Нөкис қаласында Германия раўажланыў банки ҳәм Бизнес ҳәм финанс консалтинг (BFC) GmbH қаржылай жәрдеминде “Заманагөй технологиялар тийкарында саяманлы терек ҳәм гүллерди жетистириў, бул бағдарда бизнести шөлкемлестириў” мәселелерине бағышланған еки күнлик семинар-тренинг болып өтти.

Илаж Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалық министрлиги, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети, Кәсиплик аўқамлары Федерациясы, Қарақалпақстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети, Өзбекстан “Аграр тараўы ҳаял-қызлары” ассоциациясы және оның Қарақалпақстан Республикасындағы аймақлық бөлимлери менен биргеликте шөлкемлестирилди.

Илажда Өзбекстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы О.Парпибоева, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары – Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы М.Ахмедова, Өзбекстан “Аграр тараўы ҳаял-қызлары” ассоциациясының баслығы А.Ахмеджановалар шығып сөйлеп, өткерилип атырған илаждың әҳмийетине кеңнен тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, соңғы жылларда саяманлы терек ҳәм гүллерге талаптың артып атырғаны елимиздиң турмыс абаданлығы артып баратырғанынан дерек береди. Ири қалалар менен бир қатарда шетки елатлы пунктлерде де абаданластырыў жумыслары әмелге асырылып, заманагөй имаратлардың көбейип атырғаны  себепли саяманлы терек ҳәм гүллерге талап күшеймекте.

Аўыл хожалығының ең дәраматлы тармақларының бири болған саяманлы терек ҳәм гүллердиң кең тарқалған ҳәм жергиликли түрлери, сортларынан басқа сырт еллерден алып келинип атырған түрлери ҳәр бир көшени абат етиўге хызмет етпекте.

Семинар-тренингте қәнигелер Нөкис қаласы, Нөкис, Хожели, Тақыятас ҳәм Қанлыкөл районларында жасаўшы исбилерменлер, жумыссыз ҳаял-қызлар ҳәм жасларға саяманлы терек ҳәм гуллерди жетистириў ҳәм бизнесин жолға қойыўға байланыслы мағлыўматлар берди.


Усы күнге шекем усы мазмундағы семинар-тренинглер Самарқанд, Бухара ҳәм Наманган ўәлаятларында өткерилип онда 80  ге шамалас адам қатнасқан.

Илаж қатнасыўшылары жақыннан тәжирийбе алмасты. Қатнасыўшыларға арнаўлы сертификатлар тапсырылды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги