18-ноябрь – “Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы қабыл етилген күн” мүнәсибети менен орынларда байрам илажлары шөлкемлестирилмекте.

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы хызметкерлери тәрепинен Нөкис қаласындағы 31-санлы улыўма билим бериў мектебиниң “Жас бажыханашы” дөгереги ағзаларына ашық сабақ  өткерилди.

Мәмлекетлик белгилердиң, соның ишинде, мәмлекетлик байрақтың халқымыздың мақтанышын аңлатыўда тутқан орны үлкен екенлиги атап өтилди.



Оқыўшылар менен өткерилген ашық сәўбет көтериңки руўхда сораў-жуўаплар менен даўам етти. Оқыўшылардың билими викториналық ойынлар арқалы сынақтан өткерилип, ең күшлилери хошаметленип, оларға китаплар саўға етилди.

 Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги