Өзбекстан-Қытай Ҳүкиметлераралық бирге ислесиў комитетиниң жәрдемши баслықлары-Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов ҳәм Қытай Коммунистлик партиясы Орайлық комитети сиясий бюросы ағзасы, ХКП ОК сиясий-ҳуқықый комиссиясының хаткери Го Шэнкунь арасында телефон арқалы сөйлесиў болып өтти.
Сөйлесиў алдында Өзбекстан ҳүкиметиниң басшысы Го Шэнкунды жақынласып киятырған миллий байрам-Қытай Халық Республикасы дүзилгениниң 71 жыллығы мүнәсибети менен қызғын қутлықлады ҳәм Өзбекстан-Қытай қатнасықларының жаңа пәтлер менен избе-из раўажланып, еки тәреплеме бирге ислесиўди және де беккемлеўге хызмет ететуғынына исеним билдирди және Қытай тәрепинен пандемия дәўиринде көрсетилген адамгершилик жәрдеми ушын шын жүректен миннетдаршылық билдирди.
Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қытай Халық Республикасының Баслығы Си Цзиньпин арасында қәлиплескен ҳақыйқый және тығыз дослық қатнасықлар бирге ислесиў байланысларын ҳәр тәреплеме беккемлеўде әҳмийетли фактор болып хызмет етип атырғаны атап өтилди.
Өзбекстан-Қытай Ҳүкиметлераралық бирге ислесиў комитетиниң жәрдемши баслықлары сөйлесиў даўамында саўда-экономикалық, инвестициялық, қаржы, энергетика, аўыл хожалығы, транспорт-коммуникация, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да әҳмийетли бағдарлардағы бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайын ҳәм перспективаларын ҳәр тәреплеме додалады.
Го Шэнкун бул мәселелерде Қытай тәрепи Өзбекстан менен бирге ислесиў байланысларын жаңа мазмун менен байытыўға таяр екенин билдирди. Санлы экономика, мәлимлеме коммуникациялары, медицина, агротехнологиялар сыяқлы тараўлардағы бирге ислесиўди жедел раўажландырыў бойынша пикир-усынысларын билдирди.
Сөйлесиў соңында тәреплер Өзбекстан-Қытай ҳүкиметлераралық бирге ислесиў комитетиниң Ташкент қаласында болып өтетуғын гезектеги 6-мәжилисине таярлық мәселелери келисип алынды.
Өзбекстан Республикасы Бас министриниң
Баспасөз хызмети
ӨзА