Бүгин 18-ноябрь –Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы қабыл етилген күн. Буннан 33 жыл алдын, яғный, 1991-жыл 18-ноябрьде «Өзбекстан Республикасы Мәмлектлик  байрағы ҳаққында»ғы нызам қабыл етилген.

Усы нызамда Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик суверенитетиниң символы екени ҳәм Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы халықаралық мүнәсибетлерде Өзбекстан Республикасының тымсалы екени белгилеп қойылған.

Ҳақыйқатында да, Өзбекстан Республикасы байрағы –Ўатан тымсалы. Оны көргенде, ҳәр бир ўатанласымыз қәлбинде қуўаныш, үмит ҳәм исеним оятады.

Әсиресе, елден бир қәдем алыс кеткен пуқараларымыз Ўатан байрағын  көргенде, жүреги ерксиз толқынланып кетеди. Арқасында асқар таўдай сүйенши –мәмлекетимиз бар екенлигин сезинеди.

Байрақтағы реңлер, көринислер өмир бағышлайтуғын, яғный онда тиришилик, тынышлық ҳәм жаңаланыўды сәўлелендириўши мазмун бирлескениги ушын да жүреклеримизге жүдә жақын.

Белгили болғанындай, 2023-жылы «Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам қабыл етилди.

Мәмлекетимиздиң дүнья аренасындағы абырайы барған сайын артып баратырғанлығы, әсиресе, мәденият, спорт ҳәм илим тараўында үлкен жетискенликлерге ерисилип, Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы дүнья бойлап бийикке көтерилип атырғанын инабатқа алып, нызам менен оннан пайдаланыў имканияты және де кеңейтилди.

Нызам менен Мәмлекетимиз байрағынан спорт жарысларында, ғалабалық дене- тәрбия ҳәм мәдений илажларда, рәсмий халықаралық илажларда, шаңарақлық байрамларда, сана сезимлерин белгилеўде, жәмийет ҳәм мәмлекет ғайраткерлери, әскерий хызметкерлердиң жерлеў мәресимлеринде ҳәм басқа жағдайларда ҳүрметти тәмийинлеген ҳалда пайдаланыў мүмкин екенлигин нәзерде тутатуғын нормалар енгизилди.

Байрақ көриниси түсирилген белгилерден пайдаланыўда да халыққа кең имканиятлар жаратылды. Соның ишинде, байрақтан жәмийетлик орынларда, имаратлар ҳәм басқа объектлерде, жасаў яки жумыс орынларында, транспорт қуралларының салонында, рәсмий халықаралық илажларда, әскерий яки басқа мәмлекет хызметинде болған шахслардың кийиминде ҳәм парықлаўшы белгилеринде, халықаралық спорт жарысларында ҳәм Өзбекстан чемпионатлары ушын спорт кийимин таярлаўда пайдаланыў мүмкин.

Буннан тысқары, байрақтан ҳәм оның көриниси түсирилген белгилерден әдеп-икрамлылық қағыйдалары ҳәм жәмийетте жүриў-турыў қағыйдаларына қарсы түрде оларды кемиситиў болып есапланатуғын басқаша түрде пайдаланыўға жол қойылмайтуғынлығы да нызамда көрсетилди.

Нызам мәмлекетлик байрағынан пайдаланыў имканиятын кеңейтиўге ҳәм халық, әсиресе жасларда ўатансүйиўшилик сезиминиң және де артатуғынына, ең әҳмийетлиси, халқымыздың байрақ пенен және де тығыз байланыста болыўына тийкар жаратты.

ӨзА