Өзбекстан Республикасы Президентиниң

пәрманы

Мәмлекетимизде  билимлендириў системасын халықаралық стандартлар тийкарында раўажландырыў, тараўға байланыслы реформаларды табыслы әмелге асырыў, оқыў-тәрбия процесине алдынғы сырт ел тәжирийбелерин, инновациялық, педогогикалық ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў жумысларына қосқан мүнәсип үлеси, оқыўшыларға илим тийкарларын ҳәм заманагөй кәсип-өнерлерди үйретиў, олардың интеллектуаллық потенциалын жоқарылатыўдағы үлкен хызметлери, жоқары маманлықтағы кадрларды таярлаў, ҳәр тәреплеме саламат ҳәм бәркамал әўладты тәрбиялаў, жасларды ана Ўатанға муҳаббат, ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында тәрбиялаў жолындағы үлгили жумысы және жәмийетлик турмыста  белсенди қатнасы ушын төменлегилер ҳүрметли атақ, орден ҳәм медальлар менен сыйлықлансын:

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

«Өзбекстан Республикасына  хызмет көрсеткен жаслар устазы» ҳүрмет атағы менен

Узақбаева Роза Сарсеновна – Қарақалпақстан Республикасы 1-санлы Меҳрибанлық үйиниң муғаллими

«Меҳнат шуҳрати» ордени менен

Абдуллаева Зайнабжан Худайбергеновна – Елликқала районындағы 61-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң биология пәни муғаллими

«Дўстлик» ордени менен

Джуманова Рамиза Хайруллаевна – Нөкис қаласындағы Президент мектебиниң математика пәни муғаллими

Разақов Батырбай Турсынбаевич – Хожели районындағы 3-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң физика пәни муғаллими

Реймов Ахмед Мамбеткаримович – Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры

Уснатдинова Жумагүль Шараповна – Қарақалпақстан Республикасы мектепке шекемги билимлендириў министри

«Содиқ хизматлари учун» медалы менен

Абдижамилова Турғанбийке Сарсенбаевна – Қоңырат районы мектепке шекемги билимлендириў бөлиминиң баслығы

Янгибаев Бахадыр – Шоманай районының ҳәкими

«Шуҳрат» медалы менен

Сабурова Гөззал Қәдирбергеновна – Беруний районындағы 42- санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 5-А класс басшысы, тарийх пәни муғаллими

Сагиева Гүлайым Абатбаевна – Қанлықөл районындағы 21-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң рус тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими

Утеназарова Зияда Алланазаровна – Нөкис қаласындағы «Нөкис Зияда Нур» мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемесиниң директоры

Хожабаев Айбек Жумабаевич – Тақыятас районындағы 17-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң биология пәни муғаллими

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы

2020-жыл 30-сентябрь