Өзбекстан Республикасының Бас министри Абдулла Арипов Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон менен ушырасты.
Ҳүкиметимиз басшысы Тәжикстан Президентине қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң қызғын сәлемин ҳәм тилеклерин жеткерди.
Эмомали Раҳмон, өз гезегинде, Мәмлекетимиз басшысының атына өзиниң сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин билдирип, Жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыўда ҳүкиметлераралық комиссияның жумысы әҳмийетли орын тутып атырғанын атап өтти.
Еллеримиз арасындағы сиясий, саўда-экономикалық, транспорт-коммуникация, энергетика, аўыл ҳәм суў хожалығы және басқа да жетекши тараўлардағы бирге ислесиў жылдан-жылға раўажланып атырғаны атап өтилди.
Атап айтқанда, тек ғана Өзбекстан Республикасы менен Тәжикстан Республикасы арасындағы бирге ислесиўди жеделлестириўге қаратылған илажлар режесине муўапық, сентябрь айының өзинде Душанбе қаласында белгили илимпазлар, изертлеўшилер ҳәм жетекши экспертлердиң қатнасыўында илимий-әмелий әнжуман өткерилди. Сўғд ўәлаятының Спитамен районында Өзбекстан тәрепинен 630 оқыўшыға мөлшерленген улыўма орта билим бериў мектеби қурылып, пайдаланыўға тапсырылды.
Бир қатар тараўларды қамтып алған бул илажлар өз-ара байланысларды мазмуны жағынан және де байытқаны атап өтилди.
Ашық ҳәм шын кеўилден өткен сөйлесиў даўамында еллеримиздиң бирге ислесиўин раўажландырыў перспективалары бойынша пикир алысылды.
ӨзА