Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 15-сентябрь күни Россия Федерациясы Ҳүкимети Баслығының орынбасары Алексей Оверчукты қабыллады.
Ушырасыў алдында мәмлекетимиз басшысы коронавирус инфекциясының глобал көлемде тарқалыўы менен байланыслы заманагөй қәўип-қәтерлерге қарамай еллеримиз арасындағы жедел қарым-қатнас даўам етип атырғанын ҳәм көп қырлы Өзбекстан-Россия бирге ислесиў жеделлиги сақлап қалынып атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Өз-ара товар алмасыў көрсеткишлериниң артып атырғаны бақланбақта, экономиканың ҳәр қыйлы тармақларында кооперация жойбарлары әмелге асырылып атыр, қоспа кәрханалардың саны көбейди.
Өзбекстан Президенти коронавирус пандемиясына қарсы гүресиўде тығыз ҳәм нәтийжели бирге ислесиўдиң жолға қойылғанын айрықша атап өтти.
Россия Ҳүкимети Баслығының орынбасары Алексей Оверчук ушырасыў өткериў имканияты ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирди және Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин ҳәм Ҳүкимети Баслығы Михаил Мишустинниң сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.
Ушырасыўда жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде бирге ислесиўди және де раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Экономикалық кооперация бойынша узақ мүддетли бағдарлама таярлаў, қоспа инвестициялық жойбарларды илгери сүриў, мәмлекетлеримиз аймақлары арасындағы әмелий байланысларды жеделлестириўге айрықша итибар қаратылды.
Өзбекстан-Россия стратегиялық шериклик қатнасықлары күн тәртибин жаңа мазмун менен байытыў мақсетинде бирге ислесиўдеги тийкарғы бағдарлама ҳәм жойбарларды жеделлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Сондай-ақ, елимиздиң Евроазия экономикалық аўқамы менен бирге ислесиўи ҳәм ҒМДА шеңбериндеги тығыз қарым-қатнасларды даўам еттириў мәселелери бойынша пикир алысылды.
ӨзА