Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев сырт еллер ҳәм ҳүкиметлер, абырайлы халықаралық шөлкемлер ҳәм финанс институтларының басшылары, белгили сиясий ҳәм жәмийетлик ғайраткерлерге елимиз ғәрезсизлигиниң 29 жыллығы мүнәсибети менен қутлықлаўлар жоллағаны ушын көп миллетли халқымыз атынан қызғын миннетдаршылық билдирди.
Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли жаңаланыўлар ҳәм социаллық-экономикалық реформаларға берилген жоқары баҳа ҳәм тилеклеслик, еки тәреплеме дослық ҳәм көп қырлы бирге ислесиў қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеўге қаратып атырған итибары, сондай-ақ, коронавирус инфекциясының тарқалыў ақыбетиниң жеңип өтиўдеги нәтийжели шериклик ушын сырт елли бирге ислесиўшилерге рахмет айтты.
Елимиз сырт еллер ҳәм халықаралық шөлкемлер менен узақ мүддетли байланысларды кеңейтиў, саўда, экономика, инвестициялар, инновациялар, транспорт, туризм, илим, медицина, билимлендириў, мәденият ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда қоспа жойбар ҳәм бағдарламаларды алға қойыў, көп тәреплеме структуралар шеңберинде глобал ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша конструктивлик пикирлесиўлерди даўам еттириў бойынша ашық ҳәм таяр екени атап өтилди.
Еслетип өтемиз, быйыл жүзден аслам сырт еллер ҳәм халықаралық шөлкемлердиң басшылары Өзбекстан Республикасының Ғәрезсизлиги күни мүнәсибети менен өз қутлықлаўлырын жоллаған, атап айтқанда:
Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери Антониу Гуттерриш;
Россия Федерациясының Президенти Владимир Путин;
Қытай Халық Республикасының Баслығы Си Цзиньпин;
Америка Қурама Шататларының Президенти Дональд Трамп;
Қазақстан Республикасының Биринши Президенти – Елбасы Нурсултан Назарбаев;
Қазақстан Республикасының Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев;
Түркменстан Президенти Гурбангулы Бердимуҳамедов;
Тәжикстан Республикасының Президенти Эмомали Раҳмон;
Қырғыз Республикасының Президенти Сооронбай Жээнбеков;
Аўғанстан Ислам Республикасының Президенти Ашраф Ғани;
Әзербайжан Республикасының Президенти Илҳом Алиев;
Армения Республикасының Президенти Армен Саркисян;
Армения Республикасының Бас министри Никол Пашинян;
Беларусь Республикасының Президенти Александр Лукашенко;
Грузия Президенти Саломе Зурабишвили;
Молдова Республикасының Президенти Игорь Додон;
Украина Президенти Владимир Зеленский;
Түркия Республикасының Президенти Режеп Таййип Эрдоған;
Корея Республикасының Президенти Мун Чже Ин;
Япония Императоры Нарухито;
Ҳиндстан Республикасының Президенти Рам Натх Ковинт;
Германия Федеративлик Республикасының Президенти Франк-Вальтер Штайнмайер;
Франция Республикасының Президенти Эммануэль Макрон;
Италия Республикасының Президенти Сержо Маттарелла;
Уллы Британия ҳәм Шығыс Ирландия Патшайымы Елизавета II;
Бельгиялылар Патшасы Филипп;
Испания Патшасы Фелипе VI;
Нидерландия Патшасы Виллем-Александр;
Швеция Патшасы Карл XVI Густав;
Австрия Республикасының Президенти Александр Ван дер Беллен;
Болгария Республикасының Президенти Румен Радеф;
Венгрия Президенти Янош Адер;
Греция Республикасының Президенти Катерина Сакелларопулу;
