Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қ а р а р ы
Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға мөлшерленген Стратегиясының орынланыўын тәмийинлеў, Аўыл хожалығын раўажландырыў халықаралық қоры менен бирге ислесиўди кеңейтиў, сондай-ақ, өним ислеп шығарыўды диверсификациялаў ҳәм қосымша қун шынжырын жаратыўды кеңейтиў тийкарында аўыл халқының бәнтлигин ҳәм дәраматын арттырыў мақсетинде:
- 1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 20-ноябрьдеги «Аўыл хожалығын раўажландырыў халықаралық қорының қатнасыўында «Аўыл хожалығын диверсификациялаў ҳәм модернизациялаў» жойбарын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4021-санлы қарарына тийкарланып:
а) «Аўыл хожалығын диверсификациялаў ҳәм модернизациялаў» жойбары кейинги орынларда-Жойбар) шеңберинде 2020-жыл 4-августта Өзбекстан Республикасы ҳәм Аўыл хожалығын раўажландырыў халықаралық қоры арасында қосымша 46,2 миллион АҚШ доллары муғдарындағы кредит, сондай-ақ, 800 мың АҚШ доллары муғдарындағы грант қаржылары бойынша қарыз келисимине (кейинги орынларда-қарыз келисими) қол қойылғанлығы;
б) Жойбарды әмелге асырыў шеңберинде:
Аўыл хожалығын раўажландырыў халықаралық қорының кредити есабынан сатып алынатуғын товарлар (жумыслар, хызметлер) ҳәм транспорт қураллары бажыхана төлемлеринен (бажыхана рәсмийелестириўи ушын жыйымлардан тысқары), қосымша қун салығынан ҳәм жыйымлардан;
қатнасып атырған физикалық тәреплер-Өзбекстан Республикасы резидентлери емеслер дәраматларынан алынатуғын салықтан азат етилгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- 2. Қарыз келисимине муўапық Жойбар шеңберинде тартылатуғын қосымша қарыз қаржылары төмендегилерге жумсалатуғыны белгиленсин:
аўыл хожалығында диверсификациялаўды қаржыландырыў бойынша кредит ажыратыў ушын – 39,8 миллион АҚШ доллары. Бунда кластер ҳәм кооперациялар және оларға ағза болған исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаўға-30,3 миллион АҚШ доллары, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар ушын-5 миллион АҚШ доллары муғдарында, Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қорына 4,5 миллион АҚШ доллары муғдарында кредитлер ажыратылады;
ирригация системаларын модернизациялаў ушын – 3,1 миллион АҚШ доллары. Онда тоғай қоры жерлеринде тик кудық қазыў ҳәм насос орнатыў арқалы суў шығарыўға 2 миллион АҚШ доллары жумсалады;
аўыл хожалғында билим, инновация ҳәм агрохызметлер системасын раўажландырыў бойынша- 4,1 миллион АҚШ доллары.
- 3. Төмендегилер:
«Аўыл хожалығын диверсификациялаў ҳәм модернизациялаў» жойбары техникалық-экономикалық тийкарланыўының тийкарғы көрсеткишлери 1-қосымшаға муўапық;
«Аўыл хожалығын диверсификациялаў ҳәм модернизациялаў» жойбарына тартылатуғын қосымша қаржыландырыў шеңберинде Аўыл хожалығын раўажландырыў халықаралық қорының қарыз қаржыларын сөндириў, процент ҳәм комиссия төлемлерин әмелге асырыў болжаў кестеси 2-қосымшаға муўапық;
Аўыл хожалығын раўажландырыў халықаралық қорының «Аўыл хожалығын диверсификациялаў ҳәм модернизациялаў» жойбары шеңберинде қаржылардан пайдаланыў бойынша «Жол картасы» 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- 4. Аўыл хожалығы министрлиги Жойбардың өз ўақтында ҳәм толық әмелге асырылыўын және нәтийжелилигин тәмийинлейтуғыны;
Жойбарда қатнасыўшы коммерциялық банклерге кредит линиясын басқарыў, Аўыл хожалығын раўажландырыў халықаралық қоры қарызының өз ўақтынде өзлестирилиўин ҳәм мақсетли пайдаланылыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, субжойбарларды әмелге асырыў бойынша есап ҳәм мониторингти жүргизиў ўазыйпаларының жүкленетуғыны белгиленсин.
- 5. Аўыл хожалығын раўажландырыў халықаралық қорының 35 325 000 АҚШ доллары муғдарындағы қарыз қаржыларының қайтарылыўы толық түрде Жойбар шеңберинде коммерциялық банклерге қайта кредитленетуғын қаржылардың қайтарылыўы есабынан және қалған 10 875 000 АҚШ доллары муғдарындағы қарыз қаржыларының қайтарылыўы Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик бюджетинен әмелге асырылады.
- 6. Жойбар шеңберинде Аўыл хожалығын раўажландырыў халықаралық қорының қарыз қаржыларын қайта кредитлеў келисимлеринде субсидияр қарыздың процент ставкасы «Аўыл хожалығын диверсификациялаў ҳәм модернизациялаў» жойбары шеңберинде Аўыл хожалығын раўажландырыў халықаралық қорының қарыз қаржыларынан пайдаланыў тәртиби ҳаққындағы Режеге тийкарланып белгиленсин.
