Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 12-октябрь күни интеллектуаллық мүлк объектлерин қорғаў системасын жетилистириў илажлары бойынша мәжилис өткерди.

Илим ҳәм инновацияны раўажландырыў, бул тараўдағы жетискенликлерди жоқары қосымша қунлы өнимге айландырыўда интеллектуаллық мүлкти исенимли қорғаўды тәмийинлеў жүдә әҳмийетли. Дүньяда товарлардың бренд баҳасы жоқары болып есапланады. Интеллектуаллық мүлк Европада жалпы ишки өнимниң 45 процентин, Қытайда 12, Россияда 7 процентти қурайды.

Тилекке қарсы, елимиз бул бағдарда дүнья базарынан узақласып кетти. Тийисли уйымлар ҳәм ямаса аймақ басшылары интеллектуаллық мүлк мәселесине итибар бермеди. Соның ушын ойлап табыўшы илимпаз ҳәм дөретиўшилеримиз сырт елге шығып кетти. Илимий институтларымыз инновациялар, тармақлар болса  тез сатылатуғын қолланба ҳәм брендлер жарата алған жоқ.

Болған жағдайда да айырым ойлап табылыўлар, пайдалы моделлер санаат үлгилери бойынша мүрәжатлар илимий жумысты тезирек дизимнен өткерип алыў мақсетинде исленбекте.

Мәжилисте тараўға байланыслы нызамшылықты жетилистирип, интеллектуаллық мүлкти қорғаўды күшейтиў, ҳәр бир уйым ҳәм тармаққа илимий жетискенликлерди алып кириў мәселелери додаланды.

Әдиллик министрлиги ҳәм Интеллектуаллық мүлк агентлигине барлық уйымлар ҳәм аймақлар, жоқары оқыў орынлары, илимий-изертлеў мәкемелери менен кеңнен талқылап, тараўды раўажландырыўға қаратылған үш жыллық бағдарлама ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды. Интеллектуаллық мүлк жаратыўшыларын хошаметлеў, патент ийелерин сыйлықлаў сыяқлы жеңилликлер системасын енгизиў зәрүрлиги атап өтилди.

Елимизде жылына 4 мың 500 әтирапында интеллектуаллық мүлк объекти, атап айтқанда, 2 мыңнан аслам товар белгилери дизимнен өтеди. Мысал ушын, Наўайы кән-металлургия комбинаты соңғы он жылда 35 ойлап табыў  дизимнен өткерип, олардың 16 сынан 400 миллиард сумнан артық экономикалық нәтийже көрген. Бул қолланбаларды басқа мәмлекетлердиң алтын қазыў кәрханаларына сатыў бойынша сөйлесиўлер алып барылмақта.

Бирақ бундай ойлап табылыўлар сырт елде дизимнен өткерип келинбекте. Себеби елимизде қунды баҳалаў системасы әмелде ислемей атыр. Соның ақыбетинде көплеген қолланбалар коммерацияластырылмай қалып кетпекте.

Сонлықтан Пүткил жер жүзилик интеллектуаллық мүлк шөлкеминиң қәнигелери менен баҳалаўшылар таярлаў системасын жолға қойыў әҳмийетлилиги атап өтилди.

Келеси жылы биринши шеректе санаат мүлки патентлериниң платформасын жаратып, оған өндирислик тармақлардағы интеллектуаллық  мүлк объектлерин жайластырып барыў, ўәлаятлардағы кәрханалар ҳәм жоқары оқыў орынларының интеллектуаллық мүлк объектлери базасын жаратыў бойынша тапсырмалар берилди.

Өткен жылы 400 ге шамалас ойлап-табыў, 110 пайдалы модель, 170 санаат үлгиси, 36 селекция жетискенлиги дизимге алынған болса да, тек ғана 43 илимий қолланба коммерцияластырылған. Сонлықтан бундай илимий жетискенликлердиң «электрон ярмаркасы»н шөлкемлестириў зәрүрлиги атап өтилди.

– Патент ийлерин исбилерменлер менен байланыстырыў керек, – деди Президент.

Мәмлекетимиз басшысы жергиликли товар белгилерин халықаралық дизимнен өткериў мәселесине айрықша итибар қаратты.

Бүгинги күнде елимиз санаатының тек ғана 72 товар белгиси халықаралық дизимнен өткерилген. Бирақ бул жүдә аз. Тийкарында болса имканиятлар көп.

Мәселен, Чуст пышағы, Самарқанд наны, Марғулан адрасы, Шерабат әнары, Алтыарық ҳәм Паркент жүзими, Хорезм қаўыны, Сурхандәрья хурмасы сыяқлы белгили брендлерде аймақлық тийислилиги бойынша дизимнен өткерип, халықаралық базарда жедел үгит-нәсиятлаў мүмкин.

Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигине жергиликли брендлердиң халықаралық дизимнен өтиўин көбейтиў, олардың халықаралық базарға шығыўын қоллап-қуўатлаў бойынша оқыўлар шөлкемлестирилиўи белгиленди.

Исбилерменлердиң өнимлерин брендге айландырыў бағдарламасы ҳәм электрон майданшасын ислеп шығып, аймақларда брендлер ярмаркасын өткериў зәрүлиги атап өтилди.

– Дүнья базарына шығып атырған өнимлеримизде Өзбекстан ҳаўазы жаңлаўы керек, бренди болса ғана өнимлеримиз сыртқы базарларда беккем орын ийелей алады, – деп атап өтти Шавкат Мирзиёев.

Айырым исбилерменлер халықаралық брендлер менен бирдей атты дизимнен өткерип алғаны себепли сырт ел инвестициясының келиўине тосық болып атырғаны көрсетип өтилип, бундай жағдайларды тәртипке салыў бойынша көрсетпе берилди.

Және бир машқала – елимизде көркем өнер ҳәм әдебият шығармаларынан автордың келисимиз пайдаланыў, оннан дәрамат алыў жағдайлары кең тарқалған.

Мысал ушын, Өзбекстанда дизимнен өтип, айлық төлем өндиретуғын онлайн кинотеатрларда 30 мыңнан аслам кино, сериал, қосық, мультфильмлер жайластырылған болыўына қарамастан, буннан авторлар материаллық пайда көрмейди.

Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Интеллектуаллық мүлк агентлигине елимизде дизимге алынған кеўилашар сайтлар, радио ҳәм телеканалларды үйренип, авторлардың мәплерин тәмийинлеў ўазыйпасы қойылды.

– Интеллектуаллық мүлкти қорғаўды беккемлей алсақ, бул да үшинши Ренесансқа исенимли тийкар болады, – деди Президент.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша жуўапкер басшылар мәлимлеме берди.

 

ӨзА