9-сентябрь – Тәжикстан Республикасы Ғәрезсизлиги күни
Ҳәр жылы 9-сентябрьде Тәжикстан халқы Ғәрезсизлик байрамын белгилейди. Усы жыл мәмлекет өз ғәррезсизлигиниң 29 жыллығын күтип алмақта. Халық мәденият ҳәм дем алыў бағларында, қыябанларда медициналық нықапларды тағып, жеке гигиенаға әмел еткен және социаллық аралықты сақлаған ҳалда халық сейиллерин өткермекте.
Тәжикстан Республикасы мәмлекетлик Ғәрезизлигиниң 29 жыллығы алдынан Президент Эмомали Раҳмон мәмлекет халқына қутлықлаў жоллады.
29 жыл алдын халқымыз мәмлекетлик Ғәрезсизлигин қолға киргизип, өз миллий мәмлекетшилигин қурыўға киристи. Ғәрезсизликтиң басланыўы ҳәм ғәрезсиз тәжик мәмлекетин қурыў жолындағы биринши жыллары Тәжикстан халқы тәрийхында оғада қурамалы дәўирге туўра келди. Сол жыллар даўамында ўатансүйиўши Тәжикстан халқының ерк-ықрары ҳәм күшине таянып, Тәжикстан пуқаралық қарама-қарсылық ақыбетлерин сапластырыўға ҳәм жас тәжик мәмлекетин жоғалтыўдан сақлап, миллетти болса бөлинип кетиўден қутқарып қалды.
Тынышлықтың орнатылыўы, сиясий турақлылықтың тәмийинлениўи ҳәм миллий бирликтиң беккемлениўи себепли конституциялық реформаны әмелге асырыў, барлық ҳәкимият тармақларының жумысы жетилистирилип, еки палаталы парламент шөлкемлестирилди. Бул болса, Тәжикстан сиясий ҳәм ҳүқықый атмосферасында жаңалық есапланады, – делинеди қутлықлаў сөзинде.
Президент Эмомали Раҳмонның басшылығында Тәжикстан ҳүкимети тәрепинен көрилген илажлар өткен дәўир ишинде миллий экономиканың раўажланыўын тәмийинлеп, жалпы ишки өнимниң реал өсиўин бес есеге көбейтиў имканиятының бергенлигин айрықша атап өтиў керек.
Ғәрезсизлик жылларында Тәжикстанда 1600 дан аслам санаат кәрханалары шөлкемлестирилди ҳәм оңланды. 2000 мегаваттан аслам жаңа энергетика қуўатлықлары, 2200 километр халықаралық автомобиль жоллары, 220 километр темир жоллар қурылып, пайдаланыўға тапсырылды. Тәжик халқының дөретиўшилиги нәтийжесинде Роғун ГЭСиниң еки агрегаты пайдаланыўға тапсырылды. Бүгинги күнге шекем онда 1,6 миллиард киловатт саат электр энергиясы ислеп шығарылды. Жаңа қуўатлықлар иске қосылыўы нәтийжесинде қыс мәўсиминде электр энергия жеткерип бериў шеклениўи сапластырылды.
Ғәрезсизлик дәўиринде Тәжикстанда халықтың дәраматы 125 есеге артты. Республикада кәмбағаллық дәрежеси 1999-жылдағы 83 проценттен 26,3 процентке шекем азайды. Орташа өмир көриў даўамлылығы 1991-жылдағы 70 жастан 75 жасқа жетти. Аналардың өлимшилиги 3,1 есе, нәрестелердиң өлимшилиги 3,5 есе азайды.
Усы күнлерде халқымыз миллий мақтаныш ҳәм ўатансүйўшилик сезимлерине толып, бизиң уллы миллий байрамымыз – мәмлекет Ғәрезсизилигиниң 30 жыллығын мүнәсип күтип алыў ушын пүткил мәмлекетимизди дөретиўшилик, қурылыс ҳәм пидәкерлик пенен жемисли мийнет майданына айландырды. Пурсаттан пайдаланып, Тәжикстанның кексе-жасына, мәмлекетимиздиң келешеги ҳәм миллетимиздиң абырай-мәртебесиның абаданлығы ушын мийнет етип атырған ҳәммеге шын кеўилден миннетдаршылық билдиремен, – делинеди Президент Эмомали Раҳмонның қутлықлаўында.
Жақында өз ғәрезсизилигиниң 29 жыллығын белгилеген өзбек халқы да тәжик халқының уллы байрамын өз қуўанышындай қабыл етти. Себеби мәнаўий дүньясы, әдебияты, қосығы, күнделикли турмыс тәризи бир-бирине усы дәрежеде жақын болған халықлар кем табылады.
Өзбеклер ҳәм тәжиклер ҳаққында сөз кетсе, «еки тилде сөйлесетуғын бир халық», деп бийкар айтылмайды. Бир дәрьядан суў ишип, қас-көздей, ет пенен тырнақтай жақын қоңсышылықта жасап атырған халықларымыздың беккем дослық қатнасықлары әсирлерге барып тутасады.