- 7. Аўыл хожалығы министрлигине бир ай мүддетте «Аўыл хожалығын диверсификациялаў ҳәм модернизациялаў» жойбарына тартылатуғын қосымша қаржыландырыў қаржылары шеңберинде Аўыл хожалығын раўажландырыў халықаралық қорының қарыз қаржыларынан пайдаланыў тәртиби ҳаққындағы Режеге өзгерислер киргизиў және Қаржы министрлиги ҳәм Орайлық банкке тастыйықлаў ушын киргизиў ўазыйпасы жүкленсин.
- 8. Қаржы министрине Жойбар шеңберинде Аўыл хожалығын раўажландырыў халықаралық қорының қарыз қаржылары бойынша қайта қаржыландырыў келисимлерине, сондай-ақ, зәрүрликке бола, оларға тийисли өзгерислерге қол қойыў ўәкиллиги берилсин.
- 9. Сыртқы ислер министрлиги Аўыл хожалығы министрлигиниң буйыртпалары бойынша Жойбарды әмелге асырыўда қатнасыўшы сырт ел қәнигелерине кириў визалары қысқа ўақыт ишинде рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин.
- 10. Ишки ислер министрлиги Аўыл хожалығы министрлигиниң буйыртпалары бойынша Жойбарды әмелге асырыўда қатнасыўшы сырт ел қәнигелерине көп мәртелик визалардың рәсмийлестирилиўин, берилиўин ҳәм мүддетиниң создырылыўын, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасында ўақтынша дизимге қойылыўы ҳәм мүддети создырылыўын қысқа ўақыт ишинде тәмийинлесин.
- 11. Есап палатасы Жойбар шеңбериндеги қаржылардың мақсетли ажыратылыўы ҳәм жумсалыўы үстинен турақлы қадағалаў орнатсын және ҳәр ярым жылда Өзбекстан Республикасы Президентиниң Администрациясына мәлимлеме киргизип барсын.
- 12. Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги Жойбар шеңберинде ажыратылған қаржылардың мақсетли жумсалыўы процесинде ашық-айдынлықты тәмийинлеў үстинен турақлы қадағалаў орнатсын.
- 13. Усы қарарда белгиленген илажлардың нәтийжели ҳәм өз ўақтында әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде:
а) аўыл хожалығы министри Ж. Ходжаев:
бир ҳәпте мүддетте жуўапкер орынлаўшылардың қатнасыўында мәжилис өткерип, олардың анық ўазыйпаларын белгилеп берсин;
еки ҳәпте мүддетте Әндижан, Наманган ҳәм Ферғана ўәлаятларының ҳәкимликлери менен биргеликте Жойбар шеңберинде қаржылардан пайдаланыў бойынша аймақлар кесиминде «Жол карта»ларын тастыйықласын;
Инвестициялар ҳәм Сыртқы саўда министрлиги (Вафаев), Қаржы министрлиги (Эргашев), Орайлық банк (Холхужаев) пенен биргеликте бир ай мүддетте Жойбарды әмелге асырыўға жуўапкер болған хызметкерлер ушын сырт ел консультантларын тартқан ҳалда еки күнлик семинар шөлкемлестирсин;
қаржыландырылған субжойбарлар ҳаққында, сондай-ақ, олардың сапалы әмелге асырылыўы үстинен мониторинг нәтийжелери бойынша ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша Министрлер Кабинетине мағлыўмат киргизип барсын;
б) Әндижан, Наманган ҳәм Ферғана ўәлаятларының ҳәкимликлери бир ай мүддетте Жойбар шеңберинде әмелге асырылатуғын илажлар бойынша интакерлердиң қатнасыўында презентациялар өткерсин;
в) аўыл хожалығы министри Ж.Ходжаев:
Аўыл хожалығы министрлиги жанында тараўдың маман жергиликли қәнигелеринен ибарат болған илимий техникалық кеңести қәлиплестирип, кеңес тәрепинен Жойбардың компонентлери шеңбериндеги техникалық тапсырмалардың әмелге асырылыўын, ҳүжжетлердиң көрип шығылыўы ҳәм дәслепки жуўмақ берилиўин;
аўыл хожалығында билим, инновациялар ҳәм агрохызметлер системасы шеңберинде илимий-изертлеў ҳәм инновациялық бағдарларға қаржыларды ажыратыўда тараўды раўажландырыўдың тийкарғы ўазыйпаларына муўапықлығына, экономикалық нәтийжелилигине ҳәм тийкарланғанына айрықша итибар қаратылыўын;
Жойбарды әмелге асырыўда аўыл хожалығына қәнигелескен жоқары билимлендириў мәкемелерин кеңнен тартып, әмелий семинар ҳәм оқыў курсларының шөлкемлестирилиўин;
Жойбар шеңберинде үнемленген қаржыларды қаржыландырыўдың тийкарғы бағдарларынан келип шығып, аўыл хожалығын раўажландырыў халықаралық қоры менен келискен ҳалда бөлистирилиўин тәмийинлесин.
Аўыл хожалығы министрине, зәрүр жағдайларда, усы қарардың 1- ҳәм 3-қосымшалары менен тастыйықланған Жойбардың техникалық-экономикалық тийкарланыўының тийкарғы көрсеткишлери және «Жол картасы»на өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳуқықы берилсин.
- 14. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 20-ноябрьдеги «Аўыл хожалығын раўажландырыў халықаралық қорының қатнасыўында «Аўыл хожалығын диверсификациялаў ҳәм модернизациялаў» жойбарын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4021-санлы қарарына 4-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
- 15. Аўыл хожалығы министрлиги еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- 16. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары Ж.А.Қўчқоровқа ҳәм Ў.И.Барноевқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2020-жыл 15-сентябрь