Ташкент қаласында жаслар арасында қылышласыў спортының сабля бағдары бойынша жәҳән кубогиниң гезектеги басқышы болып өтти.
Бул жарыста Өзбекстан сайланды командасы командалық беллесиўлерде барлық қарсыласларын жеңип шығып, алтын медаль ийесине айланды.
Сайланды команданың бундай үлкен табысларды қолға киргизиўинде қарақалпақстанлы жас спортшылар да өзлериниң белсендилигин көрсетти. Атап айтқанда, ерлер арасында беллесиўлерде Исламбек Абдазов ҳәм Алпамыс Орақбаевлар, қызлар арасында Гүлистан Пердебаева, Аякөз Жумамуратова, Толқынай Бекбаулиевалар жеңиске өзлериниң мүнәсип үлесин қосты.
Сондай-ақ, жеккелик беллесиўлерде Исламбек Абдазов барлық қарсыласларын жеңип, биринши орынды ийелеўге миясар болды.
Ол финал беллесиўинде сайланды командамыздың және бир ағзасы Зуҳриддин Қодировты 15:14 есабында жеңиўге еристи.
Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, бул жарыста ерлер арасында Өзбекстан сайланды командасы биринши, Қазақстан екинши ҳәм Венгрия сайланды командасының өшинши орынды ийелеген болса, қызлар беллесиўинде биринши орынды Өзбекстан сайланды командасы, екинши орынды Болгария ҳәм үшинши орынды Румыния сайланды командаларына несип етти.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы