Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Япония Либерал-демократиялық партиясының жетекшиси Ёсихидэ Сугаға оның мәмлекет Бас министри етип сайланғаны мүнәсибети менен қутлықлаў жоллады.

Мәмлекетимиз басшысының хатында еки тәреплеме қатнасықларда жоқары дәрежеге ерисилгени атап өтилген және Өзбекстан-Япония стратегиялық шериклиги буннан былай да избе-из беккемленип баратуғынына исеним билдирилген.

 

ӨзА