исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў бағдарында келтирилген механизмлер, атап айтқанда, оларды оқытыў, микрокредит ажыратыў бойынша жумысларды муўапықластырыў бойынша ўәкилликли мәмлекетлик уйым етип белгиленсин. Онда Агентлик:
Бизнес ҳәм исбилерменлик жоқары мектеби және Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги менен биргеликте халықты ҳәм исбилерменлерди исбилерменликке оқытыў бойынша жумысларды шөлкемлестиреди, муўапықластырады ҳәм бул бағдарда бирден-бир системаны қәлиплестиреди;
«Микрокредитбанк» АКБ менен биргеликте исбилерменлик бойынша оқыў курсларын тамамлап ҳәм кейин ала микрокредит алып жумыс алып барып атырған исбилерменлик субъектлерин мониторинг етип барыўдың бирден-бир «санлы» системасы енгизилиўин тәмийинлейди;
турақлы мониторинг ҳәм анализлер тийкарында исбилерменлик жумысын раўажландырыў ҳәм кеңейтиўди (үлкейтиўди) хошаметлеўши финанслық ҳәм финанслық емес қоллап-қуўатлаў илажларын жетилистириў ҳәм жаңаларын енгизиў бойынша усыныслар киргизип барады;
экономиканың тармақ ҳәм тараўларында әмелге асырылып атырған реформалардың исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бағдарындағы илажлар менен өз-ара муўапықлығын ҳәм толықтырыўшылығын тәмийинлеў ўазыйпаларынан келип шығып барлық түрдеги жеке исбилерменликти раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын ҳәм механизмлерин ислп шығыўды ҳәм әмелге асырыўды тәмийинлейди.
- 11. Исбилерменликти раўажландырыў агентлиги Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы ҳәм Әдиллик министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте халықты кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытыў бағдарламаларында қатнасатуғын мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлериниң электрон реестрин шөлкемлестириў ҳәм олардың оқытыўға сарыпланған қәрежетлерин компенсациялаў тәртибин тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин. Онда, атап айтқанда, төмендегилер нәзерде тутылсын:
мәмлекетлик емес кәсип-өнер билимлендириў шөлкемлери ҳәм жуўапкер мәкемелер арасында оқыўшылардың сабаққа қатнасын реал ўақыт режиминде мониторинг етиў, арнаўлы сертификатқа ийе питкериўшилер ҳаққында мағлыўматлар алыў имканиятын беретуғын уйымлараралық электрон бирге ислесиўди енгизиў;
мәмлекетлик емес кәсип-өнер билимлендириў шөлкемлериниң жумысын ең тийкарғы норма сыпатында олардың нәтийжелилиги, соның ишинде, арнаўлы сертификат алған питкериўшилердиң исбилерменлик ҳәм кәсип-өнер бойынша жумысын баслағанынан келип шыққан ҳалда баҳалап барыў;
компенсация бериўде жәриялылық ҳәм әдилликти тәмийинлеў, бул процессте ҳәр қыйлы өз мәпине пайдаланыў жағдайларының алдын алыўға қаратылған коррупцияға қарсы гүресиў комплаенс қадағалаў системасын жаратыў.
