Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қ а р а р ы

Елимизде өсимликлер карантини системасын жаңа басқышқа көтериў, тараўға илим жаңалықларын, халықаралық әмелият ҳәм санлы технологияларды кеңнен енгизиў, аўыл хожалығы өнимлериниң экспорт көлемин ҳәм географиясын және де кеңейтиў, оларды жетистириў ҳәм таярлаў менен шуғылланатуғын исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў мақсетинде:

  1. 1. Министрлер Кабинети жанындағы Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясы (кейинги орынларда-Инспекция) системасындағы Өсимликлер карантини илимий орайы негизинде Өсимликлер карантини илимий-изертлеў орайы (кейинги орынларда-Орай) шөлкемлестирилсин.

Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң Термиз, Нөкис ҳәм Самарқанд филиалында және Әндижан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институтында Орайдың заманагөй лабораторияларға ийе болған регионаллық филиаллары шөлкемлестирилсин.

  1. 2. Төмендегилер Орай ҳәм регионаллық филиаллардың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

республика аймағында үлкен экономикалық зыян келтириўи мүмкин болған зыянлы организмлердиң фитосанитариялық қәўип анализин өткериў ҳәм олардың кирип келиўиниң алдын алыўға қаратылған илимий тийкарланған фитосанитариялық илажлар ислеп шығыў;

карантиндеги ҳәм басқа да қәўипли зыянлы организмлердиң ошақларын жоқ етиў ҳәм олардан аўлақ болған аймақларды белгилеў, олардың тарқалыўының алдын алыў және оларға қарсы гүресиў бойынша бағдарламаларды ислеп шығыў;

карантин объектлерин ҳәм өсимликлердиң басқа да қәўипли зыянлы организмлерин анықлаў ҳәм олардың диагностикасының экспресс-усылларын және оларға қарсы гүресиўдиң методларын ислеп шығыў;

зыянлы организмлердиң аўыл хзожалығы өнимлерине тәсирин илимий жақтан үйрениў, оларды зыянсызландырыўдың инновациялық усылларын ислеп шығыў ҳәм жаңа түрдеги энтомофаглар жаратыў;

Инспекция хызметкерлерине, исбилерменлик субъектлериниң агроном және энтомологларына билим бериў, олардың маманлығын арттырыў ҳәм оларды қайта таярлаў.

  1. 3. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

а) 2021-жыл 1-январьдан баслап:

жеке меншик сектор тәрепинен шөлкемлестирилген, аккредитациядан өткен карантин лабораториялары тәрепинен экспортқа жүкленип атырған мийўе-овощ өнимлерине ҳәм басқа да материалларға жуўмақ бериўге руқсат бериледи;

Инспекция тәрепинен экспортқа қолайлы мийўе-овощ өнимлерин жетистириў ҳәм таярлаў менен шуғылланатуғын исбилерменлик субъектлериниң қәнигелерине халықаралық стандартлар ҳәм импорт етиўши мәмлекетлердиң фитосанитариялық талаплары ҳаққында билим берип барыў бойынша турақлы түрде арнаўлы оқыў курслары шөлкемлестириледи;

б) 2021-жыл 1-апрельден баслап республика аймағына сырт еллерден өнимлерди алып кирген транспорт қураллары (самолётлар, темир жол вагонлары ҳәм контейнерлери, жүк автомашиналары) жүк ханаларын карантин қадағалаўынан өткериў ҳәм «детектор-хызмет ийт»леринен пайдаланыў және зәрүр жағдайларда фумигациялаў (зыянсызландырыў) системасы енгизиледи;

в) 2020-жыл 1-ноябрьден баслап:

экспортқа қолайлы аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў, таярлаў ҳәм қадақлаў менен шуғылланатуғын исбилерменлик субъектлерине өнимлерди сырт еллерден фитосанитария талапларына муўапықластырыў, тийисли мәсләҳәтлер ҳәм әмелий жәрдем бериў ушын өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекторлары бириктириледи

өз аймағында анықланған зыянлы организмлер және фитосанитариялық атыз қадағалаўын өткериў ҳаққында Инспекцияға ықтыярлы түрде мүрәжат еткен ҳәм олардың ақыбетлерин сапластырған пуқаралар ҳәкимшилик жуўапкершиликтен азат етиледи.

