Өзбекстан Республикасы Президентиниң

пәрманы

Мәмлекетимизде мәлимлеме системасын жедел раўажландырыў, халыққа мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларынан кеңнен пайдаланыў, түрли мәлимлеме системаларында ҳәм аралықтан хызмет көрсетиўде шахсты идентификациялаўдың бирден-бир механизмин енгизиў, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылын»да әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламада белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын нәтийжели тәмийинлеў мақсетинде:

  1. 1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 26-декабрьдеги «Өзбекстан Республикасы пуқарасының сырт елге шығыў биометрикалық паспортын рәсмийлестириў ҳәм бериў системасын жаратыў және Өзбекстан Республикасы биометрикалық паспорт системасын модернизациялаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-4079-санлы қарары менен республиканың ҳәрекеттеги биометрикалық паспорт системасы инфраструктурасы негизинде Өзбекстан Республикасы пуқарасының 2011-жылдағы үлгидеги биометрикалық паспорты орнына 2021-жылдан баслап идентификация ID-карталарын рәсмийлестириў ҳәм бериў системасын енгизиў нәзерде тутылғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. 2. Кең жәмийетшиликтиң пикирлерин ҳәм алдынғы сырт ел тәжирийбелерин инабатқа алған ҳалда Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги ҳәм Инсан ҳуқықлары бойынша миллий орайының төмендеги усынысларына келисим берилсин:

идентификация ID-карталарын алыў ҳәм алмастырыў ушын Өзбекстан Республикасының пуқаралары, өз тилегине бола қәлеген ишки ислер уйымларының  миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў бөлимлерине, оларды алмастырыў ушын болса мәмлекетлик хызметлер орайына да мүрәжат етиўи ушын имканият жаратыў;

идентификация ID-карталарын алыў ушын Өзбекстан Республикасында турақлы жасайтуғын сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслар турақлы жасаў орны бойынша дизимге алынған мәнзилдеги ишки ислер уйымының миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў бөлимине, алмастырыў ушын  болса өзиниң тилегине бола қәлеген ишки ислер уйымларының миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў бөлимлерине мүрәжат етиўи ушын имканият жаратыў;

идентификация ID-картасының бланкасында ийесиниң миллети ҳаққындағы мағлыўматлар көрсетилмей ID-картаның чипине киргизилиўи;

пуқара өзиниң ID-картасын алыў ямаса алмастырыў бойынша өз ўақтында мүрәжат етпеген, жарамсыз ҳалға келтирген ямаса жойытып қойған жағдайда ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылмайтуғынлығы;

жаңа туўылған балаға идентификация ID-карталары мәжбүрий берилместен, оның туўылыўы ПҲАЖ уйымы тәрепинен дизимге алынып, туўылғанлық ҳаққындағы гүўалық берилгеннен соң ата-анасы, қәўендерлериниң қәлеўине бола рәмийлестирилетуғынлығы.

  1. 3. Сондай тәртип орнатылсын, оған бола:

идентификация ID-карталары белгиленген ҳүжжетлер қабыл етип алынғаннан соң 1 жумыс күни ишинде рәсмийлестирилип бериледи;

идентификация ID-картасын  рәсмийлестириў ушын мүрәжат басқалардың жәрдемине мүтәж қариялар ҳәм майыплығы болған шахслардан келип түскенде жуўапкер хызметкер тәрепинен 15 күн мүддетте бул шахслардың жасаў мәнзилине барған ҳалда идентификация ID-картасы рәмийлестириледи ҳәм көрсетилген  хызмет ушын қосымша төлем өндирилмейди.