- 12. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 14-июльдеги ПҚ-4782-санлы қарарына муўапық Тиклениў ҳәм раўажланыў қорынан 2 миллион АҚШ доллары эквивалентиндеги қаржылар микрофинанслық хызметлер көрсететуғын шөлкемлер ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерге жаслар ҳәм ҳаял-қызларды киши исбилерменликке тартыў жойбарларын қоллап-қуўатлаўға бағдарлаў нәзерде тутылғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- 13. Бул қаржылар Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қорының ресурс базасын арттырыўға қаратылатуғыны ҳәм эксперимент сыпатында халықтың кең қатламларын исбилерменликке оқытыў ҳәм оған тартыў жойбарларын әмелге асыратуғын мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди мәмлекет тәрепинен қолап-қуўатлаў мақсетинде төмендегише тәртипте пайдаланылатуғыны белгиленсин:
мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң халықтың кең қатламларын исбилерменликке оқытыў ҳәм оларға микрофинанслық хызметлер көрсетиўден ибарат комплексли бағдарламаларды әмелге асырыў ушын Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры есабынан таңлаў тийкарында 5 жыл мүддетке, соның ишинде, бир жыллық жеңилликли дәўир менен жыллық 4 процентлик ставкада қарыз қаржылары ажыратылады;
мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерге қарыз қаржыларын ажыратыў ушын таңлаўды өткериў ҳәм олар менен социаллық шериклик ҳаққында шәртнамаларды дүзиў Исбилерменликти раўажландырыў агентлиги тәрепинен әмелге асырылады;
мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер өзлерине ажыратылған қарыздың бир бөлегин микрокредит шөлкемлерине шәртнама тийкарында ресурс сыпатында жайластырады;
мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерге қарыз қаржыларын ажыратыў ушын таңлаў шәртлери ҳәм баҳалаў нормалары Исбилерменликти раўажландырыў агентлиги тәрепинен Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды ҳәм бийғәрез экспертлердиң қатнасыўында ислеп шығылады ҳәм тастыйықланады және оқыў курслары менен қамтып алынатуғын аймақ ҳәм халықтың саны, микроқарыздың процентлик ставкасы, оқыў бағдарламаларының сапасы сыяқлы тийкарғы нормаларға тийкарланып усынысларды баҳалаўды нәзерде тутады.
Исбилерменликти раўажландырыў агентлиги бир ай мүддетте мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер арасында усы қаржылар есабынан қарыз ажыратыў бойынша таңлаўларды жәрияласын.
Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги ажыратылатуғын қаржылардың нәтийжели ҳәм мақсетли пайдаланылыўы үстинен мониторинг орнатсын.
- 14. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерге усы қарардың 13-бәнтине муўапық берилетуғын қарыз қаржылары есабынан микроқарызлар микрокредит шөлкемлери тәрепинен кең халық қатламларына, соның ишинде, жаслар ҳәм ҳаял-қызларға төмендеги шәртлер тийкарында ажыратылатуғыны белгиленсин:
қарыз алыўшы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң финанслық саўатлылығын арттырыўға, кәсиплик ҳәм исбилерменлик көнликпелерди қәлиплестириўге қаратылған бағдарламалардың талапларына сәйкес келиўи керек;
микроқарызлар исбилерменлик ҳәм дәрамат алыўға бағдарланған мақсетлер ушын бир қарыз алыўшыға 25 миллион сумнан аспаған муғдарда ажыратылыўы лазым;
микрокредит шөлкемлери қарыз алыўшы тәрепинен шәртнамаға муўапық миннетлемелериниң орынланыўын тәмийинлеў шәртисиз, соның ишинде, бир-бирин қоллап-қуўатлайтуғын топар кепиллиги тийкарында микрофинанслық хызметлер көрсетиўге ҳақылы.
- 15. 2021-жыл 1-январьдан баслап:
исбилерменлик субъектлерин мәмлекетлик дизимнен өткериўде алынатуғын мәмлекетлик бажы қаржыларының 20 проценти Саўда-санаат палатасына қаратылатуғыны;
мәмлекетлик активлерди сатыўдан түсетуғын қаржылардың Саўда-санаат палатасына қаратылатуғын бөлеги 3 проценттен 5 процентке шекем (Мәмлекетлик активлерди басқарыў, трансформация ҳәм меншиклестириў қорына қаратылатуғын бөлегин азайтыў есабынан) арттырылатуғыны белгиленсин.
- 16. Исбилерменликти раўажландырыў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы бойынша ўәкилликли офислери ашылсын ҳәм олардың үлги структурасы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Исбилерменликти раўажландырыў агентлигиниң шөлкемлестириўшилик ҳәм орайлық аппаратының структурасы 2 ҳәм 3-қосымшаларға муўапық тастыйықлансын.
Министрлер Кабинети усы қарардың талапларынан келип шыққан ҳалда еки ҳәпте мүддетте Исбилерменликти раўажландырыў агентлигиниң ҳәм Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қорының режелерин тастыйықласын.
- 17. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги еки ай мүддетте мәпдар министрликлер ҳәм мәкемелер менен биргеликте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- 18. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Бас министрдиң орынбасары Ж.А.Қўчқоров ҳәм Орайлық банктиң баслығы М.Б.Нурмуратовларға жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2020-жыл 13-октябрь