  1. 4. Төмендегилер:

2020-2023-жыллары Өзбекстан Республикасында өсимликлер карантини жумысын жетилистириў бойынша «Жол картасы» 1-қосымшаға муўапық;

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында 2020-2021-жыллары шөлкемлестирилетуғын өсимликлер клиникалары, биолабораториялар ҳәм қадақлаў цехларының болжаў көрсеткишлери 2-қосымшаға муўапық;

Министрлер Кабинети жанындағы Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясының шөлкемлестириў структурасы 3-қосымшаға муўапық;

Министрлер Кабинети жанындағы Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясы орайлық аппаратының структурасы 4-қосымшаға муўапық;

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекцияларының (кейинги орынларда – аймақлық инспекциялар) үлги структурасы 5-қосымшаға муўапық;

өсимликлер карантини аймақлық инспекциялары хызметкерлериниң саны 6-қосымшаға муўапық;

автомобиль жолларындағы, темир жол станциялар, аэропортлар, дәрья порты ҳәм СИЖ постларындағы өсимликлер карантини бойынша шегара пунктлери және почтамттағы пункт дизими 6а-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. 5. Усы қарардың 1-қосымшасында белгиленген илажларды қаржыландырыў Мәмлекетлик бюджет қаржылары, Өсимликлер карантини системасын раўажландырыў қорының қаржылары және нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан әмелге асырылатуғыны;

Инспекция басшысы, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлерине 2020-2021-жыллары шөлкемлестирилетуғын өсимликлер клиникалары, биолабораториялар ҳәм қадақлаў цехларының өз ўақтында қурылыўы және иске қосылыўы бойынша жеке жуўапкершилик жүкленетуғыны белгиленсин.

  1. 6. Министрлер Кабинети бир ай мүддетте Орай ҳәм оның регионаллық филиалларының жумысын шөлкемлестириў ҳаққында Ҳүкимет қарарының жойбарын қабыл етсин.

Онда, Орай «Өзагрохимияқорғаў» АЖ жанындағы «Өсимликлерди қорғаў илимий-изертлеў институты» ЖШЖға қараслы Ташкент ўәлаяты, Қибрай районы, Бабур көшеси 4-жай мәнзилинде жайластырылатуғыны нәзерде тутылсын.

  1. 7. Орай ҳәм оның регионаллық филиалларының хызметкерлерине республикалық илимий-изертлеў мәкемелери хызметкерлери ушын нәзерде тутылған мийнетке ҳақы төлеў ҳәм материаллық хошаметлеў шәртлериниң енгизилетуғыны;

Орай ҳәм оның регионаллық филиалларының жумысын қаржылай тәмийинлеў Мәмлекетлик бюджет қаржылары, грантлар, бюджеттен тысқары қаржылар, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан әмелге асырылатуғыны;

Орай ҳәм оның регионаллық филиалларының жумысын қаржыландырыў 2020-жылы Мәмлекетлик бюджеттен Инспекцияға ажыратылған қаржылар шеңберинде әмелге асырылатуғыны және 2021-жылдан баслап оның ушын Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде зәрүр қаржылар нәзерде тутылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. 8. Өсимликлер карантини илимий-изертлеў орайы ҳәм оның регионаллық филиалларына бириктирилип атырған мәкемелер дизими 7-қосымшаға муўапық тастыйықлансын. Онда, ҳәр бир мәкеме үлкен экономикалық зыян келтириўи мүмкин болған зыянлы организмлердиң фитосантиратиялық қәўип анализин өткериў, кирип келиўиниң алдын алыў ҳәм оларға қарсы гүресиў бойынша илимий тийкарланған илажлар ислеп шығыў ушын қәнигелерди бириктиреди.
  2. 9. Илимлер академиясы Инновациялық раўажланыў министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги және Инспекция менен биргеликте усы қарарға 7-қосымшада келтирилген мәкемелер жанында туқымлар, өсимликлер, өсимлик өнимлери ҳәм басқа да материалларды карантин тексериўи ҳәм экспертизадан өткериў бойынша карантин лабораторияларын шөлкемлестирсин. Онда:

Инновациялық раўажланыў министрлиги илимий жумысқа байланыслы мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде илимий жойбарларда олардың материаллық-техникалық базасын буннан былай да жетилистириўге қаржылар жумсалыўын;

Илимлер академиясы Аўыл хожалығы министрлиги, Инновациялық раўажланыў министрлиги менен биргеликте илимий-изертлеў институтлары ҳәм Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң хызметкерлери лабораторияларға бириктирилиўин және заманагөй әсбап-үскенелерде ислесиў көнликпелерин қәлиплестириў ушын сырт елде стажировкалар шөлкемлестирилиўин тәмийинлесин.

  1. 10. Инспекция ҳәм орай ўазыйпаларынан келип шығып:

Илимий-изертлеў институтлары жанындағы карантин лабораториялары тәрепинен әмелге асырылатуғын илажлар режеси 8-қосымшаға муўапық;

республикадағы биолабораториялар ҳәм өсимликлер клиникаларын тийисли илимий-изертлеў ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелериниң кафедраларына бириктириў кестелери 9- ҳәм 9а-қосымшаларға муўапық тастыйықлансын.

Онда, биолабораториялар ҳәм өсимликлер клиникаларының жумысын ҳәр бир аймақтың өзгешеликлери ҳәм топырақ-климат шараятларынан келип шығып, жаңа түрдеги энтомофагларды көбейтиў ҳәм өним жетистириўшилерге хызмет көрсетиў бойынша  инновациялық усылларды ислеп шығыў, тийисли бағдарлар бойынша методикалық ҳәм әмелий жәрдем бериў арқалы илимий-изертлеў институтлары ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелериниң кафедралары муўапықластырып барады.

  1. 11. Аўыл хожалығы министрлиги Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте:

Инспекцияның хызметкерлерине қойылатуғын қәнигелик талаплары тийкарында тийиcли жоқары билимлендириў мәкемелеринде өткерилетуғын 144 саатлық қысқа мүддетли курсларды ислеп шықсын және Өсимликлер ҳәм аўыл хожалығы өнимлериниң карантини  билимлендириў бағдарларының оқыў режесин қайта көрип шықсын;

2021/2022-оқыў жылынан баслап Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң Нөкис филиалында Өсимликлер ҳәм аўыл хожалығы өнимлериниң карантини тәлим бағдары бойынша кадрлар таярлаўды жолға қойсын;

Инспекцияның орта буўын кадрларына болған талабынан келип шығып, 2021/2022-оқыў жылынан баслап барлық аўыл хожалығына қәнигелескен профессионал билимлендириў мәкемелеринде «Өсимликлерди қорғаў лаборанты» ҳәм «Өсимликлерди қорғаў ҳәм карантини агрономы» сыяқлы қәнигеликлер бойынша кадрлар таярлаўды жолға қойсын.

  1. 12. Инспекция:

а) төмендегилерди Министрлер Кабинетине киргизсин:

 еки ай мүддетте  Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги, Транспорт министрлиги, Мәмлекетлик бажыхана комитети және мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте тез бузылатуғын мийўе-овощ өнимлери экспортқа жүкленетуғын орынларда зәрүр инфраструктура жаратыў ҳәм үскенелер менен тәмийинлеў бойынша усынысларды;

2021-жыл 1-июльге шекем  Мәмлекетлик бажыхана комитети және басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте өсимликлер карантини шегара пунктлерин республика аймағына алып кирилип атырған карантин астындағы өнимлердиң  түри бойынша қәнигелестириў бойынша тийисли қарар жойбарын;

еки ай мүддетте Өзстандарт агентлиги менен биргеликте жеке меншик сектор тәрепинен шөлкемлестирилген, аккредитациядан өткен карантин лабораториялары тәрепинен экспортқа жүкленип атырған мийўе-өнимлерине шешим бериў тәртибин;

б) Аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў бойынша Халықаралық конвенция секретариаты менен бирге ислесиўди беккемлеў және 2020-2022-жыллары тараўдағы халықаралық стандартларды миллий нызамшылыққа басқышпа-басқыш үйлестириў илажларын көрсин;

