Мәмлекеттиң мәмлекетшилиги, халықтың халықшыллығы қыйын ўақытларда билинеди. Тилекке қарсы, 2020-жыл оғада аўыр келди. Коронавирус бәлеси, ол келтирген социаллық-экономикалық кризис жетпегениндей, бир ҳәпте ишинде Бухара ҳәм Сырдәрья ўәлаятларында тәбийғый-техногенлик апатлар жүз берди.
Президент Шавкат Мирзиёев еки жерге де жедел жетип барып, жағдайды өз қадағалаўына алған еди. «Сабырлылық етип, қыйыншылықты ийинлеп, шыдаўымыз керек. Бир де бир үй, бир де бир адам итибарсыз қалмайды», деген еди Президент сол ўақытта.
Бәринен бурын, ең үлкен қыйыншылықты мәмлекетимиз басшысы өз мойнына алды. Апатшылықтың ақыбетлерин сапластырып, турмысты тиклеў жумысларының басы-қасында болды. Бул болса жәбир көргенлерге күш болып, пүткил халқымыз бирлести. Кимдур қаржысы, кимдур мийнети менен жәрдемге келди.
Сардоба суў сақлағышы бөгетиниң жарылыўы ақыбетинде 2 мың 211 үй жарамсыз ҳәм 2 мың 499и оңланыў жағдайына келип қалған еди. Мәмлекетимиз басшысы сол гезде бул жағдайды көрип, ўайран болған мәҳәллелерди тек бурынғы ҳалатына қайтарыў емес, ал оннан да жақсы етиў, ҳәммениң ҳәўеси келетуғын орайға айландырыўға ўәде берген еди.
Усы мақсетте үш аймақ таңланып, 50 гектар майданда 5 қабатлы 86 турақ жай қурылды. Атап айтқанда, Сардоба районы «Дослық» мәҳәллесинде 37, Мирзаабад районы «Ҳақыйқат» мәҳәллесинде 40 және «Нәўбәҳәр» мәҳәллесинде 9 турақ жай қурылды. Оларда улыўма 2 мың 640 квартира бар.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев усы қурылыс жумыслары менен танысыў мақсетинде 13-октябрь күни және Сырдәрья ўәлаятына келди. Мәмлекетимиз басшысы дәслеп Мирзаабад районындағы «Ҳақыйқат» мәҳәллесине барды.
– Суў тасқыны оғада үлкен зыян болды. Ҳәм апатшылық ақыбетлерин сапластырыў, ҳәм қысқа мүддетте адамларды разы етиўимиз керек еди. Оған анаў-мынаў мәмлекеттиң шыдаўының өзи болмайды. Ҳәр бир адам менен сөйлестик. Министрликлер, аймақларды тартып, жедел жумыс шөлкемлестирилди. Суўық күнлерге қалдырмастан, шаңарақларды жай менен тәмийинлеўге еристик. Ең үлкен мәселе – адамлардың кеўилиндеги уўайымы кетти, олар разы болды, – деди Шавкат Мирзиёев.
Алдын бул жерлердеги көп жайларда тәбийғый газ жоқ еди. Енди газ, суў, электр энергиясы ҳәм басқа да коммуникациялар менен тәмийинленген. Және бир әҳмийетли тәрепи – жаңа квартира ийелериниң алдынғы ҳәўлилери де өзлеринде қалды.
Мәмлекетимиз басшысы сол қыйын күнлерде пүткил халқымыз бирлесип ҳәрекет еткенине үлкен итибар қаратты.
– Пүткил мәмлекетимизден қәнигелер келди. Бул жерде Қарақалпақстан ҳәм ҳәр бир ўәлаяттың өз көшеси бар. Бирлессек, мийримли болсақ, көп жумысларды әмелге асырыўымызға ҳәмме исенеди, – деп атап өтти Шавкат Мирзиёев.
Көп қабатлы жайлар пайызлы, ҳәўлилери абат. Бул мәҳәлле Жаңа Өзбекстан, деп аталған.
