Президент Шавкат Мирзиёев 28-сентябрь күни техникалық жақтан тәртипке салыў, стандартластырыў, сертификатлаў ҳәм метрология системасындағы реформалардың нәтийжелилигин додалаўға бағышланған мәжилис өткерди.
Өнимлердиң сапасын ҳәм бәсекиге шыдамлылығын арттырыў ушын миллий стандартларды дүнья талапларына бейимлестириў және кәрханаларға енгизиў оғада әҳмийетли болып есапланады. Соңғы жыллары елимизде стандартлардың 43 проценти халықаралық өлшемлер менен үйлестирилип, олардың саны 12 мыңға жеткерилди. Бундай жумыслардың нәтийжесинде экспорт имканиятлары кеңеймекте.
Мысалы ушын, 21 кәрханада тоқымашылық ҳәм трикотаж товарларына Европаның «OEKO-Tex» ҳәм «Sedex» стандартлары енгизилди. Атап айтқанда, Әндижандағы «Samo Textile» Европа базарларына 5 миллион долларлық өним менен шықты. Бухарадағы «Bukhara Cotton Textile» ЖШЖ да АҚШ, Германия, Уллы Британия ҳәм Түркияға 5 миллион долларлық экспорт етти.
Сондай-ақ, турмыслық техника, кабель, медицина буйымларын ислеп шығарыўшы кәрханаларда 17 түрдеги өнимниң қәўипсизлигин тастыйықлаўшы белгили «CE» маркировкасының енгизилгени нәтийжесинде Европаның 8 мәмлекетине экспорт басланды.
Бул бағдардағы жумыслар избе-из даўам еттирилмекте. Жыл ақырына шекем азық-аўқат, металлургия, жеңил санаат бойынша 14 лабораторияның модернизациясы жуўмақланады.
Мәжилисте усы ўақытқа шекем орынланған жумыслардың нәтийжелилиги талланып, гезектеги әҳмийетли мәселелер көрип шығылды.
Мәмлекетимиз басшысы «Өзстандарт» агентлигин миллий уйым статусына алып шығыў, кәрханаларда жаңа стандартларды мәнзилли енгизиў тийкарғы ўазыйпа екенин атап өтти.
-Миллий стандарттың «ҳаўазы жаңғырыўы»на ерисиўимиз керек,-деди Шавкат Мирзиёев.
Келеси жылдың ақырына шекем халықаралық стандартлар санын 14 мыңға, үйлесимлилик дәрежесин 50 процентке жеткериў ўазыйпасы белгиленди.
Жуўапкер министрликлер ҳәм ассоциацияларға тоқымашылық кәрханаларында «OEKO-Tex» өлшеми, электр техникасы тармағында «CE» маркировкасы және аўыл хожалығында «Global G.A.P.» ҳәм «Organic» системаларын қолланыўды кеңейтиў бойынша тапсырмалар берилди. Халықаралық стандартларды қолланып атырған кәрханаларға жәрдемлесип, оған кететуғын қәрежеттиң бир бөлегин Экспортты қоллап-қуўатлаў агентлиги тәрепинен қаплап бериў зәрүр екенлиги атап өтилди.
-Егер өним халықаралық сертификатқа ийе болмаса, ол ҳеш қашан бәсекиге шыдамлы бола алмайды. Мәмлекетте ҳәр бир исбилермен стандартты билиўи, танысыўы керек, сондай орталық жаратыў зәрүр,-деп атап өтти Президент.
«Өзстандарт» агентлигине автомобиль компонентлери, химия, азық-аўқат, қурылыс материаллары тармақларында халықаралық стандартларды енгизиў бойынша 2021-жылға мөлшерленген «жол карталары»н ислеп шығыў тапсырылды.
Дүньяда завод ҳәм фабрикалар өз өнимлерин базар талаплары тийкарында жетистирип барады. Сол тәжирийбеден келип шығып, ислеп шығарыўшылардың имканиятын шеклеп атырған өлшемлерди еркин түрге өткериў керек екенлиги атап өтилди.
5 мыңнан аслам ески стандартларды бийкарлаў, өнимлердиң қәўипсизлигин тәмийинлеў техникалық регламентлерин Европа ҳәм Евроазия экономикалық аўқамы талапларына бейимлестириў бойынша көрсетпелер берилди. Соның менен бирге, сапасыз импорт товарлар кирип келиўиниң алдын алыў мақсетинде қәўипсизлик талапларының саны ҳәм қамтылыўы арттырылады.
Мәжилисте Президент «Өзстандарт» агентлигиниң халықаралық стандартлаў ҳәм метрология шөлкемлериндеги қатнасын жеделлестириў зәрүрлигин атап өтти.
Бул агентликке Европа экономикалық комиссиясы техникалық комитети менен кептирилген мийўелер бойынша келисимге ерисиў, келеси жылы Халықаралық аккредитация форумына толық ағза болыў ўазыйпасы қойылды.
Тараўға байланыслы илим ҳәм билимлендириўди раўажландырыў мәселелерине де итибар қаратылды. Келеси жылдан Ташкент мәмлекетлик техника университети менен энергия нәтийжелилиги, Химия-технология институты менен аўыл хожалығы өнимлериниң генетикасы, Тоқымашылық институты менен синтетикалық талшықлар, Алдыңғы технологиялар орайы менен биргеликте биологиялық актив қосымшалар бағдарында илимий изертлеўлер алып барыў әҳмийетли екенлиги айтылды.
Сондай-ақ, Өзбекстан миллий метрология институтында қурылыс материаллары, суў үнемлеўши және мәлимлеме технологиялары бойынша кафедралар шөлкемлестирилетуғыны белгиленди. Инновациялық раўажланыў министрлиги илимий қолланбаларға грантлар ажыратады.
Мәжилисте «Өзстандарт» агентлиги тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм келешектеги режелер бойынша презентация өткерилди.
ӨзА