Юбилей
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети рус тили ҳәм әдебияты кафедрасының үлкен оқытыўшысы, “ҚМУ Хабаршысы”ның жуўаплы редакторы Мадрейм Турсынмуратов быйыл өзиниң 80 жыллық торқалы тойын нышанламақта.
Ол 1944-жылдың 16-ноябринде ҳәзирги Нөкис районы “Узынкөл” елатында дүньяға келген. Түркмен тилиндеги баслаўыш классты Гөне Үргениште, орта мектепти 1961 жылы Хожелиде питкерген ҳәм еки жыл усы жерде колхозшы болып ислеген. 1963-1971-жылларда ҚМПИдиӊ рус тили ҳәм әдебияты факультетинде билим алған. 1973-1978 М.В.Ломоносов атындағы Москва мәмлекетлик университетиниӊ филология факультетинде дәслеп стажер-изертлеўши, соӊынан аспирантурада оқыған. Белгили әдебиятшылар В.А.Апухтина, И.М.Дубровиналар басшылығында “Ф.Абраамов, В. Шукшин, В.Распутин дөретиўшилигинде миллий рус халық характериниӊ сәўлелениўи” атамасындағы тема үстинде илимий-изертлеў жумысларын алып барды ҳәм бул тема бойынша бир неше мақалалар жәриялады.
М.Турсынмуратов республика ҳәм халықаралық көлемдеги бир қанша илимий – әмелий әнжуманларда мазмунлы баянатлары менен қатнасып келди. Олардан “Қарақалпақ фольклорын үйрениў тарийхынан ” (2010 ж. Қубла Корея), “И. Юсупов дөретиўшилигинде Шығыс ҳәм Батыс әдебий дәстүрлериниӊ сәўлелениўи” (2014 ж. Татарстан. Қазан қаласы.), “Қарақалпақ – татар әдебий байланыслары. Татар шайыры Р.Миннулинниӊ “Қарақалпақ әҳеӊлери” циклиниӊ ҳәм қарақалпақ шайыры И.Юсуповтыӊ қосықларыныӊ салыстырмалы анализи” (2018ж. Татарстан, Казан қаласы.) баянатлары дыққатқа ылайық.
Бүгин юбилей мүнәсибети менен ҳүрметли устаз ҳәм көркем әдебият билимданы менен қысқаша өмир жолы ҳәм тийкарынан илимий журнал туўралы сәўбетлестик. Соны сизлердиң дыққатыңызға усыныўды мақул көрдик.
Сораў: – Сизиңше Мадрейм Турсынмуратов өмирде ким болды?
– Адам өзин ким деп санаса да, ол шынлыққа туўра келе бермеўи мүмкин. Себеби адам өзи ҳаққында жоқары пикирде болыўы турған гәп. Соның ушын адам ҳаққында басқалардың айтқан пикири дурыслыққа сәйкес келеди. Егер усы көзқарастан қарайтуғын болсақ, мен биринши гезекте, әкемниң, шешемниң баласыман. Оны ҳешким бийкарлай алмайды. Қалған жағында мектеп оқыўшысыман. Орта мектепти жаман питкермедим. Гуманитар пәнлерден жақсы баҳа алып, муғаллимлердиң тилине илинип жүрдик. Буннан соң колхозда еки жыл колхозшы болып иследи. Колхозшы сыпатында да жаман атым шықпады. Жақсы иследим. Соң студентлик өмир басланды. Студентлик дәўирим сегиз жылға созылып кеткен. Ортада армияда үш жыллық хызметти өтедик. Жақсы солдат болдым. Студент сыпатында да жаман болмаған қусайман. Соннан болыўы керек, питкерген ўақтымда рус тили бойынша муғаллим сыпатында алып қалды. Бул 1971-жылы еди. Мине соннан берли кәсибим – муғаллимшилик, оқытыўшылық. Стажым да аз емес, 53 жыллық стаж бар ийнимде. Усы кәсип тийкарғы өмир жолымды, өзимниң ким екенимди билдирди. Мениң өзим де, өзлигим де – муғаллимшилик, оқытыўшылық. Енди буған косымша жасым 70тен өткенде редактор деген кәсиптиң жүгин мойынға илдирип алдық, бул, әлбетте, бурынғы кәсипке салыстырғанда пүткиллей басқаша кәсип жолы еди. Оны да меңгериўге туўра келди. Журналдың абырайының, көлеминиң ҳәм онда ислеп атырған қыз-келиншеклердиң ойының өсиўине алып келеди. Журналдың хызмети – бул да бизиң өмиримиздиң ажыралмас бөлегине айналды. Соған қарағанда, журнал да мениң өзим ҳәм өзимниң бир жағым.
