Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Абдулазиз Комилов 11-сентябрь күни Москвада ҒМДА Атқарыў комитетиниң баслығы – Атқарыўшы хаткери Сергей Лебедев пенен ушырасып, Дослық аўқамы Мәмлекет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилисине таярлық мәселелерин додалады.
Сөйлесиў ўақтында Өзбекстанның 2020-жылы ҒМДАда басшылығы режесиниң орынланыўы бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысылды.
Коронавирус пандемиясына қарамай, Өзбекстан бурын режелестирилген илажлардың көпшилигин табыслы әмелге асырыўға ерискени атап өтилди.
Быйыл видеоконференция форматында ҒМДА устав уйымларының мәжилислери болып өтти. Атап айтқанда, 12-май күни Сыртқы ислер министрлериниң кеңеси, 29-май күни Ҳүкимет басшылары кеңеси ҳәм 30-июнь күни ҒМДА Экономикалық кеңеси, сондай-ақ, бир қатар тараўлық бирге ислесиў уйымларының ушырасыўлары өткерилди.
Ушырасыўда Өзбекстанның ҒМДАда басшылығының тийкарғы ўақыясы-усы жылы 16-октябрь күни болып өтетуғын Мәмлекет басшыларының саммитиине пухта таярлық көриў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Бул илаждың күн тәртибине ҒМДА жумысының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыўға қаратылған әҳмийетли мәселелердиң киргизилгени атап өтилди.
ӨзА