в) 2021-жыл 1-январьға шекем Мәмлекетлик бажыхана комитети және Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте “e-Fitouz” автоматластырылған мәлимлеме системасын «Бир айна» бажыхана мәлимлемелестирилген системасына интеграциялаў жумысларын толық жуўмақласын. Онда:

Аўыл хожалығы министрлиги, Кадастр агентлиги, Гидрометеорология хызмети орайы тийисли түрде өсимликлер ҳәм өсимлик өнимлерин жетистиретуғын фермер ҳәм дийқан хожалықлары, бағ-жүзимзарлықлар, халықтың қыйтақ жерлери, ҳаўа-райы ҳаққындағы мағлыўматлар Инспекцияның “e-Fitouz” автоматластырылған мәлимлеме системасына турақлы киргизилиўи ушын оларды турақлы түрде усынып барсын;

Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте 2020-жыл 1-декабрьге шекем “e-Fitouz” автоматластырылған мәлимлеме системасы базасында «егислик майданнан экспортқа шекем» болған шынжырды  қамтып алыўшы системаны жаратсын ҳәм иске қоссын;

карантиндеги ҳәм экспортқа унамсыз тәсир етиўши басқа қәўипли зыянлы органзимлер тарқалған және олардан аўлақ болған аймақлардың электрон карталары жүргизилиўин енгизсин;

«егислик майданнан экспортқа шекем» болған шынжырда  «бар-код» системасын  ислеп шығыў бойынша әмелий илажларды көрсин.

  1. 13. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги Орай ҳәм оның регионаллық филиаллары, илимий-изертлеў институтлары ҳәм Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң карантин лабораториялары барлық зәрүр лаборатория үскенелери ҳәм техникалық қураллар менен үскенелениўи ушын еки ай мүддетте 50 миллион АҚШ доллары муғдарындағы грант қаржыларын тартыў илажларын көрсин.
  2. 14. «Өзстандарт» агентлиги карантин лабораторияларының жумысын халықаралық стандартларға муўапық шөлкемлестириў мақсетинде Конвенцияның лаборатория диагностикасы бағдарындағы стандартлары белгиленген тәртипте дизимнен өткерилиўин тәмийинлесин.
  3. 15. Кадастр агентлиги, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги және Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Жиззақ, Наўайы, ҳәм Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкимлериниң 10-қосымшаға муўапық имаратларды аймақлық инспекцияларға оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында бериўи ҳаққындағы келисими мақуллансын.

Онда, «Өзпахтасанаат» АЖ системасындағы шөлкемлерге тийисли имаратлар қайта баҳаланған базар баҳасында Қаржы министрлиги жанындағы Аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қоры ҳәм Мәмлекетлик бюджет алдындағы бар қарыздарлықларды қысқартыў есабынан берилетуғыны белгиленсин.

  1. 16. Усы қарарда белгиленген илажлардың нәтийжели ҳәм өз ўақтында әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде:

а) Бас министрдиң орынбасары Ш.Ғаниев бир ҳәпте мүддетте шөлкемлестириў мәжилисин өткерип, жуўапкер министрликлер, уйымлар ҳәм ҳәкимликлердиң ўазыйпаларын анық белгилеп берсин және Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери тәрепинен аймақлар кесиминде әмелге асырылатуғын илажлардың тастыйықланыўын тәмийинлесин;

б)  Инспекция (Эргашев):

еки ай мүддетте экспортқа қолайлы аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў, таярлаў ҳәм қадақлаў менен шуғылланатуғын исбилерменлик субъектлерине өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекторларының бириктирилиўин тәмийинлесин;

2020-жылдың ақырына шекем  экспорт етилетуғын жергиликли аўыл хожалығы өнимлери ушын халықаралық фитосанитариялық сертификат берилиўи, олар жетистирилген атыз, бағ ҳәм тармақлардың қыйтақ жерлерди қадағалаў қадағалаў нәтийжесинде берилетуғын  ишки фитосанитария сертификатын енгизиў бойынша қарар жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин;

