Өткен ҳәптеде Евроазия экономикалық аўқамына ағза мәмлекетлер ҳүкиметлери бас министрлериниң орынбасарлары дәрежесинде өткен Евраазия экономикалық экономикалық аўқамы комиссиясы кеңесиниң гезектеги мәжилисинде елимизге бул аўқамда бақлаўшы статусын бериў мәселеси көрип шығылды.
Россия, Қазақстан, Беларусь, Армения ҳәм Қырғызстан ўәкиллери бул мәселе бойынша жуўмақлаўшы қарар қабыл етиў мақсетинде оны ЕАЭАға ағза мәмлекетлердиң болажақ саммити күн тәртибине киргизди. Саммит жақын айларда Минскде болып өтиўи күтилмекте.
Май айында болып өткен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының жалпы мәжилисинде кеңнен додалаўдан соң елимиздиң ЕАЭА да бақлаўшы сыпатында қатнасыў усынысы қоллап-қуўатланған еди. Тийисли рәсмий талапнама Жоқары Евроазия экономикалық кеңесине жиберилди.
Бақлаўшы статусын алыў Өзбекстанға ЕАЭА шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслар және шөлкемниң барлық әҳмийетли қарарларынан хабардар болыў имканиятын береди. Бул Өзбекстанның ЕАЭАға ағза мәмлекетлер менен, бәринен бурын, саўда, инвестициялар, транспорт, миграция ҳәм басқа да тийкарғы бағдарлар бойынша өз-ара пайдалы бирге ислесиўин кеңейтиўге хызмет етеди.
Өткен жылы Өзбекстанның ЕАЭАға ағза мәмлекетлер менен товар айланысы 11 миллиард АҚШ долларынан асты, 2016-жылы бул көрсеткиш 6 миллиард АҚШ долларынан зыятлаў еди.
ӨзА