Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 23-сентябрь күни Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясы жетпис бесинши юбилей сессиясының жоқары дәрежедеги улыўма сиясий сөйлесиўлеринде қатнасады.
Бас Ассамблеяның орайлық илажлары жер жүзинде жүзеге келген эпидемиологиялық жағдай мүнәсибети менен БМШ тарийхында биринши мәрте видеоәнжуман түринде болып өтеди.
Мәмлекетимиз басшысы сессияның жалпы бөлиминде сөзге шығып, халықаралық жәмийетшилик итибарына регионаллық ҳәм глобал әҳмийетке ийе әҳмийетли мәселелер бойынша өз көзқарасын билдиреди және Өзбекстанды сиясий, социаллық ҳәм экономикалық модернизациялаўдың тийкарғы бағдарларын белгилеп береди.
Додалаўлардың тийкарғы темасын есапқа алып, коронавирус пандемиясына қарсы биргеликте гүресиў ҳәм кеселлик тарқалыўының унамсыз ақыбетлерин жеңип өтиў мәселелерине тоқтап өтиледи.
Өзбекстан Республикасы Президенти регионда ҳәм глобал көлемде тынышлықты және турақлылықты беккемлеў, турақлы раўажланыў, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў, конструктивлик сөйлесиўди кеңейтиў, сондай-ақ, климат өзгериўи, азық-аўқат қәўипсизлиги машқаласы, кәмбағаллықты сапластырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери сыяқлы заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы қаратылған бир қатар әҳмийетли басламаларды алға қойыўы күтилмекте.
Мәмлекетимиз басшысы 2017-жыл сентябрь айында Нью-Йорк қаласында болып өткен БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясында шығып сөйлеўинде де бир қатар аҳмийетли пикир-усынысларын билдиргенлигин атап өтиў орынлы.
Оларды әмелге асырыў шеңберинде Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының мәсләҳәт ушырасыўлары турақлы өткерилмекте. Атап айтқанда, екинши сондай ушырасыў өткен жылы ноябрь айында Ташкент қаласында болып өтти.
2018-жыл март айында пайтахтымызда Аўғанстан бойынша жоқары дәрежедеги халықаралық конференция табыслы шөлкемлестирилди, оның жуўмағында аўғанлараралық тынышлық сөйлесиўлерин баслаў бойынша өзине тән «жол картасы»на айланған декларация қабыл етилген еди.
Сол жылдың декабрь айында болса БМШ Бас Ассамблеясының «Ағартыўшылық ҳәм диний кеңпейиллик» арнаўлы резолюциясы қабыл етилди.
Бүгинги күнде БМШтың Жаслар ҳуқықлары бойынша конвенциясының жойбарын таярлаў жумыслары алып барылмақта. Бул конвенцияның әҳмийетли екенлиги быйылғы август айында болып өткен «Жаслар 2020: глобал көлемдеги тилеклеслик, турақлы раўажланыў ҳәм инсан ҳуқықлары» Самарқанд форумының халықаралық қатнасыўшылары тәрепинен және бир мәрте атап өтилди.
Еки жыл алдын шөлкемлестирилген Аралбойы регионы ушын инсан қәўипсизлиги бойынша көп шериклик тийкарындағы Траст фонды әмелий жумыс ислемекте.
Өзбекстан Президенти тәрепинен алға қойылған барлық басламалар дүнья жәмийетшилиги тәрепинен кеңнен қоллап-қуўатланып, әмелиятқа енгизилип атырғанын атап өтиў зәрүр.
ӨзА