– Жаңа Өзбекстан делингенинде де бир мәнис бар. Егер халқымызға мақул болса, бундай жайларды басқа аймақларда, халқы тығыз қалаларда да қурамыз. Ҳәр бир квартал жанында жумыс орынларын да шөлкемлестиремиз. Улыўма айтқанда, қурыў ҳәм жасаў мәдениятымыз өзгериўи керек, – деди Президент.
Жаңа кварталда мәҳәлле гүзары, дүкан, китапхана, балалар майданшасы қурылған. Үйлерге хызмет көрсететуғын сервис компаниясы шөлкемлестирилген.
Турақ жай ларды эксплуатациялаў системасын нәтийжели жолға қойыў бойынша көрсетпелер берилди.
Мәмлекетимиз басшысы буннан соң Ақалтын районындағы «Нурафшон орзу бўстони» фермер хожалығы атызында болып, пахта өнимин көзден өткерди.
Бул пахталарды жетистириўдиң өзи болған жоқ. Сардоба суў сақлағышының тасқыны аўыл хожалығына да үлкен зыян келтирген. Атап айтқанда, Сардоба, Мирзаабад ҳәм Ақалтын районларындағы 20 мың гектарға шамалас егислик майданын суў басқан еди.
Өнимди сақлап қалыў ушын көшпели насослар жәрдеминде суў қашырылып, жер культивацияланды ҳәм қайта исленди. Имкансыз жерлердеги атызлар сүрилип, қайтадан басқа егинлер егилди. Тегис ашылған пахта әне усындай машақатлы мийнеттиң нәтийжеси болып есапланады.
«Нурафшон орзу бўстони» фермер хожалығы «Ақалтын АПК» пахта тоқымашылық кластериниң шериги.
Бул жерде кластерлердиң басшылары ҳәм фермерлер менен сөйлести. Пахтаны қайта ислеп, шийки затты таяр өнимге айландырып, қосымша қун жаратыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
– Кластер ҳәм мәпдарлық – Өзбекстан аўыл хожалығының келешеги. Илим ҳәм инновацияларды енгизбей турып, бул тараўды бәсекиге шыдамлы етип болмайды, – деди Президент.
Усы кластер тәрепинен 2021-2022-жылларда әмелге асырылатуғын жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берилди. Атап айтқанда, Ақалтын районында жылына 30 мың тонна шигитти қайта ислеў бойынша баҳасы 4 миллион доллар және 50 мың тонна дәнди қайта ислеў бойынша баҳасы 5,8 миллион доллар болған жойбарлар әмелге асырылыўы режелестирилген.
Мәмлекетимиз басшысы Сырдәрья ўәлаятының Ақалтын районындағы «Янги Тошкент» мәҳәллесин барып көрди.
Бул жерде 130 коттедж оңланып, коммуникация тармақлары тикленген. Жаңа мәҳәлле гүзары, саўда ҳәм турмыслық хызмет шақапшалары, китапхана, спорт комплекси, ишки жоллар қурылған.
Президент Шавкат Мирзиёев қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларын көзден өткерди. Халық пенен сөйлести.
– Бул жерге келгенимде жағдай оғада қыйын еди. Бул мениң үйим, туўысқанларым, перзентлерим, деп жүрегимнен өткердим. Ақша табыў, шөлкемлестириў аңсат болған жоқ. Қудайға шүкир, ҳәммеси артта қалды. Бул үйлер сизлерге буйырсын. Енди бул абатлықты сақлап, жақсы жасап, жақсы тойлар бериң. Мениң ең үлкен мақсетим – жасларды бахытлы көриў, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Мәҳәлледе «Нафис либослар» тигиўшилик кәрханасы да шөлкемлестирилди. Онда 50ден аслам ҳаял-қызлар жумыс баслады. Президентимиз олар менен сөйлести.
