Өзбекстан Республикасының ҒМДАға басшылық етиўи шеңберинде «Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослығы Аўқамы қатнасыўшы мәмлекетлердиң мәлимлеме тараўындағы бирге ислесиўи» атамасында министрликлераралық мәсләҳәтлесиў болып өтти. Бул ҳаққында елимиздиң Сыртқы ислер министрлиги баспасөз хызмети хабар берген.

Армения, Беларусь, Қазақстан, Россия, Тәжикстан, Өзбекстан сыртқы ислер министрликлери және Дослық Аўқамы Атқарыў комитети тийисли структуралық бөлимлериниң басшылары ҳәм ўәкиллери қатнасқан видеоконференцияда коронавирус пандемиясы шараятында ҒМДА шеңбериндеги илажларды жарытыў, санлы технологияларды енгизиў ҳәм усы тараўдағы имканиятлардан мәлимлеме тараўында жедел пайдаланыўға байланыслы әҳмийетли мәселелер додаланды.

Тәреплер миллий ҳәм сырт ел ҒХҚ ўәкиллери және мәлимлеме мәканындағы жаңа қатнасыўшылар менен ислесиўдиң заманагөй усыллары ҳаққында пикир алысты.

Мәсләҳәтлесиў конструктив ҳәм дослық орталығында болып өтти. Илаж жуўмағы бойынша тийисли Билдириўге қол қойылды.

 

ӨзА