Хабарыңыз бар, Өзбекстан Республикасы делегациясы Саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша Ҳүкиметлераралық комиссияның 7-мәжилисинде қатнасыў ушын Душанбе қаласына келди.

Сапар шеңберинде Өзбекстан Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети, Алмалық КМК АЖ ҳәм «Өзметкомбинат» акционерлик жәмийетиниң ўәкиллери Тәжикстанда жайласқан Шохқадамбулоқ темир-руда кәнине де барды.

Бул кән металл өнимлерин ислеп шығарыўда зәрүр болған көп жыллық темир рудасының резервине ийе екенлиги ҳәм қолайлы географиялық жайласыўы менен әҳмийетли екенлигин атап өтиў зәрүр.

Соң Өзбекстан-Тәжикстан бирге ислесиў қатнасықлары шеңбериндеги бизнес-форум даўамында «Өзметкомбинат» акционерлик жәмийетиниң ўәкиллери импортёр кәрханалар менен сөйлесиўлер ҳәм ушырасыўлар өткерди. Нәтийжеде баҳасы 17 миллион доллардан аслам экспорт шәртнамаларына қол қойылды.

Бул комбинаттың өнимлерине Тәжикстан базарында талап жетерлише бар екенлигин мағлыўмат орнында айтыў мүмкин. Экспорт көлеми  соңғы үш жылда 20 есеге артқаны да буның айқын дәлили болып есапланады. Ҳәзирге шекем комбинатта ислеп шығарылып атырған металл прокат өнимлеринен пайдаланған ҳалда Душанбе  қаласында көп қабатлы имаратлар бой тикледи. Және оннан аслам имарат-комплекслердиң қурылысы даўам етпекте.

Сондай-ақ, сөйлесиўлер даўамында, сырланған полат ыдыслар, шеге өнимлери ҳәм базальт плиталарын жеткерип бериў бойынша узақ мүддетли экспорт шәртнамалары ҳәм келисимлери дүзилди.

Әне усы мақсетте сапар даўамында комбинат ҳәм комбинаттың Тәжикстан Республикасындағы Саўда үйиниң ўәкиллери Душанбе базарларында өз өнимлериниң саўдасы бойынша маркетинг презентациясын өткерди. Нәтийжеде көплеген түрдеги өнимлердиң Тәжикстан базарындағы саўдасын  буннан былай да арттырыў мүмкин екенлиги анықланды.

photo_2020-09-29_17-57-52.jpg

 

ӨзА