Латвия Республикасының Президенти Эгилс Левитс;
Польша Республикасының Президенти Анжей Дуда;
Румыния Президенти Клаус Вернер Йоханнис;
Сервия Республикасының Президенти Александр Вучич;
Славакия Республикасының Президенти Зузана Чапутова;
Финляндия Республикасының Президенти Саули Нийнистё;
Чехия Республикасының Президенти Милош Земан;
Швейцария Конфедерациясының Президенти Симонетта Соммаруга;
Эстония Республикасының Президенти Керсти Кальюлайд;
Рим-Католик ширкеўиниң басшысы Франциск;
Саудия Арабстаны Патшасы Салмон ибн Абдулазиз Ол Сауд;
Саудия Арабстаны Патшалығының мийрасхоры, Бас министр орынбасары, қорғаныў министри Муҳаммад ибн Салмон Ол Сауд;
Бирлескен Араб Әмирликлери Президенти Халифа бин Зоид Ол Наҳаён;
БАӘ Қураллы Күшлери Жоқары Бас сәркардасының орынбасары, Абу-Даби әмирлигиниң мийрасхоры Муҳаммад бин Зоид Ол Наҳаён;
БАӘ Вице-президенти, Бас министри, Дубай әмирлигиниң ҳәкими Муҳаммад бин Рошид Ол Мактум;
Египет Араб Республикасының Президенти Абдулфаттоҳ ас-Сиси;
Иран Ислам Республикасының Президенти Ҳасан Руҳоний;
Пакистан Ислам Республикасының Президенти Ориф Алвий;
Пакистан Ислам Республикасының Бас министри Имрон Хон;
Албания Халық Демократиялық Республикасының Президенти Абдулмажид Таббун;
Бангладеш Халық Республикасының Президенти Абдул Хамид;
Бангладеш Халық Республикасының Бас министри Шайх Ҳасина;
Шри-Ланка Демократиялық Социалистлик Республикасының Президенти Готабая Ражапакса;
Оман Султаны Ҳайсам бин Ториқ;
Баҳрейн Патшасы Ҳамад ибн Исо Ал Халифа;
Иордания Патшасы Абдалла II;
Кувейт Мәмлекетиниң мийрасхоры Наваф ал-Аҳмад ал-Жобир ас-Сабоҳ;
Израил Мәмлекетиниң Президенти Реувен Ривлин;
Палестина Мәмлекетиниң Президенти Маҳмуд Аббоз;
Австралия Аўқамының Генерал-губернаторы Дэвид Хёрли;
Индонезия Республикасының Президенти Жоко Видодо;
Малайзия Патшасы Султан Абдуллоҳ Риъятуддин Ал-Мустафо Биллоҳ;
Малайзия Бас министри Тан Сри Муҳиддин Яссин;
Сингапур Республикасының Президенти Халима Якуб;
Филиппин Республикасының Президенти Родриго Дутерте;
Бруней Доруссалом Мәмлекетиниң Султаны Ҳассанал Болкиях;
Лаос Халық-Демократиялық Республикасының Президенти Буннянг Ворачит;
Мьянма Аўқамы Республикасының Президенти Вин Мьин;
Непал Федеративлик Демократиялық Республикасының Президенти Бидхия Деви Бхандари;
Мальдив Республикасының Президенти Иброҳим Муҳаммад Солиҳ;
Куба Республикасының Президенти Мигель Диас-Канель Бермудес;
Никарагуа Республикасының Президенти Хосе Даниель Ортега Сааведра;
Ямайка Бас министри Эндрю Майкл Холнесс;
БМШ Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеминиң (ФАО) Бас директоры Цюй Дунъюй;
Жәҳән түристлик шөлкеминиң бас хаткери Зураб Пололикашвили;
Жәҳән бажыхана шөлкеминиң бас хаткери Кунио Микурия;
Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң бас хаткери Юсуф ал Усаймин;
Билимлендириў, илим ҳәм мәденият мәселелери бойынша Ислам Шөлкеминиң бас директоры Салим ал – Малик;
Түркий тиллес мәмлекетлер бирге ислесиў кеңесиниң бас хаткери Бағдад Амреев;
ҒМДА Атқарыў комитетиниң баслығы – Атқарыўшы хаткер Сергей Лебедев;
Аўыл хожалығын раўажландырыў халықаралық қорының президенти Жильбер Унгбор ҳәм басқалар