Миллий баспасөз орайында Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги жуўапкерлериниң қатнасыўында өткен баспасөз әнжуманында усы мәселеге айрықша итибар қаратылды.

Быйылғы оқыў жылынан баслап елимизде жаңа профессионал билимлендириў системасы шөлкемлестирилди, – дейди министрликтиң бас басқарма баслығы Абдували Холиқов. – Оларда билим алыўшыларға да бир қатар жеңилликлер бериледи. Мысал ушын, техникумларда еки жыллық оқыўдан соң пәнлерди өзлестириўде айрықша табысларға ерискен питкериўшилер жоқары оқыў мәкемесинде оқыған кәсиби бойынша сәўбетлесиў тийкарында оқыўға қабыл етиледи.

Ҳәзирги күнде елимиздеги 201 колледж ҳәм  185 техникумға қабыллаў процеси даўам етпекте. Ҳүжжетлер усы жылдың 25 сентябрине шекем қабыл етиледи.

Өзбекстан жасларына жоқары мағлыўматлы болыў тилегин әмелге асырыўы ушын имканият жаратыў және оларға өз елинде сапалы билим алыўы ушын министрлик тәрепинен алып барылып атырған жумыслар избе-из даўам ететуғыны атап өтилди.

Қәнигелердың атап өтиўинше, сырт елдеги оғада жоқары болмаған дәрежели жоқары оқыў орынларына кирип, кейин оқыўды көшириўде машқалалар болғаннан гөре, абитуриентлер өз үстинде ислеп, билимин арттырғаны жақсырақ.

 

ӨзА