Өзбекстан Республикасы ҳәм Түркменстан сыртқы сиясий мәкемелери арасында мәсләҳәтлесиўдиң гезектеги раунды видеоконференция түринде болып өтти.
Делегацияларға елимиздиң сыртқы ислер министри Абдулазиз Комилов ҳәм Түркменстан Министрлер Кабинети баслығының орынбасары, Сыртқы ислер министри Рашид Мередов басшылық етти.
Сөйлесиў ўақтында сиясий, саўда-экономикалық, илимий-техникалық, суў хожалығы, транспорт-коммуникация, мәдений-гуманитарлық тараўлардағы еки тәреплеме бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы ҳәм байланыслардың раўажланыў перспективасы ҳәр тәреплеме додаланды.
Атап өтилгениндей, еки ел басшыларының күшли сиясий ерк-ықрары ҳәм қоллап-қуўатлаўы нәтийжесинде Өзбекстан-Түркменстан қатнасықлары сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилип, избе-из өсип барыўшы өзгешеликке ийе болған.
Сыртқы ислер министрлери бурын ерисилген жоқары дәрежедеги келисимлердиң орынланыўын таллады. Қоспа илажларды өткериў мүддети, атап айтқанда, Саўда-экономикалық, илимий-техникалық ҳәм мәдений бирге ислесиў бойынша Өзбекстан-Түркменстан ҳүкиметлераралық комиссиясы мәжилисиниң гезектеги раунды, Өзбекстан-Түркменстан исбилерменлер кеңесиниң биринши мәжилисин өткериў мүддети ҳаққындағы усыныслар көрип шығылды.
Транспорт, транспорт-коммуникациясы ҳәм транзит тараўындағы байланысларды кеңейтиўге қызығыўшылық билдирилди. Ҳәр еки тәреп «Өзбекстан-Түркменстан-Иран-Оман» халықаралық транспорт-коммуникация жолын қәлиплестириў бойынша Ашхабад келисимин тезирек әмелге асырыў тәрепдары екенин мәлим етти.
Сөйлесиў ўақтында көп тәреплеме структуралар шеңбериндеги өз-ара байланыслар, сондай-ақ, Аўғанстан машқаласына айрықша итибар берилип, халықаралық ҳәм регионаллық күн тәртибиниң айырым мәселелери де көрип шығылды.
Буннан тысқары, коронавирус тарқалыўына қарсы гүресиў ҳәм пандемияның еки тәреплеме бирге ислесиўге тәсирин азайтыў бойынша биргеликтеги ис-ҳәрекетлер ҳаққында пикир алысылды.
ӨзА