Ҳүрметли Баслық Вўлкан Бозкир мырза!
Ҳүрметли Бас хаткер Антониу Гутерриш мырза!
Ҳүрметли делегациялардың басшылары!
Ханымлар ҳәм мырзалар!
Бас Ассамблеяның жетпис бесинши сессиясы Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң тарийхында биринши мәрте пүткиллей жаңа форматта – коронавирус пандемиясы себепли онлайн сөйлесиў режиминде болып өтпекте.
Бундай глобал кризис планетамызда соңғы жүз жылда бақланбаған еди. Бул апатшылық пүткил адамзаттың әззи тәреплерин айқын көрсетти, ҳәзирги қыйын жағдай жер жүзиндеги барлық мәмлекетлер ҳәм халықлар өз-ара байланыслы екенин, арамызда турақлы байланыс, исеним ҳәм тығыз бирге ислесиў оғада әҳмийетли екенлигин дәлилледи.
Усы жылы ҳәммемиз ҳүкиметлер, парламентлер ҳәм пуқаралық жәмийетлериниң өз-ара ҳәрекетлерин бирлестириў, улыўма жуўапкершилик принциплерин беккемлеў, халықаралық шерикликти муўапық ҳалда раўажландырыў, Жер жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң статусы ҳәм потенциалын арттырыў, ўәкилликлерин кеңейтиў зәрүр екенлигин терең аңладық.
Мақсетимиз – ҳәр бир инсанның тийкарғы ҳуқықлары менен еркинликлерин, денсаўлығын ҳәм абаданлығын тәмийинлейтуғын әдил глобал системаны биргеликте жаратыў болып есапланады.
Бул бағдарда биз Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң басшылығында Пандемиялар дәўиринде мәмлекетлердиң миннетлемелери ҳаққындағы халықаралық кодексти ислеп шығыўды усыныс етемиз. Бул ҳүжжетте ҳәр бир мәмлекеттиң өз пуқаралары ҳәм халықаралық шериклери алдындағы миннетлемелери көрсетилиўи зәрүр.
Ҳүрметли ханымлар ҳәм мырзалар!
Биз Өзбекстанда COVID-19 дизимге алынған дәслепки күнлерден баслап барлық ҳәрекет ҳәм ресурсларымызды усы қәўипли кеселликти жылаўлаў ҳәм ең тийкарғысы – адамлардың өмирин сақлап қалыўға қараттық.
Пандемияның унамсыз ақыбетлерин жумсартыў ушын социаллық қорғаныў ҳәм денсаўлықты сақлаў системалары кескин күшейтилмекте, халыққа, экономика тармақлары ҳәм бизнеске мәнзилли жәрдем көрсетилмекте. Усы мақсетте арнаўлы қорлар дүзилди.
Пурсаттан пайдаланып, сынақлы ўақытларда бизге бийғәрез жәрдем көрсеткен барлық дос ҳәм шериклеримизге терең миннетдаршылық билдиремен.
Биз халықаралық жәмийетшиликтиң пандемияға қарсы нәтийжели гүресиў бойынша барлық ҳәрекетлерин, соның ишинде, зәрүр дәри-дәрмақ және вакциналар ислеп шығыў ҳәм олардан кеңнен пайдаланыўға қаратылған басламаларын қоллап-қуўатлаймыз.
Сондай-ақ, Бас хаткер Антониу Гутерриш мырзаның бүгинги кризисли жағдайда азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўдиң әҳмийетли машқалаларына бағышланған саммитти өткериў бойынша усынысын мақуллаймыз.
Ҳүрметли Бас Ассамблея сессиясының қатнасыўшылары!
Буннан үш жыл бурын мен Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң жоқары минберинен Өзбекстанның түпкиликли реформаларды әмелге асырыў бойынша қарары исенимли екенин айтқан едим.
Жәмийетти сиясий, социаллық ҳәм экономикалық модернизациялаў бойынша кең көлемли илажларымыздың нәтийжесинде жаңа Өзбекстан қәлиплеспекте. Бүгинги күнде мәмлекетимиздеги демократиялық өзгерислер артқа қайтпайтуғын көриниске ийе болды.
Өткен жылы Парламентке өткерилген сайлаўлар халық ҳәм партиялардың белсендилиги, пуқаралық жәмийети институтларының роли, ғалаба хабар қуралларының тәсири артқанын көрсетти.
Биз ушын гендер теңлик сиясаты тийкарғы мәселеге айланды. Ҳаял-қызлардың мәмлекетлик басқарыўдағы орны барған сайын күшеймекте. Жаңа Парламентимизде ҳаял депутатлардың саны еки есеге көбейди.
Инсан ҳуқықлары тараўындағы жағдай да пүткиллей өзгерди. Мәжбүрий ҳәм балалардың мийнети толық сапластырылды. Инсан ҳуқықлары бойынша Миллий стратегия қабыл етилди.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң пуқаралығы болмаған инсанлардың санын азайтыўға қаратылған шақырығына жуўап ретинде усы жылдың өзинде 50 мың ўатанласымызға Өзбекстан пуқаралығы берилди.