Бирақ туўысқан, қуда-қудағайшылық халықлардың арасына жасалма «дийўал» қойылған ўақытлар да болды. Өз-ара барыс-келис орынланбас әрманға айланды. Өзбекстан ҳәм Тәжикстан қатнасықлары түрли себеплердиң нәтийжесинде босасып кеткен еди.
Президентлер Шавкат Мирзиёев ҳәм Эмомали Раҳмонның жақын дослығы, сиясий ерк-ықрары ҳәм узақты гөзлеп жүретуғын ақылға урғас сиясаты себепли соңғы жылларда мәмлекетлеримиздиң көп қырлы бирге ислесиўи жаңа басқышқа көтерилди.
Әсиресе, Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң 2018-жыл 9-10-март күнлери Тәжикстанға мәмлекетлик сапары мәмлекетлеримиз мүнәсибетлерин мисли көрилмеген жаңа басқышқа алып шықты.
Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмонның сол жылы 17-18-август күнлери Өзбекстанға биринши мәрте мәмлекетлик сапары өз-ара бирге ислесиў раўажланыўында гезектеги үлкен тарийхый ўақыя болды.
Бундай тарийхый сапарлар, еки халықтың дослық ушырасыўы өзиниң әмелий нәтийжеси ҳәм жарқын нәтийжеси болған он миллионлаған халықты қуўандырды деп исеним менен айтыўға болады.
Дипломатиялық қатнасықлар орнатылған 1992-жылдан баслап еки мәмлекет арасында мәмлекетлераралық, ҳүкиметлераралық ҳәм уйымлараралық дәрежеде 150 ден аслам шәртнама ҳәм келисимлерге қол қойылған. Бул ҳүжжетлер бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарларын қамтып алды және сиясий, саўда-экономикалық ҳәм басқа да тараўларда биргеликтеги ҳәрекетлерди беккемлеў ушын тийкар болды.
1993-жыл 4-январьда қол қойылған Дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы шәртнама, 2000-жыл 15-июньдағы Мәңги дослық ҳаққындағы шәртнама қатнасықларымыздың тийкарғы принциплерин белгилеп берген болса, кейинги жылларда қол қойылған келисимлер еки халықтың беккем дослығын және де беккемледи.
Бул ҳүжжетлер бүгинги күнде турмысқа толық енгизилмекте, олардың нәтийжелери халықларымыздың турмысында айқын көзге тасланбақта. Мәмлекетлеримиз арасында ҳаўа ҳәм темир жол қатнаўлары тикленди, виза тәртиби бийкар етилди. Шегаралар ашылды, халық ҳәм транспорт қуралларының ҳәрекети ушын қолайлы имканиятлар жаратылды. бүгинги күнде Өзбекстанда тәжикстанлы студентлер, Тәжикстанда өзбекстанлы студентлер билим алмақта.
Ҳәзир пандемия даўам етип атырған болса да, мәмлекетлеримиздиң мүнәсибетлеринде адамды қуўандыратуғын, мақтаныш сезимин оятатуғын ўақыялар тоқтап қалған жоқ. Пандемия басланған биринши күнлерден баслап Өзбекстаннан жақын қоңсы мәмлекет Тәжикстанға гуманитарлық жүклери артылған поезд ҳәм самолётларда халқымыздың дослық сәлеми ҳәм жәрдеми менен бирге өзбекстанлы шыпакерлер де жетип барды.
Өз гезегинде, Тәжикстан Өзбекстанды пандемия дәўирине ең көп гуманитарлық жүклерди жиберген мәмлекетлер үшлигинен орын алғанын атап өтти. Бул жеке Президентимиздиң, халқымыздың Тәжикстан халқына жоқары ҳүрметиниң көриниси болып есапланады.
Усы жыл 1-май күни Сырдәрья ўәлаятындағы Сардоба суў сақлағышында жүз берген техноген апатшылық себепли мыңлаған халық турақ жайынан көширилди. Өзбек туўысқанлардың басына түскен апатшылықты көрип Тәжикстан басшысы Эмомали Раҳмонның тапсырмасына бола Сырдәрья ўәлаятына 51 вагон қурылыс материаллары жәрдем сыпатында жеткерип берилди.
Бул қайырлы қәдемлер, басламалар, бәринен бурын, халықларымыздың кеңпейиллиги ҳәм адамгершилигин, қыйын-қыстаў ўақытта бир-бирин қәдирлеўин, бирадарлық сезимин көрсетти.
Орайлық Азияда унамлы өзгерислердиң самалы еспекте. Әне, усы өзгерислердың епкининде регионымыз мәмлекетлери басшыларының сиясий ерк-ықрары, дослық мәсләҳәт ушырасыўлары, сөйлесиўлери халықларымыздың абаданлығына, мәмлекетлеримиздиң гүллеп-раўажланыўына хызмет етпекте.
ӨзА