  1. 4. Төмендегилер:

Өзбекстан Республикасы пуқарасының идентификация ID-картасы ҳаққындағы реже 1-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасында турақлы жасайтуғын сырт ел пуқарасы ҳәм пуқаралығы болмаған шахстың идентификация ID-картасы ҳаққындағы реже 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. 5. Өзбекстан Республикасы пуқаралары биометрикалық паспортлары және пуқаралығы болмаған шахс ҳәм сырт ел пуқараларының жасаў гүўалықларын идентификация ID-карталарына алмастырыў:

биринши басқышта 2021-жыл 1-январьдан 2022-жыл 31-декабрьге шекем қәлеўи  тийкарында  16 жасқа толғанда ҳәм нызамшылықта нәзерде тутылған басқа себеплерге бола;

екинши басқышта 2023-жыл  1 –январьдан 2030-жыл  31-декабрьге шекем мәжбүрий тәртипте әмелге асырылатуғынлығы.

Өзбекстан Республикасы пуқарасының  2011-жылғы үлгидеги биометрикалық паспорты  2031-жыл 1-январьдан баслап ҳақыйқый емес деп есапланатуғынлығы белгилеп қойылсын.

  1. 6. идентификация ID-картасын рәсмйиелстириў ушын Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы нызамында белгиленген муғдарда мәмлекетлик бажы өндирилетуғынлығы;

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2011-жыл 5-январьдағы ПП-4262-санлы Пәрманы менен тастыйықланған Өзбекстан Республикасында паспорт системасы ҳаққындағы Реже, әмелдеги Өзбекстан Республикасы пуқарасының  биометрикалық паспорты 2030-жыл 31-декабрьге шекем ҳақыйқый болып есапланатуғынлығы белгиленсин.

  1. 7. Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик персоналластырыў орайы, Әдиллик министрлиги ҳәм Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен бирге 2020-жыл 31-декабрьге шекем:

Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталында идентификация ID-картасын алыў ушын мүрәжат етиў, электрон гезекте турыў ҳәм онлайн төлеўди әмелге асырыў имканияты енгизилиўин;

идентификация ID-картасын алыў ушын мүрәжат етилгенде туўылғанлық ҳаққындағы гүўалық «Пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў уйымларының бирден-бир электрон архиви» мәлимлеме системасы арқалы алыныўын тәмийинлесин.

  1. 8. Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги:

а) 2020-жыл 31-декабрьге шекем:

Пуқаралар мәмлекетлик хызметлерин алыў бойынша мүрәжат еткенде ҳәм  уйымлараралық өз-ара электрон бирге ислесиўди шөлкемлестириўде  программалық платформалардан кеңнен пайдаланған ҳалда идентификация ID-картасынан пайдаланыў имканиятын әмелге асырыў ушын зәрүр болған имканиятларды енгизиў арқалы «Электрон ҳүкимет» системасын модернизацияласын;

мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте пуқаралар мәмлекетлик  уйымлар ҳәм шөлкемлерге мүрәжат еткенде идентификация ID-картасынан пайдаланыўды тәмийинлеў ушын зәрүр болған техникалық ҳәм технологиялық шараятлардың үйренилиўи және енгизилиўин шөлкемлестириўди   тәмийинлесин;

б) Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги, Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик персоналластырыў орайы, Әдиллик министрлиги менен биргеликте 2022-жыл 31-декабрьге шекем идентификация ID-картасынан пайдаланыўда халықаралық тәжирийбени үйренип, сол тийкарда «Электрон ҳүкимет» системасының мәмлекет ҳәм халық арасындағы өз-ара қатнасықлары бойынша қосымша электрон түрлерин ислеп шығып, жетилистириўди шөлкемлестирсин.

  1. 9. Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги, Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик персоналластырыў орайы, Әдиллик министрлиги және басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте:

бир ай мүддетте идентификация ID-карталарын Өзбекстан Республикасында енгизиўге байланыслы илажларды нәзерде тутатуғын Концепция ҳәм оны әмелге асырыў «Жол картасы» жойбарларын;

еки ай  мүддетте реже ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер  ҳәм қосымшалар ҳаққында усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. 13. Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Ишки ислер министрлиги ҳәм Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрилиги менен биргеликте ғалаба хабар қуралларында Пәрманда белгиленген илажлардың әмелге асырылыўын халық арасында кеңнен сәўлелениўин тәмийинлесин.
  2. 14. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери В.В.Махмудовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 22-сентябрь