Усы мүнәсибет пенен шөлкемлестирилген илажда Өзбекстан Республикасының Бас министри Абдулла Арипов ҳәм Тәжикстан Республикасының Бас министри Қоҳир Расулзода, Тәжикстан Республикасы Мажлиси милли Мажлиси Олиниң баслығы, Душанбе қаласының мэри Рустам Эмомали қатнасты.
Ҳүкимет басшылары ҳәм мәмлекет Сенатының баслығы кәрхананың жумысы менен танысты.
Еки ел басшыларының басламасы менен Душанбе қаласында 60 миллион долларға қурылған «Artel Avesto Electronics» өзбек-тәжик қоспа кәрханасы заманагөй электр техника ислеп шығарыўға мөлшерленген.
Заманагөй технологиялар менен үскенеленген бул кәрхана ең соңғы халықаралық стандартларға жуўап береди.
Кәрханада дәслеп турмыслық пеьлесос ҳәм суў ысытқышлар ислеп шығарылып, келешекте телевизор ҳәм кир жуўыў машиналарын ислеп шығарыў өзлестириледи.
Бул кәрхананың иске қосылыўы Мәмлекетлеримиз басшылары тәрепинен еки тәреплеме қатнасықларды буннан былай да арттырыў бағдарында алып барылып атырған ҳәрекетлердиң әмелдеги көриниси екени сөзсиз.
ӨзА