Өзбекстан Республикасы Бас министриниң аграр ҳәм азық-аўқат тараўларын раўажландырыў мәселелери бойынша орынбасары Ўктам Барноев 20-сентябрь күни аўыр кеселлик себепли қайтыс болған еди.

Президент Шавкат Мирзиёев 21-сентябр күни намаз болып атырған шаңараққа барды. Қуран оқылды.

Ўктам Барноев мийнет жолын өзи туўылып өскен Бухара ўәлаятында баслаған. Соң Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлигинде, Министрлер Кабинетинде жуўапкерли лаўазымларда ислеген.  2008-2010-жыллары Самарқанд, 2016-2020-жыллары Бухара ўәлаятының ҳәкими болған. Ол быйылғы жылдан баслап Бас министрдиң аграр ҳәм азық-аўқат тараўларын раўажландырыў мәселелери бойынша орынбасары сыпатында жумыс ислеп атырған еди.

Ўктам Барноевтың дерлик пүткил пүткил мийнет жолы аўыл ҳәм суў хожалығы менен байланыслы болды. Ол бул тараўдағы реформаларды әмелге асырыўда тийкарғы орынлаўшылардан бири еди. Бул жолда барлық билим, тәжирийбе ҳәм күшин жумсады. Аграр тармақты диверсификациялаў, базар механизмлерин ҳәм кооперация системасын енгизиў, жер ҳәм суў қатнасықларын жетилистириў, өнимдарлықты арттырып, азық-аўқат санаатын раўажландырыўға үлкен үлес қосты.

Мәмлекетимиз басшысы марҳумның анасы, зайыбы ҳәм перзентлерине кеўил билдирип, сабыр-тақат тиледи.

-Ўктамжон уллы мәртебели, мийнеткеш, пидайы, ўатансүйгиш, өрнек алыўға арзыйтуғын инсан еди,-деди Шавкат Мирзиёев. –Бас министр ўақытларымда да бирге иследик. Айтпасамда мени түсинетуғын еди. Бир инсанның тәрбияланып, сондай кадр болып жетисиўи аңсат емес. Әсиресе, соңғы ўақытлары қыйын тараўды берип, кеўлим тыншып, көп жумысларды баслаған едик. Бул апатшылық пүткил дүньяға келди. Қолымыздан келген барлық нәрсени иследик. Бирақ өлим ҳақ. Алланың ерк-ықрары екен. Бул ҳәммемизге мүсийбет. Жайы жәннетте болсын!

Президент марҳумның шаңарағы, перзентлери турақлы итибарда болатуғынын атап өтти.

Ўктам Барноевтың шаңарақ ағзалары мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирип, халқымызға абаданлық, саў-саламатлық тиледи.

ӨзА