Мәмлекетимизде диний еркинлик бағдарында да жағдай кескин жақсыланды. Миллетлераралық татыўлық ҳәм динлераралық кеңпейилликти және де беккемлеў биз ушын турақлы әҳмийетли ўазыйпа болып есапланады.
Судлардың шын мәнисиндеги еркинлигин ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеўге бағдарланған кең көлемли реформалар избе-из әмелге асырылмақта.
Коррупцияға қарсы гүресиў жаңа басқышқа көтерилди. Бул бағдарда әҳмийетли нызам ҳүжжетлери қабыл етилип, еркин структура – Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги шөлкемлестирилди.
Мәмлекетимизде экономикалық реформалар жедел даўам еттирилмекте. Биз биринши мәрте кәмбағаллықты қысқартыў ҳаққындағы қатаң қарарымызды ашық жәрияладық. Буған исбилерменликти раўажландырыў ҳәм қосымша жумыс орынларын жаратыў, инвестиция ҳәм бизнес орталығын жақсылаў және заманагөй инфраструктураны қурыў, адамларды кәсип-өнерлерге үйретиў ҳәм халыққа мәнзилли социаллық жәрдем көрсетиў арқалы ериспектемиз.
Мәмлекетимиз халқының ярымынан көбисин жаслар қурайды. Республикамызда ҳәр бир жигит-қыздың жәмийетте мүнәсип орын ийелеўи ҳәм өз потенциалын көрсетиўи ушын үлкен жумыслар әмелге асырылмақта. Өзбекстанда Жаслар парлементлери, Жаслар ислери агентлиги жумыс ислемекте.
Август айында Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң басшылығында жаслардың ҳуқықларына бағышланған Самарқанд халықаралық форумы табыслы өткерилди.
Пурсаттан пайдаланып, және бир мәрте Жаслар ҳуқықлары ҳаққындағы Бирлескен Миллетлер Шөлкеми конвенциясын қабыл етиў бойынша Өзбекстан басламасын қоллап-қуўатлаўға шақыраман.
Буннан тысқары, Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў ҳәм инсан ҳуқықларын тәмийинлеўде парламентлердиң ролин арттырыў ҳаққындағы Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының арнаўлы резолюциясын қабыл етиўди усыныс етемиз.
Ҳүрметли дослар!
Ҳәзирги ўақытта Орайлық Азия регионында түпкиликли өзгерислер жүз бермекте. Биз регион мәмлекетлери арасында жақсы қоңсышылық ҳәм өз-ара исеним, дослық және ҳүрмет орталығын жаратыўға еристик.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 72-сессиясында алға қойылған басламаға тийкарланып турақлы өткерилип атырған Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўлары улыўма жетискенлигимиз болды.
Соңғы төрт жылда Өзбекстанның қоңсы мәмлекетлер менен өз-ара саўда көлеми бес есеге шамалас өсти.
Мәмлекетлеримиз бул сынаўлы күнлерде бир-бирин жалғыз қалдырмай, өз-ара ийинлес болды.
Бүгин Орайлық Азия мәмлекетлериниң алдында әҳмийетли стратегиялық ўазыйпа турыпты. Ол да болса, регионымыздың глобал экономикалық, транспорт ҳәм транзит жолларына терең интеграциясын тәмийинлеў болып есапланады.
Усы мүнәсибет пенен Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң басшылығында Транспорт-коммуникация байланысларын раўажландырыў регионаллық орайын ашыўды усыныс етемиз.
Бүгинги күнде Орайлық Азияда қәўипсизликти тәмийинлеў тараўында да нәтийжели бирге ислесиў алып барылмақта. Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Глобал антитеррор стратегиясы табыслы әмелге асырылмақта.
Биз усы стратегия шеңбериндеги Регионаллық биргеликтеги режениң 10 жыллық нәтийжелери ҳәм келеси перспективаларына бағышланған халықаралық конференцияны өткериў тәрепдарымыз.
Бизге белгили, регионымыздың әййемги ҳәм бай мәдений мийрасы глобал әҳмийетке ийе. Биз 2021-жылда ЮНЕСКО менен биргеликте әййемги Хийўа қаласында «Орайлық Азия жәҳән цивилизациялары кесилиспесинде» деген темада халықаралық форумды өткериўге таярмыз.
Ҳүрметли сессия қатнасыўшылары!
Биз Аўғанстанды Орайлық Азияның ажыралмас бөлеги сыпатында қабыл етемиз. 2018-жылы март айында өткерилген Аўғанстан бойынша жоқары дәрежедеги Ташкент конференциясы аўған машқаласын шешиў ушын халықаралық жәмийетшилик ҳәрекетлерин мобилизациялаўда жаңа басқыш болды.
