Өзбекстан илими аўыр жоғалтыўға ушырады. Философия, әдебият ҳәм педагогика илимлери бойынша белгили илимпаз, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының академиги Жуманазар Базарбаев быйыл 25- сентябрьде 87 жасында қайтыс болды.
Ж.Базарбаев 1933-жыл 13-ноябрьде Мойнақ районында туўылды. 1955-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогика институтын тамамлап, мийнет жолын усы дәргайда үлкен оқытыўшы сыпатында баслады. Кейин ала Ташкент мәмлекетлик университети (ҳәзирги Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университети) аспиратурасында оқыды. Дәслеп кандидатлық, соң докторлық диссертациясын қорғады. Илим тараўындағы көп жыллық хызметлери ушын 2000-жылы Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының академиги етип сайланды.
Қәбилетли илимпаз 60 жылдан аслам илимий-педагогикалық жумысы даўамында Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң Тарийх, тил ҳәм әдебият институты директорының илимий ислер бойынша орынбасары, бөлим баслығы, Нөкис мәмлекетлик университети (ҳәзирги Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети) философия кафедрасының баслығы, Қарақалпақстан Республикасы халық билимлендириў министри, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының ректоры, кафедра баслығы сыяқлы лаўазымларда жемисли мийнет етип, елимизде илим ҳәм биимлендириў тараўларын раўажландырыў және жоқары қәнигели илимий-педагог кадрлар таярлаўға мүнәсип үлес қосты.
Мийнеткеш илимпаздың философия тараўының әҳмийетли теориялық ҳәм әмелий мәселелерине бағышланған 500 ден аслам илимий мақалалары, 30 ға шамалас китап ҳәм монографиялары елимиз ҳәм сырт ел илимий жәмийетшилиги арасында жақсы белгили.
Үлкен шөлкемлестириўшилик потенциалына ийе болған Ж.Базарбаев 1990-1995-жыллары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты сыпатында нәтийжели жумыс ислеп, елимизде демократиялық мәмлекетлик ҳәм пуқаралық жәмийетин қурыў процесслеринде мүнәсип қатнасты.
Жанкүйер устаз сыпатында көплеген жасларға тәлим-тәрбия берген илим пидайысының тиккелей басшылығында онлаған илим кандидатлары ҳәм илим докторлары таярланды.
Академик Ж.Базарбаевтың елимиздиң илимин раўажландырыў бағдарындағы хызметлери мәмлекетимиз тәрепинен мүнәсип баҳаланды. Ол «Өзбекстан Республикасы илим ғайраткери» ҳүрметли атағы ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик сыйлығына миясар болған еди.
Белгили илимпаз, меҳрибан устаз, кишипейил инсан Жуманазар Базарбаевтың жарқын естелиги кеўиллеримизде мәңги сақланып қалады.
Ш.Мирзиёев, Т.Норбоева, Н.Исмоилов,
А.Арипов, Б.Йўлдошев, А.Давлетов.
ӨзА