– Ҳаял-қызларға итибарды және де күшейтемиз. Ҳаялды разы ете алсақ, жәмийетимиз пайызлы болады, ҳәмме режелеримизди әмелге асыра аламыз, – деди Шавкат Мирзиёев.
Кәрхана келеси жылы толық қуўатлылыққа шыққан соң, жылына 500 мың дана өним ислеп шығарылады. Олардың бир бөлегин экспорт етиў режелестирилген.
Мәмлекетимиз басшысы шаңарақлық поликлиникаға кирип, денсаўлықты сақлаў хызметкерлери менен сәўбетлести. Медицина менен спорттың үйлесиўин күшейтип, адамларды саламат турмыс тәризине үйретиў, халықтың өмирин узайтыў мәселелери додаланды.
– Көп жүриў менен дурыс аўқатланыў мәдениятын жолға қойып алсақ, медицинадағы 30-40 процент мәселени шешкен боламыз, – деди Шавкат Мирзиёев.
Бул бағдардағы үгит-нәсиятлаўды кеңейтиў, хошаметлеў механизмлерин ислеп шығыў бойынша көрсетпелер берилди.
Президент Шавкат Мирзиёев Сардоба районындағы «Сардоба Оқсарой текстиль» кәрханасының жумысы менен танысты.
«Oqsaroy klaster» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қурамындағы усы кәрхана жылына 3,5 миллион долларлық таяр гезлеме ҳәм кийимлер ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Өнимлерди 100 процент экспорт етиў мөлшерленген. Түркиядан заманагөй тигиў машиналары ҳәм энергия үнемлеўши суўытыў системасы алып келинип орнатылған. Жойбардың биринши басқышында 500 жумыс орны жаратылған.
Мәмлекетимиз басшысы бул жерде жумыс баслаған ҳаял-қызларды жаңа үй ҳәм жумыс орынлары менен қутлықлады.
– Апатшылық жүз берген күнлери бир адамларда ертенги күнге исеним жоғалып қалған еди. Бүгин сизлердиң көзиңизде исеним ушқынларын көрип турғанымнан қуўанышлыман. Ҳаяллар ислесе, кейпияты жақсы болады. Ҳаялдың кейпияты жақсы болса, перзентлериниң кейпияты, тәрбиясы жақсы болады, шаңарақта, жәмийетте орталық өзгереди. Соның ушын ҳаял-қызларға жумыс орынларын көбейтиўге ҳәрекет етип атырмыз,- деди Шавкат Мирзиёев.
Бул жерде тоқымашылық өнимлерин ислеп шығарыўды кеңейтиў, жеңил санаатта қосымша қун шынжырын жаратыў бойынша жойбарларды таныстырыў өткерилди.
Мәмлекетимиз басшысы 15-май күни Сардоба районында болғанында «Дослық» мәҳәллесинде жаңа жайлар қурылысының тырнағын қойды. Қысқа ўақытта бул жерде 1 мың 480 квартиралы 37 турақ жай қурылып питкерилди.
Президент Шавкат Мизиёев бул реттеги сапарында усы заманагөй кварталды көзден өткерди.
Жайлар бес қабатлы болып, еки ҳәм үш ханалы квартилардан ибарат. Турақ жайларды қурыўда энергия үнемлеўши материаллардан пайдаланылған. Жаңа кварталда барлық коммуникация тармақлары бар. Мәҳәлле гүзары, балалар майданшалары қурылып, аймақ абаданластырылған.
Жайлар таяр ҳалда, суў тасқынынан зыян көрген шаңарақларға бийпул тапсырылады. Алдын усы мәҳәлледе жасаған Бахтияр ҳәм Қимматхан Мирзаевлардың шаңарағына да үш ханалы квартира ажыратылған.
Мәмлекетииз басшысы сол үйге кирип , шараятларды көзден өткерди.
Президент Шавкат Мирзиёев «Дослық» мәҳәллесинде сырдәрьялы белсендилер, суў тасқынынан зыян көрген адамлар менен ушырасты.
Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң басында ўәлаяттың халқы менен усындай абатлықты, ашық жүз бенен көрисип турғанынан қуўанышлы екенлигин билдирди.
– Соңғы бес айда ҳәммемиз сынақтан өттик. Аўызбиршиликли болып, мәртлик, мийнет пенен шараятты тикледик, жаңа жайлар, жоллар қурылды. Бүгин бул жумысларды көрип, әлбетте қуўандым. Бирақ, маған ең үлкен күш, қуўаныш берген зат адамлардың кейпияты, – деди Шавкат Мирзиёев.
Сардоба суў сақлағышының жарылыўы турақ жайлар, жәмийетлик объектлер ҳәм аўыл хожалығы атызларына үлкен зыян жеткерген еди. Ҳүкимет комиссиясы дүзилип, оның ақыбетлерин сапластырыўға барлық күш ҳәм қураллар тартылды. Суў басқан мәҳәллелердиң халқы қәўипсиз аймақларға эвакуацияланып, баспана ҳәм азық-аўқат пенен тәмийинленди. Айрықша жағдайлар министрлиги, Суў хожалығы министрлиги, Қорғаныў министрлиги, ҳуқық-қорғаў уйымлары, қурылыс-оңлаў шөлкемлери ҳәм жергиликли ҳәкимликлер өз-ара муўапық ҳәрекет етип, турмыс шараятлары қысқа мүддетте тикленди.
Үш жаңа квартал қурылды. Бақша ҳәм мектеплер, колледжлер ҳәм денсаўлықты сақлаў мәкемелеринде қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылды. Суў басқан аймақлар бүгин бурынғысынан жақсыланып, жаңа түрге ийе болды.
– Халқымыздың разылығын биринши күннен тийкарғы масқетимиз, сүренимиз етип таңладық. Қыйын, бирақ соның ушын ислеп атырмыз. Сырдәрьядағы қурылыслар, өзгерислер усының менен шекленип қалмайды, және даўам етеди. Оның ушын үлкен мақсетлер белгиледик, – деди Президент.
Ушырасыўда суў тасқынынан зыян көрген Сардоба, Ақалтын ҳәм Мирзаабад районлары халқының жасаў шараятларын жақсылаў, турақ жайлар қурыў ҳәм оңлаў, халықтың саламатлығын қорғаў, инфраструктура объектлерин тиклеў, жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында айтып өтилди.
Жуўапкер министрликлер ўәлаят белсендилерине бул бағдарда орынланған жумыслар ҳәм режелестирилген жойбарлар ҳаққында презентация иследи.
Ушырасыўда сөзге шыққанлар елимизде бир де бир инсанды, бир де бир шаңарақты ҳәр қандай апатшылық ҳәм машқала алдында жалғыз қалдырмаймыз, барлық зәрүр жәрдемди әлбетте көрсетемиз, деген қалыс, пәк ҳәм жақсы нийет пенен жумыс алып барылғаны, соның нәтийжесинде гөзленген мақсетлерге ерисилгени атап өтилди. Атап айтқанда, Президентимиз жеке өзи басы-қасында болып, үйсиз қалған адамларды жаўынлы күнлерге қалдырмастан, баспана менен тәмийинлеў ушын үлкен жумыслар әмелге асырылғанлығы атап өтилди.
Пандемия шараятына қарамастан, бүгин Сырдәрья ўәлаятында әмелге асырылған бийтәкирар қурылыс жумыслары, халқымыздың дөретиўшилик руўхы, бизиң уллы қүдретимизди, қандай нәрселерге уқыплы екенимизди және бир мәрте көрсетти. Бул сырдәрьялылардың руўхын шексиз қуўандырып, ертенги күнге, халқымыздың абаданлығына қаратылған реформаларға исенимин беккемледи.
Соның менен мәмлекетимиз басшысының Сырдәрья ўәлаятына сапары жуўмақланды.
Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Абдулазиз МУСАЕВ,
Матназар ЭЛМУРОДОВ,
ӨзАның хабаршылары