– 2008-жылда ҚМУда илимий басылымның шыға баслаўы ҳәм тез арада илимниң көплеген тараўы бойынша Өзбекстан Республикасы Жоқары аттестация қурамындағы журналлар дизимине кириўи итибарға ылайық жаңалық болды. Солай болса да, 2014-жылдан баслап сизиң жуўаплы редактор лаўазымына кирисиўиңиз басылымның көлем ҳәм сапа жағынан өсиўине, турақлы шығып турыўының тәмийинлениўине унамлы тәсир етти. Журналдың көлеми бир неше есеге артты, илимниң 14 тараўы бойынша ЖАК дизимине кирди. Бул университетимизде илиминиң түрли бағдарларынан илимий кадрлардың өсип жетилисиўине белгили дәрежеде жағдай жаратты.
Усыларды есапқа алып, басылымның республикамыздағы илимий процесстеги орнына, әҳмийетине қандай баҳа берген болар едиңиз?
– Журналдың ашылыўынан баслап бир жағында болғаным ушын ҳәм соңынан жуўаплы редактор сыпатында ислеп атырғанлықтан, әлбетте, жүдә жоқары баҳалаўым тәбийий. Кемшиликлери болыўы мүмкин, оны басқалар сезетуғын болыўы керек. Деген менен, бул журнлдың 2008-жылдан баслап үзиликсиз шығып киятырғаны айтарлықтай унамлы жағдай есапланады.
Бурын институтта, кейин университетте турақлы шығып туратуғын илимий топламлардың, алъманахлардың, журналлардың тарийхы кеўилдегидей болмағаны мәлим. Мүмкин, 1950-жыллары шыққан илимий топламлардың бир-еки саны шығып тоқтап қалды. Оннан кейин де үзиликсиз шығатуғын илимий журналларды шығарыўдағы ҳәркетлер кеўилдегидей нәтийже бермеди. Мәселен, 1950-жыллардың басында «Учёные записки» деген атамада Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтында бир-еки саны шыққан. Оннан соң да илимий журналларды шығарыў талабында көп ҳәрекетлер болған.олардың ҳеш кайсысы кеўилдегидей нәтийже бермеген. Соның ушын ҚМУ да «Хабаршы» журналының 2008-жылдан шығып баслаўы ҳәр тәреплеме коллап-қуўатлаўға ылайык ис болды. Мине, сол ўақыядан баслап университетимиздиң профессор-оқытыўшылары, докторантлары өз жумысларын жәриялаўға мүмкиншилик алды. Бул жағдай илимий потенциалдың өсиўине тәсир еткени сөзсиз.
– Есиңизде болса, журнал шөлкемлестирилип атырғанда, жәмийетшиликте «заманға сай электрон баспа болыўы керек, қағазға бастырып, шығынға қалып отырамыз ба?» дегендей де сөзлер болған еди. Усы пикирге келисер ме едиңиз?
– Бул мениң я сизиң келисиўимизге байланыслы жағдай емес. Өйткени, дүньяда барлық басылымлар еки форматта да шығып атырғаны белгили, электрон ҳәм қағаз форматта. Булардың ҳәр қайсысы өзиниң артықмашлықлары ҳәм кемшиликлерине ийе. Соның ушын да адамзат булардың ҳеш биринен ўаз кеше алмайтуғын болыўы керек. Олардың ҳәр қайсысының орны, ҳәзирги экологлардың тили менен айтқанда, «нишасы» («текшеси») бар. Сол текшелер босап қалса, олардың орнын не нәрселер ийелейтуғыны өзине аян. Соның ушын да, мениң пикиримше, әлемде, тәбиятта ҳеш бир нәрсениң өз орны, текшеси бос қалмаўы керек. Сонлықтан да, әдебиятлардың барлығының еки вариантының да сақланғаны мақул. Еле бул еки вариант та өзиниң барлық мүмкиншиликлерин сарплап болған жоқ, деп ойлайман. Усыған байланыслы бир тамаша пикир еске түседи. Даўрығы әлемге жайылган, атақлы япон режиссеры Акира Курасованың мынандай бир сөзи бар. Оның айтыўынша, «ақ-қара» түсли кино (черно-белая) өзиниң бар мүмкиншилигин сарплап болған жоқ», – деп айтқан еди. «Дерсу Узала» реңли фильмин сүўретке алғаннан кейинги бир интервьюинде. Демек, еле ең әжайып ақ-қара реңли фильмлер де жаратылыўы мүмкин.
– Мадрейм аға, қымбатлы ўақтыңызды бөлип сәўбетлескениңиз ушын миннетдаршылық билдиремиз. Базыбир аға-апаларымыз сыяклы «Бас аўырады, балтыр сызлайды» деп жасыңыздың үлкейип атырғанлығын писент етпестен, жоқары оқыў орнында окытыўшылық ҳәм редакторлық етип, елеге шекем барыңызды ел-халыққа жумсайман, деген нийетиңизге қайыл қаламыз. Мың айдың жүзин көрип, еле де ел хызметинде ҳарып-талмағайсыз. Сизге беккем денсаўлық, күш-жигер тилеймиз.
Гүрриңлескен: Т.Машарипова,
Бердақ атындағы Қаракалпақ мәмлекетлик университетиниң журналистика кафедрасының профессоры.
Қарақалпақстан хабар агентлиги