Биз быйылғы жылдың сентябрь айында Доха қаласында аўған сиясий күшлери арасында басланған тынышлық сөйлесиўлерин толық қоллап-қуўатлаймыз. Бул сөйлесиўлер жәбир көриўши аўған жеринде тынышлық ҳәм турақлылық орнататуғынына үмит етемиз.
Региондағы экономикалық интеграция процесслерине Аўғанстанды кеңнен тартыў мақсетинде «Сурхон-Пули Хумри» электр узатыў тармағын, Мозори Шарифтен Ҳинд океаны портларына шығатуғын темир жол қурылысы сыяқлы ири инфраструктура жойбарларын әмелге асырыўға киристик.
Бизиң пикиримизше, Аўғанстанда тынышлық ҳәм турақлылық орнатыў мәселелери Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң турақлы итибар орайында болып қалыўы зәрүр.
Тек биргеликте ҳәм тығыз бирге ислесиў арқалы биз аўған халқының ийгиликли арзыў-нийетлерин әмелге асырыўымыз мүмкин. Бул бағдарда «Турақсыз ҳәм бүлинген жағдайдан – тынышлық ҳәм дөретиўшиликке қарай» принципи тийкарында жумыс алып барыў әҳмийетли болып есапланады. Сонлықтан Бирлескен Миллетлер Шөлкеми жанында аўған халқының дәрт ҳәм тәшўишин тыңлайтуғын, турақлы жумыс ислейтуғын комитет шөлкемлестириў зәрүр. Бул комитеттиң тийкарғы ўазыйпасы Аўғанстанның экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўына жәрдем бериўден ибарат болыўы зәрүр.
Ҳүрметли мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары!
Дәўиримиздиң қыйын машқалаларынан және бири – глобал климат өзгерислери болып есапланады. Бүгинги күнде ҳәр бир мәмлекет бул процесстиң унамсыз тәсирин сезбекте. Тилекке қарсы, бундай өзгерислер Орайлық Азияның раўажланыўына да үлкен қәўип туўдырмақта.
Итибарыңызды және бир мәрте Арал теңизи қурыўының қәўипли ақыбетлерине қаратпақшыман. Аралбойы аймағы экологиялық апатшылық орайына айланды. Биз ҳәзирги жағдайды жақсылаў ушын бул жерде еки миллион гектар жаңа өсимлик атызларын ҳәм тоғайлар жаратыў, топырақтың қатламын қәлиплестириў бойынша үлкен жумысларды әмелге асырмақтамыз.
Мәмлекетимиз басламасы менен Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Аралбойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик тийкарында Траст фонды дүзилди. Бул фонд қыйын экологиялық аймақта жасап атырған халыққа әмелий жәрдем көрсетиў ушын халықаралық жәмийетшиликтиң таяныш платформасы болып хызмет ететуғынына үмит етемиз.
Биз Аралбойы регионын экологиялық инновация ҳәм технологиялар аймағы, деп жәриялаў ҳаққында Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының арнаўлы резолюциясын қабыл етиўди усыныс етемиз. Бул әҳмийетли ҳүжжеттиң тастыйықланған сәнесин болса Халықаралық экологиялық системаларды қорғаў ҳәм тиклеў күни сыпатында белгилеў мақсетке муўапық болады.
Ҳүрметли ханымлар ҳәм мырзалар!
Сөзимниң жуўмағында және бир пикирди атап өтиўди қәлер едим. Дүньяның түрли орынларында тынышсызлық сақланып атырғаны, қарама-қарсылық ҳәм жаўызлықлар артып баратырғаны, экологиялық апатшылықлар ҳәм басқа да заманагөй қәўип-қәтерлер кәмбағаллықтың глобал машқалаларын күшейтпекте.
Бул машқалалар әсирисе пандемия шараятында кескин көриниске ийе болмақта. Барған сайын тәшўишли көриниске ийе болып атырған кәмбағаллық пүткил дүнья жәмийетшилигин, бәршемизди тынышсызландырыўы зәрүр.
Усы мүнәсибет пенен кәмбағаллықты сапластырыў ҳәм оған қарсы гүресиўди Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының гезектеги сессиясының тийкарғы темаларының бири сыпатында белгилеў және бул мәселелерге бағышланған глобал саммитти өткериўди усыныс етемиз.
Қәдирли дослар!
Бәршемизге белгили, пандемиядан кейинги дүньяның социаллық–экономикалық орталығы пүткиллей басқаша көриниске ийе болады.
Биз қәўипсизлик ҳәм турақлы раўажланыў жолындағы улыўма қәўип-қәтерлерге қарсы жаңа көзқарас тийкарында ҳәм тығыз биргеликте ислесиўимиз зәрүр.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң муўапықластырыўшы халықаралық структура сыпатындағы орайлық орнын және де күшейтиў лазым.
Өзбекстан дүньяның барлық мәмлекетлери менен кең көлемли ҳәм өз-ара пайдалы шерикликти, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми ҳәм оның инситутлары менен әмелий қарым-қатнасты раўажландырыў ушын бәрқулла таяр.
Итибарыңыз ушын рахмет.