бир ай мүддетте  Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы ҳәм ўәлаятлар ҳәкимлери менен биргеликте 2021-жылдың ақырына шекем  кластерлер аймағында мәмлекетлик–жеке меншик шериклик тийкарында биофабрика шөлкемлестириў. оларда жаңадан инновациялық технологиялар тийкарында энтомофагларды көбейтиў бойынша Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;

2021-жыл 1-январьдан баслап Орайда экспортқа қолайлы өним жетистириўши, таярлаўшы, сортлаўшы ҳәм қадақлаўшы исбилерменлик субъектлериндеги  бирге ислесиўди тәмийинлеўши хызметкерлердиң  арнаўлы оқыў курсларында оқытылыўын шөлкемлестирсин;

 алты ай мүддетте  Сыртқы ислер министрлиги және Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги менен биргеликте республика мәплеринен келип шыққан ҳалда 2020-2023-жыллар даўамында Әзербайжан, Қатар, Түркия, Латвия, Литва, Украина, Египет, Монғолия, Чили, Аўғанстан Ислам Республикасы ҳәм басқа да мәмлекетледиң өсимликлер карантини тараўындағы ўәкилликли уйымлары менен бирге ислесиў бойынша еки тәреплеме келисимлер дүзилиўин тәмийинлесин;

ҳәр шеректе әмелге асырылған жумыслар бойынша Министрлер Кабинетине мәлимлеме киргизип барсын;

в) Аўыл хожалығы министрлиги (Ходжаев) инспекция менен биргеликте жергиликли мийўе-овощ экспортына унамсыз тәсир көрсететуғын карантиндеги ҳәм басқа да қәўипли организмлерге қарсы нәтийжели гүресиў, олардың тарқалыўының оператив алдын алыў ушын АҚШ, Европа Аўқамы ҳәм басқа да алдынғы мәмлекетлердиң тәжирийбелерин үйрениў нәтийжелери тийкарында қолланылатуғын  инновациялық химиялық препаратлар ҳәм пестицидлердиң орнатылған тәртипте руқсат етилген дизимин турақлы түрде муўапықластырып барсын;

г) Сыртқы ислер министрлиги (Арзиев)  турақлы түрде сырт еллердиң ўәкилликли уйымлары менен өз-ара келисимге ерисиў арқалы жергиликли мийўе-овощ өнимлериниң  экспорт базарларын кеңейтиў бойынша зәрүр илажларды әмелге асырсын ҳәм бирге ислесиў бойынша еки тәреплеме келисимлер дүзиўде ҳәр тәреплеме жәрдемлессин;

д) Мәмлекетлик бажыхана комитети (Азимов) және Ишки ислер министрлиги (Бобожонов) инспекция талапларынан келип шығып, 2020-жыл декабрьден баслап 5 еўден өсимликлер карантини тараўындағы «детектор-хызмет ийт»лери және 5 еўден кинологлар таярлап берилиўин тәмийинлесин;

е) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери:

бир ай мүддетте  усы қарарға 2-қосымшада белгиленген болжаў көрсеткишлери бойынша Инспекция ҳәм «Өзагрохимияқорғаў» АЖ менен келисилген ҳалда анық инвестициялық ҳәм социаллық миннетлемелерди белгилеп, альтернатив жер майданлары “E-IJRO AUKSION” саўда майданшасына қойылыўын тәмийинлесин;

Инспекция менен биргеликте мийўе-овощ экспортёрлары менен оларда бар машқалаларды анықлаў ҳәм оператив сапластырыў мақсетинде  ҳәр шеректе кеминде бир мәрте семинар ҳәм ушырасыўлар өткериў әмелиятын жолға қойсын.

  1. 17. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 28-марттағы «Өсимликлер карантини бойынша мәмлекетлик хызмет жумысының нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-3626-санлы қарарының 2, 3, 4 ҳәм 8-бәнтлери және оған 1-6-қосымшалар өз күшин жойытқан деп есаплансын.
  2. 18. Инспекция мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. 19. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйлери Р.А.Гулямовқа, А.А.Абдувахитовқа, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ш.М.Ғаниевқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                   Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 13-октябрь